Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Республика аймақларында гүл өсириў ҳәм нәл жетистириўди раўажландырыў, жергиликли ҳәм сырт елдин гүл сортларын тәрбиялаў, халық арасында гүл өсириў усылының сырларын ғалаба ен жайдырыў, аўыл хожалығы өнимлериниң экспорт потенциалын және де беккемлеў мақсетинде:

  1. Республикада гүл өсириў ҳәм нәл жетистириў тараўларын раўажландырыў, соның ишинде, гүл өсириўде халық пенен кооперация қатнасықларын жолға қойыў, тараў қәнигелериниң маманлығын арттырыў, өндирис процесслерине илимий қолланбаларды енгизиўде исбилерменлерге ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў мақсетинде Гүл өсириўшилер ассоциациясы шөлкемлестирилгени мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Гүл өсириўшилер ассоциациясына:

исбилерменлик субъектлерин гүл өсириў ҳәм нәл жетистириў менен шуғылланыўға қызықтырыў, оларды билим ҳәм көнликпелерге ийе болыўы ушын оқытыў, соның ишинде, сырт мәмлекетлерде оқытыў, сондай-ақ, бул процесске сырт мәмлекетлерден маман қәнигелерди тартыў;

гүл өсириў тараўына байланыслы семинар, мәжилис, ярмарка ҳәм көргизбелер шөлкемлестириў, сондай-ақ, сырт мәмлекетлерде өткерилетуғын ярмарка ҳәм көргизбелерде қатнасыўын тәмийинлеў;

сырт мәмлекетлерден экспортқа жарамлы гүл сортларын тәрбиялаў ушын алып келиў ҳәм оларды локализациялаў, сондай-ақ, тәрбияланған гүллерди экспорт етиў жумысларын шөлкемлестириў бойынша жақыннан әмелий жәрдем көрсетсин.

  1. Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң Әндижан ўәлаятының Әндижан, Избасқан ҳәм Алтынкөл районларын, Наманган ўәлаятының Наманган ҳәм Давлатобод районларын ҳәм Жиззақ ўәлаятының Замин ҳәм Ғаллаорол районларын гүл өсириўге қәнигелестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.Ходжаев, А.Тўраев) Гүл өсириўшилер ассоциациясы менен биргеликте үш ай мүддетте гүл өсириўге қәнигелескен районларда тәжирийбе түринде гүл өсириў тараўында тәжирийбеге ийе болған исбилерменлер тәрепинен гүл өсириў кластерлериниң шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.

  1. Халықаралық финанс институтларынан аўыл хожалығы тараўы ушын тартылатуғын кредит линиялары усы қарарда белгиленген илажларды қаржыландырыў ушын да бағдарлансын.
  2. Гүл өсириўге қәнигелескен районларда:

гүл өсириў менен шуғылланып атырған исбилерменлик субъектлериниң өз жумысын кеңейтиўи ушын 0,06 гектардан 1 гектарға шекем жер майданлары ашық электрон таңлаў арқалы 30 жылға дийқан хожалығын жүргизиў мақсетлери ушын жер участкаларын ижараға бериў тәртибинде ажыратылатуғыны;

«Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде ажыратылған қаржылардың кеминде 10 проценти гүл өсириў жойбарын шөлкемлестириў ушын ажыратылатуғыны;

«Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»не киргизилген пуқараларға ашық майданда ҳәм ыссыханаларда гүл өсириў бойынша агротехникалық илажларды үйрениў мақсетинде Әндижан, Жиззақ ҳәм Наманган ўәлаятларында ҳәр бириниң майданы 2 сотих болған 25 «Гүл өсириў оқыў полигон»ларын шөлкемлестириў ушын 0,5 гектар жер майданы интакер исбилерменлерге электрон онлайн-аукцион (аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерде) ямаса ашық электрон онлайн-аукцион (аўыл хожалығына мөлшерленген жерлерде) арқалы ижараға берилетуғыны;

«Гүл өсириў оқыў полигон»ларында оқыў курсларын табыслы тамамлаған ҳәм арнаўлы сертификат алған жумыссыз, мүтәж шаңарақларға гүл ҳәм нәл жетистириўди раўажландырыў мақсетинде 6 сотихтан жер майданы электрон онлайн-аукцион (аўыл хожалығына мөлшерленбеген жерлерде) арқалы ижараға берилетуғыны белгилеп қойылсын.

Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги, Әндижан, Жиззақ ҳәм Наманган ўәлаятларының ҳәкимликлери еки ай мүддетте «Гүл өсириў оқыў полигоны»н шөлкемлестириў тилегин билдирген интакер исбилерменлер ушын жер майданларының электрон онлайн-аукционға ямаса ашық электрон таңлаўға қойылыўын тәмийинлесин.

  1. 2021-жыл 1-сентябрьден баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2021-2024-жылларда жыллық экспорт түсиминде гүл экспортынан түсимниң үлеси кеминде 30 процентти ҳәм 100 мың АҚШ долларынан көпти қурайтуғын исбилерменлик субъектлериниң шийки зат (гүл нәллери, туқымлар, пиязлар ҳәм сабылған нәллер) импорты ушын жумсалған транспорт қәрежетлериниң 50 проценти Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен қапланады.
  2. 2023-жыл 1-январьға шекем түйнеклер, пиязбаслы, түйнекли тамырлар, домалақ пиязлар, жуўан тамыр, соның ишинде, вегетатив тыным жағдайындағы, вегетация ямаса гүллеў дәўириндеги сертармақлары, басқа да тири өсимликлер (соның ишинде, тамырлары), қәлемшелер менен нәллери (СЭЖ ТН коди 0601 ҳәм 0602)ниң импортында бажыхана бажысының нольлик ставкасы қолланылсын.
  3. Инновациялық раўажланыў министрлиги еки ай мүддетте илимий-техникалық бағдарламалар шеңберинде гүл өсириў ҳәм нәл жетистириў тараўларында әмелге асырылатуғын илимий-изертлеў ҳәм инновациялық жумыслардың көлемин кеңейтиўге қаратылған, анық нәтийже беретуғын жойбарларға мәмлекетлик буйыртпаны қәлиплестирип, бәсеки түринде қаржыландырыўға таңлаў жәрияласын.

Онда, илимий жойбарларға ажыратылатуғын қаржылардың кеминде 40 проценти экспортқа жарамлы ҳәм баҳалы гүллерди (орхидея, лилия, пион ҳәм басқалар) жергиликли климатқа сәйкеслендириў ушын ген инженериясына қәнигелестирилген илимий лабораторияларды шөлкемлестириў ҳәм үскенелеўге бағдарлансын.

  1. Аўыл хожалығы министрлиги Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте:

2022-2023-оқыў жылынан баслап аўыл хожалығы бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелеринде Гүл өсириў магистратура қәнигелиги бойынша кадрлар таярлаўды жолға қойсын;

2021-2022-оқыў жылынан баслап Саяманлы бағшылық ҳәм көклемзарластырыў бакалавриат тәлим бағдарының оқыў режесине гүл өсириўге байланыслы қәнигелик пәнлерин киргизиў ҳәм оқыў саатларын арттырыўға итибар қаратсын.

  1. Аўыл хожалығы министрлиги 2022-2023-оқыў жылынан баслап Ташкент мәмлекетлик аграр университетинде Түркия Республикасының Испарта әмелий пәнлер университети менен биргеликте Саяманлы бағшылық ҳәм гүл өсириў тараўында кадрлар таярлаўды биргеликтеги билимлендириў бағдарламалары тийкарында жолға қойсын.
  2. Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан жумыссыз пуқараларды гүл өсириў тараўына оқытыў мақсетинде еки ай мүддетте Әндижан ўәлаяты Шаҳрихон районы, Наманган ўәлаяты Тўрақўрғон районы ҳәм Ташкент ўәлаяты Зангиата районындағы агротехнологиялар техникумларында ландшафт дизайны, гүл өсириў селекциясы ҳәм нәл жетистириў бағдарларында орта буўын кадрларын таярлаў бойынша қысқа мүддетли оқыў курсларын шөлкемлестирсин.
  3. Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.Ходжаев, А.Тўраев) үш ай мүддетте Ташкент ўәлаятында жумыс алып барып атырған гүл өсиретуғын исбилерменлик субъектлери менен биргеликте мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплери тийкарында «Гүл өсириўге оқытыў орайы»ның жумысын жолға қойсын.

Аўыл хожалығы министрлиги «Гүл өсириўге оқытыў орайы»на Нидерландия патшалығы, Түркия Республикасы ҳәм Таиланд патшалығынан тартылатуғын маман қәнигелердиң Өзбекстанға келип-кетиў ҳәм жасаў қәрежетлериниң 50 процентин Европа Аўқамының «Бюджетти қоллап-қуўатлаў» бағдарламасы шеңберинде агросанаат комплексин қоллап-қуўатлаў ушын ажыратылған қаржылар есабынан қаплап бериў илажларын көрсин.

  1. Республикада гүл өсириў ҳәм нәл жетистириўди раўажландырыў бойынша «жол картасы» қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Гүл өсириў жумысы менен шуғылланып атырған шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери ҳәр бир аймақларда гүл нәллериниң тәмийинатшылары менен «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде жойбарлардың санын көбейтиў ушын мәҳәллелерде гүл өсириў жойбарлары бойынша презентациялар ҳәм семинарлардың өткерилиўин тәмийинлесин;

Наманган, Самарқанд ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери  еки ай мүддетте Наманган, Самарқанд ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында гүл және нәллердиң ири көтере саўда базарын шөлкемлестириў илажларын көрсин.

  1. Аўыл хожалығы министрлиги Туризм ҳәм спорт министрлиги, Экология ҳәм қоршаған-орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Наманган ўәлаятының ҳәкимлиги менен биргеликте ҳәр жылы апрель-май айларында Наманган ўәлаятында «Халықаралық гүллер фестивалы»н өткериў  бойынша  илажлар бағдарламасын тастыйықласын.
  2. Бас министрдиң орынбасары Ш.Ғаниев бир ҳәпте мүддетте Гүл өсириўшилер ассоциациясының жумысын шөлкемлестириў, сырт мәмлекетлерден экспертлер ҳәм қәнигелерди тартыў, жергиликли кадрларды таярлаў, халықаралық гүллер фестивалы ҳәм көргизбелерде қатнасыў және илимий конференцияларды өткериў, тараўға байланыслы заманагөй сырт ел әдебиятларын алып келиў ҳәм аўдарыў, гүл өсириў тараўына байланыслы жергиликли илимий жумыслар, монографиялар ҳәм баспаларды хошаметлеў, гүл түрлери системасын жаратыў (саламат ҳәм дәслепки гүл өсирилетуғын нәл жетистириў ханасы) ушын Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығын  раўажландырыў қоры есабынан  20 миллиард  сум муғдарында қаржы ажыратылыўын тәмийинлесин.
  3. Гүл өсириў тараўына байланыслы жойбарларды жетистириў тийкарғы түрде «Туранбанк» акционерлик коммерциялық банки тәрепинен, сондай-ақ, «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде  болса барлық коммерциялық  банклери тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
  4. Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы (А.Тўраев) өз системасындағы илимий-изертлеў институтларының бос жер майданларында аймақлардың өзине тән белгилеринен келип шығып, топырақ-климат шараятына сай болған хана, гүлзар, пута, саяманлы терек ҳәм саўға гүллери жетистирилетуғын нәл жетистириў ханалары шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.

Онда, Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайына усы бәнтте нәзерде тутылған нәл жетистириў ханаларын жергиликли ҳәм сырт ел кәрханалары менен биргеликте шөлкемлестириў ушын өзине тийисли жер майданларын ажыратыў ҳуқықы бериледи.

  1. Гүл өсириўшилер ассоциациясы Ташкент ўәлаяты, Жоқары Шыршық районының А.Яссавий мәҳәллеси аймағында жайласқан Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайына тийисли имаратында бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
  2. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайының директоры А.М.Тўраев ҳәм Гүл өсириўшилер аўқамының баслығы белгиленсин.

Усы қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 4-август