Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он жетинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.
Онда сенаторлар, Министрлер Кабинетиниң жуўапкерлери, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилип атырған жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып бармақта.
Нурилло НАСРИЕВ, ӨзА