Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 13-июльдеги «Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың жәмийетлик белсендилигин буннан былай да арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-6260-санлы Пәрманына муўапық, сондай-ақ, елимизде ат спорты түрлерин және де раўажландырыў, жаңа әўлад шабандозларын таярлаў ҳәм тәрбиялаў, жаслар арасында ат спортын жедел үгит-нәсиятлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў мақсетинде:
- Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында ат спорты түрлерине қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери (Шабандозлар мектеплери) ҳәм олардың район (қала)лық секциялары шөлкемлестирилсин.
- Шабандозлар мектеплери Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-марттағы «Жылқышылық ҳәм ат спортын буннан былай да раўажландырыў және заманагөй бесгүрес ҳәм поло спорт түрин ғалаба ен жайдырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5024-санлы қарарына муўапық ат спортына қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеплери тийкарында шөлкемлестрилетуғыны;
Шабандозлар мектеплери Миллий гвардия системасына киретуғыны және өзиниң жумысын Министрлер Кабинетиниң 2010-жыл 23-сентябрьдеги 211-санлы қарары менен тастыйықланған Мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылатуғын спорт мектеплери ҳаққындағы режеге муўапық әмелге асыратуғын мектептен тысқары спорт-билимлендириў мәкемеси болып есапланатуғыны;
Шабандозлар мектеплериниң жумысы ат спорты (үшгүрес, тосықлардан секириў ҳәм атлы жүриў), заманагөй бесгүрес, поло және ылақ-көкмарға қәнигелестирилетуғыны;
Шабандозлар мектеплерине илимий-методикалық ҳәм шөлкемлестириўшилик жақтан жәрдемлесиў (оқыў қолланбалар, сабақлықлар, китаплар ҳәм басқа да илимий-методикалық әдебиятлар менен тәмийинлеў, оқыў сабақлары ҳәм көлемлерин белгилеў, мектеплер ушын нәсилли атларды таңлаў) Туризм ҳәм спорт министрлиги және тийислисинше Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясы, Өзбекстан поло федерациясы ҳәм Өзбекстан ылақ-көкмар федерациясы тәрепинен әмелге асырылатуғыны
Шабандозлар мектеплери өз жумысын 2022-жыл 1-марттан баслайтуғыны, сондай-ақ, мәмлекетлик буйыртпаға тийкарланып олар тәрепинен разрядлы ҳәм дәрежели спортшылар таярлаў системасының енгизилетуғыны;
Шабандозлар мектеплериниң район (қала)лық секциялары усы қарардың 8-бәнтинде көрсетилген тәртипте мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилетуғыны. Онда, бир район (қала)да бир неше секцияларды шөлкемлестириўге руқсат берилетуғыны;
Шабандозлар мектеплериниң жумысын (мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер, коммуналлық хызметлер, спорт атларына от-жем ҳәм дәри-дәрмақлар сатып алыў ҳәм басқа да қәрежетлер) қаржыландырыў дәреклери етип республикалық ҳәм жергиликли бюджет қаржылары, сондай-ақ, өз жумысының қәнигелиги бойынша төлемли хызметлер көрсетиўден түсетуғын қаржылар, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қайырқомлық қәўендерликлери, сондай-ақ, нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер болып есапланатуғыны белгиленсин.
Миллий гврадия (Р.Джураев) еки ҳәпте мүддетте:
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте жаңадан шөлкемлестирилип атырған Шабандозлар мектеплериниң анық жайласқан орнын белгилесин;
Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясы, Өзбекстан поло федерациясы және Өзбекстан ылақ-көкмар федерациясы менен биргеликте Шабандозлар мектеплери ҳәм олардың район (қала)лық секцияларының жумысына байланыслы минимал талаплар ҳәм үскенелеў нормаларын ислеп шықсын, тастыйықласын ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына жеткерсин.
- Төмендегилер Шабандозлар мектеплериниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
жас өспиримлер ҳәм жасларды ат спорты, заманагөй бесгүрес, поло ҳәм ылақ-көкмар менен турақлы шуғылланыўға тартыў, қәбилетли жасларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция), спорт резерви ҳәм жоқары шебер спортшылар таярлаў бойынша оқыў-шынығыў процесин шөлкемлестириў, сондай-ақ, бул спорт түрлери бойынша спорт таярлығы қәнигелери арасында кәсиплик тәжирийбени алмасыў;
халықаралық спорт майданында мәмлекеттиң атын мүнәсип қорғай алатуғын Өзбекстан сайланды командалары ушын оқыў-тәрбия процесин шөлкемлестириўдиң ең жаңа усылларын қолланған ҳалда спорт резервин ҳәм жоқары мағлыўматлы спортшылар таярлаў;
тәжирийбе алмасыў, спорт жарысларын шөлкемлестириў, илимий-методикалық тәмийинлеў мәселелери бойынша Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясы, Өзбекстан поло федерациясы ҳәм Өзбекстан ылақ-көкмар федерациясы менен бирге ислесиўди раўажландырыў;
жылқышылықта нәсилшилик жумысларын жетилистириў жолы менен қарабайыр ҳәм басқа да нәсилли ҳасыл туқымлы атлардың бас санын көбейтиў.
- Шабандозлар мектеплериниң үлгиде структурасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Шабандозлар мектеплерине Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери менен келисилген ҳалда Миллий гвардия сәркардасы тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан босатылатуғын директор басшылық ететуғыны;
жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер денетәрбия мағлыўматына ийе болмаған, денетәрбия ҳәм спорт қәнигеликлери бойынша колледжлерде ямаса жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған пуқараларға тренер-инструктор сыпатында тренерлик жумысы менен шуғылланыўға берилген руқсатнама тийкарында Шабандозлар мектеплери ҳәм олардың район (қала)лық секцияларында тренер ямаса тренер-оқытыўшы лаўазымларында ислеўге руқсат берилетуғыны;
2021-жыл 1-январьдан баслап Шабандозлар мектеплериниң уста-шабандоз, ат бағыўшысы, тағалаўшысы, атхана баслығы (бригадир), зоотехниги, ветеринар-шыпакери, фельдшер-ветеринарларының мийнетин Министрлер Кабинетиниң 2010-жыл 23-сентябрьдеги «Спорт мектеплериниң жумысын және спорт мектеплери тренерлери ҳәм қәнигелериниң мийнетин материаллық хошаметлеў системасын буннан былай да жетилистириў ҳаққында»ғы 211-санлы қарарында белгиленген шараятлар қолланылатуғыны. Онда, уста-шабандоз, ат бағыўшы, тағалаўшы, атхана баслығы (бригадир) – тренерге, ветеринар-шыпакер-шыпакерге, фельдшер-ветеринар, зоотехник-мийирибийкеге теңлестирилетуғыны;
2022-жыл 1-марттан баслап Шабандозлар мектеплери жумысының нәтийжелилиги бойынша рейтинг системасының енгизилетуғыны және оның нәтийжелерине қарай басшылар, инструктор, методистлер, тренерлер ҳәм басқа да хызметкерлер жергиликли бюджеттиң қосымша қаржылары есабынан ҳәр жылы базалық есаплаў муғдарының 10 есесине шекемги муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленетуғыны белгиленсин.
Онда, рейтинг көрсеткишлерин қәлиплестириўде Шабандозлар мектеплериниң жумысына мәмлекетлик буйыртпа тийкарында таярланған разрядлы ҳәм дәрежели спортшылар, республикалық ҳәм халықаралық жарысларда жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери болған спортшылар, олимпиада резервлери колледжлери және ат спорты бойынша Республикалық жоқары спорт шеберлиги мектебине қабыл етилген оқыўшылар саны да инабатқа алынады.
- Шабандозлар мектеплериниң структурасында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған, өзиниң қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын Иппотерапия орайлары шөлкемлестирилсин.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Иноятов):
Миллий гвардия, Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте неврологиялық, руўхый ҳәм басқа да кеселликлерди емлеў, физикалық ямаса рухый раўажланыўында нуқсаны болған балаларды (соның ишинде, қәнигелестирилген билимлендириў мәкемелеринде оқып атырған балаларды) иппотерапия усылы жәрдеминде медициналық-социаллық реабилитациялаў бойынша системалы илажларды қабыл етсин;
Миллий гвардия, Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы менен биргеликте бир ай мүддетте Иппотерапия орайлары тәрепинен халыққа хызмет көрсетиў тәртибин тастыйықласын. Онда, Иппотерапия орайларында «Темир дәптер»ге киргизилген шаңарақлардың перзентлерине бийпул хызмет көрсетиў нәзерде тутылсын.
- Әндижан, Бухара, Наманган, Сырдәрья, Ташкент ҳәм Ферғана ўәлаятларында Шабандозлар мектеплерин реконструкциялаў, қайта оңлаў ҳәм үскенелеў, Қарақалпақстан Республикасы, Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Самарқанд, Сурхандәрья, Хорезм ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында Шабандозлар мектеплерин қурыў ҳәм үскенелеў бойынша:
буйыртпашы етип – Миллий гвардия;
бас жойбарлаўшы етип – «ТошўйжойЛИТИ» АЖ белгиленсин;
бас жумысты бөлип алып ислеўши шөлкем белгиленген тәртипте таңлаў (тендер) саўдалары арқалы анықлансын.
Шабандозлар мектеплери, соның ишинде, төмендегилерден ибарат болатуғыны:
оқыў шынығыўларын ҳәм жарысларды өткериў ушын ашық ҳәм жабық түрдеги манеж (соның ишинде, жаўынгерлик манеж) атхана, от-жем базасын қәлиплестириў ушын жер майданы, суў сақланатуғын бочка, қоймахана, жоңышқа сақланатуғын орын, атлардың жүретуғын жери (шагалка);
тамашагөйлер ушын трибуна, тренерлер, медицина хызметкерлери, кийим алмастырыў ханалары, тренажёр залы, спорт қураллары, үскенелери, кийимлери ҳәм экипировкасын сақлаў ушын хана.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:
Миллий гвардия, Туризм ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте үш ҳәпте мүддетте усы бәнттиң талапларынан келип шығып Шабандозлар мектеплерин шөлкемлестириў ушын белгиленген тәртипте жер майданларын ажыратсын;
аймақлардағы ипподромларды Шабандозлар мектеплерине жарыс ҳәм турнирлерди шөлкемлестириў, сондай-ақ, оларда оқыў шынығыўларын өткериў ушын бириктириў ҳәм зәрүр шараятлар жаратыў илажларын көрсин.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Ж.Кучкаров) Миллий гвардия (Р.Джураев), Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абухакимов) менен биргеликте 2022-жылы социаллық ҳәм өндирис инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасын қәлиплестириўде ислеп шығылған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине тийкарланып Шабандозлар мектеплерин реконструкциялаў, қайта оңлаў ҳәм қурыў ушын орайласқан капитал қойылмалар лимитлериниң ажыратылыўын тәмийинлесин. Онда, Шабандозлар мектеплери 2022-жыл 1-мартқа шекем толық пайдаланыўға тапсырылатуғыны инабатқа алынсын.
Қурылыс министрлиги (Б.Закиров) Шабандозлар мектеплерин инновациялық технологияларға тийкарланған, қымбат болмаған энергия үнемлеўши ҳәм тез қурылатуғын жеңил конструкция ҳәм материаллардан қурыў бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин экспертизадан өткериўди тәмийинлесин ҳәм қурылыс-монтажлаў жумысларының сапалы орынланыўы үстинен турақлы мәмлекетлик архитектралық-қурылыс қадағалаўын орнатсын.
- Шабандозлар мектеплериниң район (қала)лық секцияларын шөлкемлестириў, төмендеги шәртлер ҳәм механизмлерди өз ишине алған ҳалда әмелге асырылатуғыны;
жеке меншик шерикке (инвесторға) жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары тәрепинен белгиленген тәртипте бийпул пайдаланыў ушын тийисли имарат ҳәм объектлер берилетуғыны;
жеке меншик шерикке (инвесторға) нызамшылықта белгиленген тәртипте аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер участкалары мүлк ҳуқықы ямаса узақ мүддетли ижара тийкарында электрон онлайн-аукцион арқалы реализацияланатуғыны. Онда, секцияларды инженерлик коммуникацияларына, соның ишинде, электр, газ ҳәм суў тәмийнаты тармақларына алып барыў ҳәм жалғаў район (қала)лар бюджетлериниң қосымша дәреклери есабынан тәмийинленетуғыны;
жеке меншик шерик (инвестор), Миллий гвардияның аймақлық басқармасы және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары арасында дүзилген келисимге тийкарланып қамтыўы ҳәм атлар санынан келип шыққан ҳалда жеке меншик шерик (инвестор)тиң қаржылары есабынан секция шөлкемлестирилетуғыны;
секция кеминде 10 жыл тараў бойынша жумысын жүргизетуғыны. Онда, усы мүддеттиң жуўмақланғаны бойынша секцияның әмелдеги жумыс бағдарын басқа тараўға қәнигелестириўге руқсат берилетуғыны белгилеп қойылсын.
Қашқадәрья, Сурхандәрья, Ташкент, Ферғана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-марттағы «Жылқышылық ҳәм ат спортын буннан былай да раўажландырыў және заманагөй бесгүрес ҳәм поло спорт түрин ғалаба ен жайдырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5024-санлы қарарына муўапық шөлкемлестирилип атырған ат спортын раўажландырыў, нәсилли ҳәм ҳасыл туқымлы атларды көбейтиў, сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт ел туристлериниң дем алыўын шөлкемлестириў ушын зәрүр инфраструктуралық объектлерден ибарат көп тармақлы спорт комплекслериниң усы бәнтте көрсетилген мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында 2022-жыл 1-мартқа шекем қурылыўы ҳәм пайдаланыўға тапсырылыўын тәмийинлесин.
- Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан жеке меншик шерикке (инвесторға) Шабандозлар мектеплериниң район (қала)лық секцияларын шөлкемлестириў ушын:
миллий валютада ажыратылған кредитлердиң 10 миллиард сумнан аспаған бөлеги бойынша кредит проценти ставкасының орайлық банк тийкарғы ставкасынан асатуғын, бирақ тийкарғы ставканың 1,5 есесинен көп болмаған бөлеги;
сырт ел валютасындағы кредитлердиң 10 миллиард сум эквивалентинен аспаған бөлеги бойынша процент қәрежетлериниң коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген процент ставкасының 30 процентине шекем, бирақ 3 процентлик пункттен көп болмаған бөлеги үш жыл даўамында компенсацияланады.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери:
Миллий гвардияның аймақлық басқармалары менен биргеликте бир ай мүддетте Шабандозлар мектеплери ҳәм олардың район (қала)лық секцияларының жумысын шөлкемлестириў бойынша режени тастыйықласын;
2022-жыл 1-февральға шекем жергиликли бюджет қаржылары есабынан Шабандозлар мектеплерин қарабайыр ҳәм басқа да нәсилли ҳасыл туқымлы атлар менен тәмийинлесин;
бир ай мүддетте Шабандозлар мектеплериниң район (қала)лық секцияларын шөлкемлестириў мақсетинде жеке меншик шериклер (инвесторлар)диң дизимин қәлиплестирсин ҳәм оларға бийпул пайдаланыў ушын тийисли имарат ҳәм объектлерди берсин;
Шабандозлар мектеплериниң жумысына тәжирийбели тренер ҳәм басқа да қәнигелерди тартыў илажларын көрсин;
жергиликли бюджет қаржылары есабынан Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясы, Өзбекстан поло федерациясы ҳәм Өзбекстан ылақ-көкмар федерациясының аймақлық бөлимлериниң басшылары менен ҳәр шеректе ушырасып, орынларда ат спортын және де раўажландырыў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша илажларды белгилесин.
Миллий гвардия, Туризм ҳәм спорт министрлиги Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясы, Өзбекстан поло федерациясы ҳәм Өзбекстан ылақ-көкмар федерациясы менен биргеликте Шабандозлар мектеплеринде сырт ел қәнигесиниң жумыс ислеўин тәмийинлесин.
