Ҳүрметли ўатанласлар!

Қәдирли дослар!

Сиз, әзизлерди, пүткил Өзбекстан халқын мәмлекетимизде биринши мәрте белгиленип атырған байрам ­ Халықлар дослығы күни менен шын кеўлимнен, қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң терең ҳүрметимди ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Бизге белгили, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының қарарына муўапық, 30-июль ­ пүткил дүньяда Халықаралық дослық күни сыпатында белгиленип келеди. Өзбекстанда быйыл 10-февральда қабыл етилген нызамға тийкарланып бул сәне Халықлар дослығы күни деп белгиленди. Бул байрамның шөлкемлестирилиўи пүткил республикамыз халқының әйне кеўлиндеги ис болды.

Бизиң әййемги ҳәм қутлы топырағымыз көп әсирлер даўамында Уллы жипек жолы кесилиспесинде жайласып, түрли цивилизация ҳәм гуманитар қатнаслар әмелге асырылған орай болып келген. Бул жерде жан қоңсы болып жасаған түрли халықлар, мәденият ҳәм динлер ўәкиллериниң әйне дослық, жақсы қоңсышылық қатнасықлары регионымыздың мәдений раўажланыўы ушын қүдиретли фактор болған.

Шынында да, бизиң ата-бабаларымыз аўыр заманларда бәринен бурын көп миллетли халқымыздың бирлиги ҳәм татыўлығы, пидайылығы, инсансүйиўшилиги ҳәм кеңпейиллигине сүйенип, барлық сынақ ҳәм машақатларды жеңип өткен.

Өзбекстан ­ үлкен имканият ҳәм ресурсларға ийе болған мәмлекет. Лекин, бизиң ең үлкен байлығымыз ­ түрли миллет ҳәм конфессиялар ўәкиллери арасындағы тынышлық ҳәм турақлылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршилик.

Биз бундай бийбаҳа байлық пенен ҳақылы түрде мақтанамыз және мәмлекетимиз ҳәм жәмийетимиздиң бар күши менен имканиятларын елимиздеги дослық ҳәм аўызбиршилик орталығын беккемлеўге бағдарлаймыз.

Ғәрезсиз Өзбекстанда миллетлер ҳәм конфессиялар аралық татыўлық ҳәм өз-ара бир-бирин түсиниў, жас әўладты кеңпейиллик, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет, ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли тийкарғы бағдарларынан бирине айланды.

Конституциямиз ҳәм нызамларымызда Өзбекстан Республикасының барлық пуқаралары, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, тең ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе екени белгилеп қойылған. Оларға ўз мәденияты, дәстүрлери менен үрп-әдетлерин раўажландырыў ушын барлық шараятлар жаратылған.

Кейинги жылларда бул бағдарда алып барылып атырған жумыслар өзиниң сапасы ҳәм мәнис-мазмунына бола жаңа, және де жоқары басқышқа көтерилди.

Бүгин биз өз алдымызға Жаңа Өзбекстанды жаратыўдай уллы мақсетти қойдық. Әлбетте, бул бағдарда жәмийетимизде қәлиплескен дослық ҳәм тилеклеслик орталығы мәмлекетимиздеги тынышлық пенен турақлылықты сақлаў ҳәм беккемлеў, реформалар менен жаңаланыўлар жолынан избе-из илгерилеп барыў, Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырой-мәртебесин арттырыўдың беккем тийкары болып табылады.

Ҳүрметли дослар!

Сизлерге белгили, биз Миллетлер аралық қатнасықлар тараўындағы мәмлекетлик сиясат концепциясын қабыл еттик. Бул ҳүжжет усы бағдардағы избе-из жумысларымыздың нәтийжелилигин арттырыўдың әҳмийетли ҳуқықый тийкарына айланды.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде 130 дан зыят миллет ҳәм халық ўәкиллери бир ҳәм татыў шаңарақ болып жасап атырғаны бәршемизди қуўандырады. Олар барлық тараў ҳәм тармақларда пидәкерлик пенен мийнет етип, жанажан Өзбекстанымыздың раўажланыўы ҳәм гүллеп-жаснаўына мүнәсип үлес қоспақта.

Елимизде 16 конфессияға тийисли диний шөлкемлер өз жумысын еркин әмелге асырмақта. Мәмлекетимизде миллетлер аралық қатнасықларды буннан былай да тереңлестириўде 150 миллий мәдений орай үлкен роль атқармақта. Олардың көп қырлы жумысы ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланбақта. Атап айтқанда, Олий Мажлис жанындағы жәмийетлик фонд бул мақсетлер ушын зәрүр қаржыларды бағдарламақта, түрли субсидия ҳәм грантлар ажыратылмақта.

Ташкентте Дослық парки шөлкемлестирилмекте. Пайтахтымыз ҳәм аймақларымызда қурылған Дослық үйлери пуқараларымызды өз қушағына шақыратуғын орайларға айланбақта.

Мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде оқыў ислери 7 тилде алып барылмақта, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы өз көрсетиў ҳәм еситтириўлерин 12 тилде берип бармақта.

Биз соңғы жылларда шет еллерде жасап атырған ўатанласларымыз бенен байланысларды күшейтиўге айрықша әҳмийет бермектемиз. Бул бағдарда илажлар бағдарламасы әмелге асырылмақта.

Биз бәршемиз мәмлекетимизде жасап, Ўатанымыздың раўажланыўы жолында пидәкерлик пенен мийнет етип атырған түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери, атап айтқанда, миллий мәдений орайлардың басшылары ҳәм белсендилерин жақсы билемиз ҳәм жоқары қәдирлеймиз.

Бул ҳаққында сөз еткенде, Виктор Пак, Маргарита Филонович, Галина Мельникова, Владимир Бойко, Виктория Акилова, Раҳматулла Жабборов, Ришат Набиуллин, Гуландом Субҳонова, Ҳанифа Солиҳова, Умризоқ Қувватов, Серикбай Усенов, Кайкеп Алиева, Темур Кападзе сыяқлы жас әўладымызға өрнек болып киятырған белгили жәмийетлик ғайраткерлердиң исмлерин айрықша тилге алыўды қәлер едим.

Қутлы байрам ­ Халықлар дослығы күни қарсаңында түрли миллетке тийисли пуқараларымыз жоқары мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды.

Пурсаттан пайдаланып, оларды шын кеўилден қутлықлап, бәршесине терең миннетдаршылық билдиремен.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бүгинги қурамалы заманда дүньяның түрли регионларында миллетлер ҳәм конфессиялар арасында кескинлик күшейип бармақта. Бундай қәўетерли шараятта биз биринши гезекте жәмийетимиздеги тынышлық, турақлылық ҳәм пуқаралар аралық татыўлықты көз қарашығындай қәстерлеп сақлаўымыз, перзентлеримизди көп миллетли халқымыздың жоқары руўхый әдеп-икрамлылық қәдириятлары руўхында тәрбиялаўымыз зәрүр.

Ҳүрметли дослар, бәршеңизди және бир мәрте Халықлар дослығы күни менен қутлықлайман.

Бул байрам ўатанласларымыз қәлбинде беккем орын ийелеп, турмысымызда жақсы дәстүрге айланатуғынына исенимим кәмил.

Бәршеңизге саў-саламатлық, табыс ҳәм әўмет, шаңарақларыңызға тынышлық ҳәм абаданлық тилеймен.

Гөззал ҳәм бийтәкирар журтымызда бәрқулла тынышлық ҳәм татыўлық ҳүким сүрсин, көп миллетли Өзбекстан халқына бахыт-ығбал яр болсын!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти