Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Миллий мийрасымыздың ажыралмас бөлеги болған Қарабайыр нәсилли атларды көбейтиў ҳәм оларды спортқа кеңнен тартыў, мәмлекетимизде ат спорты түрлерин буннан былай да раўажландырыў мақсетинде:
- Миллий гвардия жанында Қарабайыр атлары шеберлик мектеби шөлкемлестирилсин.
Сурхандәрья ўәлаяты, Термиз районы, Янгиобод мәҳәллеси жанындағы 64,6 га жер майданы имарат ҳәм объектлери менен бирге Миллий гвардияның балансына өткерилсин ҳәм онда Қарабайыр атлары шеберлик мектеби жайластырылсын.
Миллий гвардия (Р.Джураев), Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги (Т.Боболов) ҳәм Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы (Б.Газиев) Қарабайыр атлары шеберлик мектебиниң жумысын 2021-жыл 1-октябрьден баслап толық жолға қойсын.
Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги (Т.Боболов) еки ай мүддетте Қарабайыр атлары шеберлик мектебиниң атларына от-жем базасын жаратыў мақсетинде 100 гектар суўғарылатуғын жер майданды белгиленген тәртипте ажыратыў илажларын көрсин.
- Төмендегилер Қарабайыр атлары шеберлик мектебиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
жас әўлад шабандозларын тәрбиялаўға бағдарланған миллий ат спорты жарысларын шөлкемлестириў ҳәм өткериўде Қарабайыр нәсилли атларынан пайдаланыўды ғалаба ен жайдырыў ҳәм миллий ат спортының халықаралық даўрығын арттырыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў;
жылқышылықта нәсилшилик жумысларын жетилистириў жолы менен Қарабайыр нәсилли атларының бас санын көбейтиў;
Қарабайыр нәсилли атларын сақлаў ҳәм сапалы ветеринариялық хызмет көрсетиў жумысларын жақсылаўға жәрдемлесиў, сондай-ақ, жәҳән базарында ат нәсиллери арасында Қарабайыр ат нәсилиниң бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў;
халықтың кең қатламын, әсиресе жасларды, Қарабайыр атлары шеберлик мектебиндеги секция ҳәм клубларға тартыў.
- Қарабайыр атлары шеберлик мектеби хызметкерлериниң шекленген саны 50 ден ибарат структурасы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Қарабайыр атлары шеберлик мектебиниң штат бирликлери (хызмет көрсететуғын хызметкерлерден тысқары) Миллий гвардияға ажыратылған улыўма штат бирликлери шеңберинде қәлиплестирилетуғыны;
Қарабайыр атлары шеберлик мектебиниң директоры лаўазымы офицерлер қурамындағы әскерий хызметкер менен жәмленетуғын лаўазым сыпатында белгиленетуғыны ҳәм усы лаўазым ушын 16,3 тариф разряды ҳәм «подполковник» әскерий атағының дәрежеси орнатылатуғыны;
Қарабайыр атлары шеберлик мектебиниң басшы хызметкерлери, инструктор-методистлери, ат бағыўшы ҳәм тағалаўшы хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў және олардың мийнетин материаллық жақтан хошаметлеў Министрлер Кабинетиниң 2010-жыл 23-сентябрьдеги 211-санлы қарары менен тастыйықланған Мәмлекетлик бюджеттен қаржыландырылатуғын спорт мектеплериниң хызметкерлерине ҳақы төлеў ҳәм олардың мийнетин материаллық хошаметлеў тәртиби ҳаққындағы режеге муўапық әмелге асырылатуғыны;
Қарабайыр атлары шеберлик мектебиниң материаллық-техникалық базасын дәслепки беккемлеў, соның ишинде, техника, әсбап-үскенелер ҳәм басқа да зәрүр қураллар менен тәмийинлеў Сурхандәрья ўәлаятының жергиликли бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;
Қарабайыр атлары шеберлик мектебиниң материаллық-техникалық базасын кейин ала беккемлеў ҳәм оның финанслық тәмийнаты (мийнет ҳақы ҳәм оған теңлестирилген төлемлер, коммуналлық хызметлер, атларға от-жем ҳәм дәри-дәрмақлар сатып алыў ҳәм басқа да қәрежетлер) Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;
Қарабайыр атлары шеберлик мектебиниң ҳәм оның секция менен клубларының жумысын шөлкемлестириў-методикалық тәмийинлеў Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясы, Өзбекстан поло федерациясы ҳәм Өзбекстан ылақ-көкмар федерациясы менен биргеликте әмелге асырылатуғыны;
Қарабайыр атлары шеберлик мектеби ушын Қарабайыр нәсилли атлар Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы қәнигелериниң шешимине тийкарланып таңлап алынатуғыны белгилеп қойылсын.
Қарабайыр атлары шеберлик мектебине өз жумысының қәнигелиги бойынша төлемли хызметлер көрсетиўден түсетуғын қаржылары, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары, сондай-ақ, нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан мектептиң материаллық-техникалық базасын беккемлеў ҳәм оның хызметкерлерин материаллық хошаметлеўге рухсат берилсин.
- Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлигиниң Қарабайыр атлары шеберлик мектебинде шуғылланыўшылар кейин ала бийпул пайдаланыўы ушын Қарабайыр нәсилли атларын Сурхандәрья ўәлаятының жергиликли бюджети ҳәм әскерий-ҳәкимшилик секторларының қаржылары есабынан сатып алыў басламасы қоллап-қуўатлансын.
- Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги, Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы, Өзбекстан заманагөй бесгүрес федерациясы, Өзбекстан поло федерациясы ҳәм Өзбекстан ылақ-көкмар федерациясының;
Сурхандәрья ўәлаятын республикада Қарабайыр нәсилли атлар нәсилшилиги ҳәм спортты раўажландырыў бойына жетекши аймақ сыпатында белгилеў;
Сурхандәрья ўәлаятының барлық районларында Қарабайыр нәсилли атларынан пайдаланыўға қәнигелескен секция ҳәм ат спорты клубларын шөлкемлестириў ҳәм жоқары маман тренерлерди таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў ҳаққындағы келисимлери мақуллансын.
Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги (Т.Боболов) еки ай мүддетте ўәлаяттың районларында Қарабайыр нәсилли атларынан пайдаланыўға қәнигелескен секция ҳәм ат спорты клубларын шөлкемлестириў мақсетинде исбилерменлик субъектлерине бийпул пайдаланыў ушын тийисли имарат ҳәм объектлерди усынсын, зәрүр жағдайларда, усы бәнтти әмелге асырыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Миллий гвардия, Туризм ҳәм спорт министрлиги, Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы:
бир ай мүддетте Қарабайыр нәсилли атларынан пайдаланыўды ғалаба ен жайдырыў ушын комплексли илажлар бағдарламасын тастыйықласын;
Миллий гвардия, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлардың қәниге-шабандоз, инструктор-шабандоз ҳәм басқа да хызметкерлерди оқытыў ҳәм маманлығын арттырыўды шөлкемлестирсин;
Қарабайыр атлары шеберлик мектебин маман қәнигелер менен толықтырыў, зәрүр оқыў-методикалық әдебиятлар менен тәмийинлеў, сондай-ақ, оқыў-шынығыў процесин керекли дәрежеде шөлкемлестириў ушын оқыў имаратларын үскенелеўдиң зәрүр илажларын көрсин;
еки ай мүддетте Қарабайыр атлары шеберлик мектеби тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге төлемли хызмет көрсетиў тәртибин сол хызметлердиң көлемин көрсеткен ҳалда тастыйықласын;
ҳәр жылы «Наўрыз» улыўмахалықлық байрамы алдынан Сурхандәрья ўәлаятында Қарабайыр нәсилли атларының қатнасыўында халықаралық шабандозлар жарысын өткерсин;
ҳәр жылы Қарабайыр нәсилли атларының қатнасыўында миллий ат спорты түрлери, заманагөй бесгүрес, поло бойынша мәҳәлле, район, ўәлаят ҳәм республика көлеминде жарыслар шөлкемлестирсин;
2022-жыл 1-январьға шекем Сурхандәрья ўәлаятының барлық районларында Қарабайыр атлары шеберлик мектебиниң секция ҳәм клубларын шөлкемлестирсин
- Қаржы министрлиги (Т.Ишметов):
2021-жылы Миллий гвардияның тийкарланған есап-санақлары бойынша Қарабайыр атлары шеберлик мектебин финанслық қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, хызмет көрсететуғын хызметкерлердиң тәмийнаты ушын Мәмлекетлик бюджеттен қосымша қаржылар ажыратсын;
2022-жылдан баслап ҳәр жылы Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде усы қарар шеңберинде Қарабайыр атлары шеберлик мектебиниң финанслық тәмийнаты ҳәм оны материаллық-техникалық үскенелеў, соның ишинде, атларды бағыў ушын зәрүр болған бюджет қаржыларын нәзерде тутсын.
- Миллий гвардия (Р.Джураев) Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы менен биргеликте Қарабайыр атлары шеберлик мектеби Қарабайыр нәсилли атларының селекциясына итибар берген ҳалда әскерий хызметке жарамлы хызмет атларын таярлаў ҳәм оларды келешекте хызмет мақсетлеринде пайдаланыў илажларын көрсин.
- Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.Хаджибаев) орайлық нерв системасы кеселликлери ҳәм ат жәрдеминде емлеў мүмкин болған басқа да кеселликлердиң дизимин қәлиплестирсин ҳәм наўқасларды Қарабайыр атлары шеберлик мектебине бағдарлаў бойынша бағдарлама ислеп шықсын.
- Туризм ҳәм спорт министрлиги (А.Абдухакимов) Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Қарабайыр атлары шеберлик мектебинде туризм инфраструктурасын қурыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў илажларын көрсин.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги ҳәм Миллий гвардия менен биргеликте:
Қарабайыр атлары шеберлик мектебиниң жумысын көрсететуғын көрсетиў ҳәм еситтириўлерди таярласын, онда Қарабайыр нәсилли атларының өзгешеликлерине айрықша итибар қаратсын;
усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм әмелий әҳмийетин сәўлелендириўге байланыслы дүркин мақалалар, брифинглер, тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин;
қарабайыр нәсилли атларын ғалаба ен жайдырыў мақсетинде арнаўлы веб-сайтлар шөлкемлестирсин ҳәм оның жумысын турақлы жолға қойсын;
«Ҳәр бир жигиттиң үйинде аты болсын» сүрени астында Қарабайыр нәсилли атларын үгит-нәсиятлаўды әмелге асырсын.
- Миллий гвардия бир ай мүддетте:
Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан жылқышылық ҳәм ат спорты федерациясы менен биргеликте Қарабайыр атлары шеберлик мектеби уставының белгиленген тәртипте тастыйықланыўын ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткерилиўин тәмийинлесин;
мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинети усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Миллий гвардия сәркардасы Р.М.Джураев, Сурхандәрья ўәлаятының ҳәкими Т.А.Боболов ҳәм туризм ҳәм спорт министриниң орынбасары А.Қ.Каримов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары А.А.Абдухакимовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2022-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 5-август