- 2022-жылдан баслап ҳәр жылы Шабандозлар мектеплери ҳәм олардың район (қала)лық секцияларының оқыўшы-спортшыларын ҳәм тренерлерин хошаметлеў мақсетинде ат спорты, заманагөй бесгүрес, поло ҳәм ылақ-көкмар бойынша «Ең жақсы шабандоз», «Ең жақсы тренер» таңлаўларының шөлкемлестирилетуғыны;
«Ең жақсы шабандоз», «Ең жақсы тренер» таңлаўларының жеңимпазлары ҳәм сыйлы орын ийелери жергиликли бюджеттиң қосымша қаржылары есабынан базалық есаплаў муғдарының 10 есесинен 30 есесине шекемги муғдарда бир мәртелик ақшалай сыйлық пенен хошаметленетуғыны белгилеп қойылсын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Миллий гвардия, Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясы, Өзбекстан поло федерациясы және Өзбекстан ылақ-көкмар федерациясы менен биргеликте «Ең жақсы шабандоз», «Ең жақсы тренер» таңлаўларын ҳәр жылы жоқары дәрежеде шөлкемлестирсин, туристлерди тартсын ҳәм ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытсын.
- 2021-жылдан баслап ҳәр жылы сентябрь айында Қашқадәрья ўәлаятында жылқышылық бағдарындағы нәсилшилик хожалықларындағы селекция жумысларының нәтийжелерин баҳалаў, сондай-ақ, Шабандозлар мектеплериниң материаллық-техникалық базасын және де жақсылаў мақсетинде нәсилли ҳәм спорт атларын таңлаў бойынша «Өзбекстан атлары» деп аталған көргизбе шөлкемлестирсин.
Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги (З.Мирзаев) Туризм ҳәм спорт министрлиги, Миллий гвардия, Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясы, Өзбекстан поло федерациясы және Өзбекстан ылақ-көкмар федерациясы менен биргеликте «Өзбекстан атлары» деп аталған көргизбени жоқары дәрежеде шөлкемлестириў, жергиликли ҳәм сырт ел туристлериниң ағымын көбейтиў илажларын көрсин.
- Шабандозлар мектеплери ҳәм олардың район (қала)лық секцияларының зәрүрликлери ушын алып келинетуғын, республикамызда ислеп шығарылмайтуғын инвентарьлар, спорт атлары, нәсилли өнимлер (материаллар), от-жемлер, ветеренариялық дәри қураллары ҳәм азықлық қосымшалар, витаминлер, үскенелер ҳәм материаллар белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимге муўапық бажыхана бажысынан азат етилсин.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-марттағы «Жылқышылық ҳәм ат спортын буннан былай да раўажландырыў және заманагөй бесгүрес ҳәм поло спорт түрин ғалаба ен жайдарыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5024-санлы қарары 14-бәнти «е» киши бәнтиниң екинши абзацында нәзерде тутылған қағыйда Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясы, Өзбекстан поло федерациясы ҳәм Өзбекстан ылақ-көкмар федерациясына қолланылсын.
- Миллий гвардия (Р.Джураев) Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.Ходжаев) ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги (Д.Хидоятов) менен биргеликте еки ай мүддетте Ташкент ўәлаяты Жоқары Шыршық районы аймағында жайласқан Миллий гвардия 65921 әскерий бөлиминиң жәрдемши хожалығына тийисли жер майданы аймағынан миллий ат спорты жарыслары ҳәм ойынларын өткериў, жасларды миллий ат спортына үйретиў мақсетинде халықаралық стандартларға сәйкес келетуғын (220×80м) жер майданы белгиленген тәртипте ажыратылыўын тәмийинлесин, зәрүр жағдайларда усы ўазыйпаны әмелге асырыў ушын тийисли нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- Шабандозлар мектеплериниң жумысын шөлкемлестириўге байланыслы қосымша илажлар бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, «Жол картасы»нда белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы ушын жеке жуўапкер болып есапланады.
- Қаржы министрлиги (Т.Ишметов) Шабандозлар мектеплериниң жумысын қаржыландырыў, олар ушын сийрек ушырасатуғын ҳасыл туқымлы спорт атларын сатып алыўға байланыслы қәрежетлерди 2022-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-марттағы «жылқышылық ҳәм ат спортын буннан былай да раўажландырыў және заманагөй бесгүрес ҳәм поло спорт түрин ғалаба ен жайдарыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5024-санлы қарарына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип Миллий гвардия сәркардасы Р.М.Джураев, туризм ҳәм спорт министриниң орынбасары А.Қ.Каримов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша ҳәр жылы 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 5-август