Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 11-марттағы «Жылқышылық ҳәм ат спортын буннан былай да раўажландырыў және заманагөй бесгүрес ҳәм поло спорт түрин оптималластырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-5024-санлы қарарына муўапық, бул спорт түрлери раўажланыўының тығыз ҳәм узақ мүддетли перспективаларын белгилеў ҳәм оптималластырыў, олар бойынша миллий сайланды командамыздың Олимпиада ҳәм Паралимпия, Азия ҳәм Параазия ойынларында, жәҳән чемпионатларында ҳәм басқа да ири жарысларда қатнасыўын ҳәм жоқары нәтийжелерге ерисилиўин тәмийинлеў мақсетинде:

1.Төмендегилер:

Өзбекстанда жылқышылық, ат спорты, заманагөй бесгүрес ҳәм полоны 2025-жылға шекем раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасы (кейинги орынларда – Мәмлекетлик бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстанда жылқышылық, ат спорты, заманагөй бесгүрес ҳәм полоны 2025-жылға шекем раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасын 2021-жылда әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық;

Өзбекстанда жылқышылық, ат спорты, заманагөй бесгүрес ҳәм полоны 2025-жылға шекем раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасының мақсетли көрсеткишлери (индикаторлары) (кейинги орынларда – Мақсетли көрсеткишлер) 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Мәмлекетлик бағдарлама ерисилген нәтийжелер, Мақсетли көрсеткишлер және жылқышылық ҳәм  ат спорты, заманагөй бесгүрес ҳәм полоны оптималластырыў бойынша тийисли дәўирге мөлшерленген тийкарғы бағдарлардан келип шыққан ҳалда Министрлер Кабинетиниң қарары менен ҳәр жылы өз алдына тастыйықланатуғын «жол карталары» тийкарында басқышпа-басқыш әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов) Миллий гвардия, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясы, Өзбекстан поло федерациясы менен биргеликте 2021-жыл 1-декабрьге шекем Мәмлекетлик бағдарламаны 2022-жылда әмелге асырыў бойынша «Жол картасы»н Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясы, Өзбекстан поло федерациясының 2021-2025-жыллар даўамында:

67 балалар-жас өспиримлер спорт мектебинде ат спорты түрлери, соның ишинде, заманагөй бесгүрес бойынша 52, поло бойынша 15 бөлим шөлкемлестириў;

ҳәр бир олимпиада резервлери колледжинде ат спорты ҳәм заманагөй бесгүрес бөлимлерин шөлкемлестириў;

нәсилли атларды көбейтиў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда 170 жылқышылық хожалықларын шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

Бас министрдиң орынбасары- туризм ҳәм спорт министри А.Абдухакимов Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясы ҳәм Өзбекстан поло федерациясы менен биргеликте:

2021-2022-оқыў жылы басланғанына шекем балалар-жас өспиримлер спорт мектеплеринде ат спорты түрлери бойынша 8 бөлим, 3 олимпиада резервлери колледжинде ат спорты бөлимлериниң ашылыўын тәмийинлесин;

2021-жыл 1-сентябрьге шекем балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери ҳәм олимпиада резервлери колледжлериниң ат спорты түрлери бойынша бөлимлерин халықаралық талапларға жуўап беретуғын спорт буйымлары, үскенелери, кийимлери ҳәм экипировкасы және басқа да зәрүр қураллар менен тәмийинлесин ҳәм бул мақсетлерге Туризм ҳәм спорт министрлигине және оның системасындағы спорт-билимлендириў мәкемелерине бюджеттен 2021-жыл ушын ажыратылған қаржылардың үнемленген бөлегинен зәрүр қаржылар, сондай-ақ, қәўендерлик қаржыларын қаратсын.

Бас министрдиң орынбасары Ш.Ғаниев Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте жылқышылық хожалықларын шөлкемлестириў режесин, олардың анық жайласқан орны, атамасы ҳәм дизимин тастыйықласын.

  1. а) 2021-2022-оқыў жылынан баслап ат спорты бойынша Республикалық жоқары спорт шеберлиги мектебиниң шебер-шабандозы, ат бағыўшысы, тағалаўшысы, атхана баслығы (бригадир), зоотехниги, ветеринар-шыпакери, фельдшер-ветеринарларының мийнетин хошаметлеўге Министрлер Кабинетиниң 2010-жыл 23-сентябрьдеги «Спорт мектеплериниң жумысын және спорт мектеплериниң тренерлери ҳәм қәнигелериниң мийнетин материаллық хошаметлеў системасын буннан былай да жетистириў ҳаққында»ғы 211-санлы қарарында белгиленген шәртлер енгизилетуғыны. Онда, шебер-шабандоз, ат бағыўшы, тағалаўшы, атхана баслығы (бригадир) – тренерге, ветеринар-шыпакер-шыпакерге, зоотехник ҳәм фельдшер-ветеринар-мийирбийкеге теңлестирилетуғыны;

б) 2022-2023-оқыў жылынан баслап:

Самарқанд ветеринария медицина институты және оның Нөкис ҳәм Ташкент филиалларында жылқышылыққа қәнигелескен ветеринария шыпакерлери ҳәм зоотехниклерин таярлаў бойынша бакалавриат билимлендириў бағдары ашылатуғыны;

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети және оның Нөкис ҳәм Ферғана филиалларында ат спорты бойынша бакалавриат билимлендириў бағдарының арнаўлы сыртқы билимлендириў түри ашылатуғыны;

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң бакалавриат билимлендириў бағдарына оқыў жылы ушын ажыратылған қабыллаў параметрлерин бағдарлар бойынша бөлистириўде заманагөй бесгүрес ҳәм поло ушын орын ажыратылатуғыны белгиленсин.

  1. Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы жанындағы Нәсилли, спорт ҳәм таза қанлы атларды жетистириў ҳәм көбейтиў бойынша инновациялық селекция-генетика орайы қурамында Иппология илимий-изертлеў институты шөлкемлестирилсин.

Институт атлардың анатомиясы, физиологиясы, көбейтиў биологиясы, нәсиллерди өзгертиў ҳәм басқа да мәселелерди илимий жақтан үйренетуғын қәнигелестирилген илимий шөлкем есапланатуғыны;

Инситут илимий шөлкем сыпатында мәмлекетлик буйыртпалар ҳәм бағдарламаларды әмелге асырыўда және фундаменталлық ҳәм әмелий изертлеўлерди алып барыўда қатнасатуғыны;

Институт хызметкерлерине Илимлер академиясы системасындағы илимий шөлкемлердиң тийисли лаўазымлары ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў муғдарлары ҳәм шәртлери енгизилетуғыны белгилеп қойылсын.

Төмендегилер Институттың жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Мәмлекетлик бюджеттен илимий жумысқа байланыслы мәмлекетлик бағдарламаларды әмелге асырыў ушын ажыратылатуғын қаржылар;

Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары;

юридикалық ҳәм физикалық тәреплер, соның ишинде, резидент емеслердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;

нызамшылық ҳүжжетлери менен  қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

Министрлер Кабинети еки ай мүддетте Институттың жумысын шөлкемлестириў бойынша Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги және Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясы, Өзбекстан поло федерациясының 2021-жыл 1-сентябрьден баслап ҳәр жылы дәстүрий түрде:

ат спортының  атлы жүриў түри бойынша Ташкент  ўәлаятында «O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti kubogi uchun», ат спортының тосқынлықлардан секириў (конкур) түри бойынша Қашқадәрья  ўәлаятында  «Qarshi Open», Ташкент  қаласында «Millatlar kubogi» халықаралық турнирлерин;

заманагөй бесгүрес  бойынша Ташкент  қаласында «O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti kubogi uchun», «Tashkent Open», «Central Asian Cup», усы спорт түриниң лазер-ран  бағдары бойынша «Central Asian Championship» халықаралық турнирлерин;

поло бойынша Ташкент ўәлаятында «Amirsoy-Polo Cup», Қашқадәрья ўәлаятында «Kok-Saray Cup», Ташкент қаласында «Tashkent Open» халықаралық турнирлерин шөлкемлестириў ҳаққындағы  усыныслары маққулансын.

Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.Абдухакимов, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети, Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясы, Өзбекстан поло федерациясы, Өзбекстан ылақ-көкмар федерациясы:

Жиззах, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлиги менен биргеликте бир ай мүддетте усы бәнтте көрсетилген халықаралық турнирлерге пуқта таярлық көриў ҳәм оларды жоқары дәрежеде  өткериў бойынша «жол карталары»н тастыйықласын. Онда, турнирлерди өткериўге байланыслы  финанслық кәрежетлерди қаплаў дәреклери етип қәўендерлик, жергиликли бюджет ҳәм басқа да қаржылар белгиленеди;

Халықаралық турнирлерде жергиликли спортшылар менен биргеликте жоқары рейтингке ийе болған күшли халықаралық спортшы, тренер ҳәм төрешилердиң қатнасыўын тәмийинлесин;

2022-жыл 1-январьдан баслап республикалық, аймақлық ҳәм район (қала)лық  спорт ҳәм ғалабалық денетәрбия илажларының календарь режелерине  ат спорты түрлери бойынша жарыслар ҳәм турнирлердиң киргизилиўин тәмийинлесин және оларды жоқары дәрежеде өткериў илажларын көрсин.

  1. Транспорт министрлиги, Қурылыс министрлиги ҳәм Энергетика министрлигиниң 2022-жыл 1-сентябрьге шекем:

«Өзбекстан темир жоллары» АЖның қәўендерлик қайырқомлық қаржылары есабынан ат спорты бойынша Республикалық жоқары спорт шеберлик мектебиниң материаллық-техникалық базасын  беккемлеў;

«Өзсанаатқурылысматериаллары» АЖның қәўендерлик қайырқомлық қаржылары есабынан Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети аймағында  30 орынлық заманагөй атхана имараты ҳәм ашық спорт манежин қурыў;

«Өзбекнефтьгаз» АЖның қәўендерлик қайырқомлық қаржылары есабынан Республикалық олимпиада резервлери колледжи аймағында спортшылардың шуғылланыўы, жасаўы ушын шараятларға ийе болған заманагөй 2 қабатлы имаратты қурып пайдаланыўға тапсырыў және усы имаратқа бийпул пайдаланыў ҳуқықы  тийкарында Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясын жайластырыў  ҳаққындағы усыныслары қабыл етилсин.

  1. Балалар- жас өспиримлер спорт мектеплери, олимпиада резервлери колледжлериниң ат спорты, заманагөй бесгүрес ҳәм поло бөлимлериниң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ушын  белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизим бойынша алып келинетуғын, республикамызда ислеп шығарылмайтуғын инверьтарлар, спорт кийимлери, спорт атлары, нәсилли өнимлер (материаллар), от-жем ҳәм азықлық қосымшалары, витаминлер, ветеринария дәри-дәрмақлары, үскенелер ҳәм материаллар, атларды тасыўға мөлшерленген жаңа ҳәм ислеп шығарылғанына жети жыл толмаған арнаўлы автотранспорт (коневоз) қураллары ҳәм тиркеўишлер, лазерли пистолет ҳәм нышаналар, поло таяғы 2024-жыл 1-июльге шекем бажыхана бажысынан азат етилсин.
  2. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.Воитов), «Ўзавтосаноат» АЖ, «Ўзчармсаноат» ассоциациясы, «Ҳунарманд» ассоциациясы 2021-жылдан баслап исбилерменлер, соның ишинде, сырт ел инвесторларын тартыў арқалы ат спорты түрлери бойынша зәрүр спорт кийимлерин, үскенелерди ислеп шығарыўды локализациялаў илажларын көрсин.
  3. Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (Б.Норқобилов) еки ай мүддетте таза нәсилли атларды шағылыстырыў ҳәм көбейтиў, жас атлардың раўажланыўы ҳәм өсиўин, жылқышылық фермаларында қымыз ислеп шығарыўды, интенсив баққы атларды жаратыў, жайлаў ҳәм от-жем базасын беккемлеў ҳәм атлардан алынған өнимлердиң түрлерин кеңейтиў бойынша комплексли илажлар режесин Министрлер Кабинетине киргизсин.
  4. Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов) Сыртқы ислер министрлиги (А.Камилов) менен биргеликте ат спорты түрлерин раўажландырыў ҳәм оптималластырыў мақсетинде:

Халықаралық ат спорты федерациясы, Азия ат спорты федерациясы менен  бирге ислесиўди күшейтсин,  бул бағдарда мәнзилли илажларды әмелге асырсын;

Ат спорты түрлери бойынша жәҳән рейтинглеринде жетекшилик етип атырған мәмлекетлер менен биргеликте  қәнигелерди таярлаў ҳәм олардың  маманлығын арттырыў,  жарыслар ҳәм турнирлерди өткериў, тәжирийбе алмасыў, басқа да биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша өз-ара пайдалы бирге ислесиўди орнатсын.

  1. Республикамызда жылқышылық ҳәм ат спортын раўажландырыўға жәрдем бериў бойынша жумысшы топар Жылқышылық, ат спорты, заманагөй бесгүрес ҳәм полоны раўажландырыўға жәрдем бериў бойынша жумысшы топар етип  қайта шөлкемлестирилсин және оның қурамы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Жумысшы топар (А.Абдухакимов):

а) бир ай мүддетте:

ҳәр бир  аймақтың кесиминде ат спорты түрлериниң әмелдеги жағдайын терең талласын;

аймақларда ат спорты түрлерин раўажландырыўға жәрдем бериўге уқыплы болған шөлкемлерди мобилизацияласын;

орынларда ат спорты түрлерин раўажландырыў ҳәм муўапықластырыў, методикалық қоллап-қуўатлаў ҳәм мониторинг етиў мақсетинде Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясы, Өзбекстан поло федерациясының аймақлық бөлимлерин шөлкемлестириў  ҳәм қоллап-қуўатлаў илажларын көрсин;

б) еки ай мүддетте ҳәр бир аймақта усы қарар талапларынан келип шығып ат спорты түрлерин раўажландырыў ҳәм оптималластырыў бойынша  аймақлық  бағдарламаларды тастыйықласын ҳәм орынланыўын тәмийинлесин.  Онда бағдарламаларда:

жас әўлад шабандозларын тәрбиялаўға бағдарланған миллий ат спорты жарысларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў, миллий ат спортының халықаралық абыройын арттырыў;

район (қала)лық ҳәкимлери ҳәм ўәлаят басшылары кубоклериниң жарысларын шөлкемлестириў;

ат спортының миллий ҳәм дәстүрий түрлерин раўажланған мәмлекетлер менен  бәсекилесе алатуғын дәрежеге жеткериў, халықаралық стандартлар тийкарында қәнигелерди таярлаў;

ири халықаралық жарыслар, соның ишинде, жас өспиримлер, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар командалары арасында жәҳән ҳәм континет бириншиликлерин өткериў;

ат спорты түрлерин халық арасында, соның ишинде, ғалаба хабар қураллары арқалы сәўлелендириў ҳәм оларды жарысларға кеңнен тартыў илажларын көриў;

миллий байрамларда  ат спорты менен биргеликте өткерилетуғын жарыслардың графигин ислеп шығыў илажларын көрсин.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы усы қарар тийкарында әмелге асырылып атырған жумысларды оптималластырыўға қаратылған мақалалар, тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.
  2. Туризм ҳәм спорт министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы қарарадың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип туризм ҳәм спорт министриниң орынбасары А.Қ.Каримов, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Б.Т.Норқобилов,  Өзбекстан Миллий олимпиада комитетиниң баслығы Р.М.Шаабдурахманов,  Өзбекстан Миллий паралимпия комитетиниң баслығы М.М.Ташходжаев,  Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясы, Өзбекстан поло федерациясы, Өзбекстан ылақ-көкмар федерациясының басшылары және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң  Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша  ҳәр жылы 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 5-август