Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
«E-auksion» электрон саўда платформасында электрон онлайн-аукционды шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртибин әпиўайыластырыў және унификациялаў, процесслердиң ашық-айдынлығын арттырыў, қатнасыўшылардың ҳуқықларын исенимли қорғаў, сондай-ақ, халықтың аукционда қатнасыўы ушын қолайлылықлар жаратыў мақсетинде:
- 2021-жыл 1-сентябрьден баслап «E-auksion» электрон саўда платформасындағы (кейинги орынларда электрон саўда платформасы) электрон онлайн-аукционлар тәртип-қағыйдаларының бирден–бир тәртиби енгизилсин ҳәм оған муўапық:
қатнасыўшыларға, соның ишинде, сырт ел пуқараларына аукционда қатнасыў ушын электрон санлы имза гилти сертификаты аралықтан турып, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң «Электрон онлайн-аукционларды шөлкемлестириў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы (кейинги орынларда Орай) тәрепинен бийпул усыныс етиледи;
физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен объектлерди аукционға шығарыў ушын төленетуғын жыйым бийкар етиледи;
аукцион өткериў ҳаққындағы хабар ол өткерилетуғын күннен 30 күн бурын жәрияланады;
аукцион өткерилиўи ҳаққындағы хабар жәрияланған ўақыттан баслап аукцион процесиниң жуўмағына шекем қатнасыўшыларға объектти сатып алыў бойынша аукцион қәдемине байланыспаған өзиниң баҳа усынысын киргизиў ҳуқықы бериледи;
сатылған объекттиң баҳасы базалық есаплаў муғдарының бес мың есесине шекем болғанда, төлемлерди 10 жумыс күни, бес мың есесине тең яки оннан артық болғанда төлемлерди 15 жумыс күни даўамында төлеў имканияты жаратылады, нызамшылық ҳүжжетлеринде белгиленген жағдайлар буған кирмейди;
аукцион жеңимпазы төлемлерди төлеўден бас тартқан жағдайда, жеңимпаз және оның тиккелей шөлкемлестириўшилери есапланған шахслар ҳадал емес қатнасыўшы сыпатында электрон саўда платформасындағы аукционлардан шетлетиледи. Бунда, төлемлерди төлемеслик жағдайы биринши мәрте жүз бергенде бир жыл мүддетке, екинши мәрте тәкирарланса мүддетсиз дәўирге аукционлардан шетлетиледи;
аукционға шығарылған объектлерди сатыўға ҳәм алды-сатты шәртнамасын рәсмийлестириўге тек аукционда кеминде еки қатнасыўшы қатнасқанда руқсат бериледи.
Бул тәртип нызамшылық ҳүжжетлери менен электрон саўда платформасы арқалы реализацияланыўы ямаса ижараға берилиўи белгиленген барлық түрдеги активлерге енгизилетуғыны белгиленсин.
- Электрон онлайн-аукцион қатнасыўшылары ҳуқықларының исенимли қорғалыўын кепиллеў мақсетинде, төмендегилер белгиленсин:
2021-жыл 1-октябрьден баслап аукцион нәтийжелери бойынша пул қаржылары Орайдың арнаўлы есап бетинде жыйналады ҳәм аукцион жеңимпазы тәрепинен объект қабыл етилгенлиги тасыйықланғаннан соң, олар буйыртпашының есап бетине өткериледи;
орынлаў ҳүжжетлери бойынша автомототранспорт қуралларын реализациялаў ушын өткерилген электрон онлайн-аукцион нәтийжелери ҳаққындағы протокол оны қадаған етиўден шешиў, сондай–ақ, аукцион жеңимпазының атына дизимнен өткериў (есапқа қойыў) ушын тийкар есапланады. Бунда, мәжбүрий тәртипте өндириў ушын жиберилмеген ҳәкимшилик жәриймаларды төлеў миннетлемеси автомототранспорт қуралының бурынғы ийесиниң жуўапкершилигинде қалады;
электрон онлайн-аукционды шөлкемлестириў ҳәм өткериў тәртибинен тысқары болған тәртип-қағыйдаларға әмел етилмегенлиги ушын аукцион нәтийжелери ҳаққындағы протоколды бийкарлаў ямаса өзгертиўге жол қойылмайды.
- Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги және Қаржы министрлигиниң төмендегилерди электрон саўда платформасындағы электрон онлайн–аукцион жолы менен әмелге асырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:
устав фондында мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған юридикалық тәреплер, сондай-ақ, устав фондының 50 проценти ҳәм оннан артығы 50 процент ҳәм оннан артық муғдарда мәмлекетлик үлеске ийе юридикалық тәрепке тийисли болған юридикалық тәреплердиң (кейинги орынларда мәмлекет қатнасындағы кәрханалар) үлеслери, көшпес мүлклери, автомототранспорт қураллары және басқа да тийкарғы қуралларын реализациялаў;
мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың көшпес мүлклери, автомототранспорт қураллары және басқа да тийкарғы қуралларын ижараға бериў.
Мәмлекет қатнасындағы кәрханалар тәрепинен:
Көшпес мүлклерди ижараға бериўде, олардың мәмлекеттиң көшпес мүлкинен пайдаланғанлық ушын ижара төлеминиң ең аз ставкалары, автомототранспорт қуралларын ижараға бериўде физикалық тәреплер ушын белгиленген ижара төлеминиң ең аз ставкалары муғдарында, басқа тийкарғы қуралларын ижараға бериўде болса Өзбекстан Республикасы Салық кодексинде белгиленген амортизацияның кеминде жыллық ең жоқары нормасы суммасы муғдарында басланғыш баҳасы белгиленетуғыны;
көшпес мүлклер, автомототранспорт қураллары ҳәм басқа тийкарғы қуралларын ижараға бериў яки оларды ҳәм үлести реализациялаў ҳәм электрон онлайн-аукцион нәтийжелери ҳаққындағы мағлыўматлар өзлериниң рәсмий веб–сайтларына жайластырылатуғыны белгиленсин.
- Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Қаржы министрлиги ҳәм мәмлекет атынан акционер (шөлкемлестириўши, мүлк ийеси) ўазыйпаларын әмелге асырыўшы басқа министрлик, уйым ҳәм хожалық басқарыў уйымлары менен биргеликте:
бир ай мүддетте мәмлекет қатнасындағы кәрханалар басқарыў уйымларының мәжилислеринде оларға тийисли болған үлеслер, көшпес мүлклер, автомототранспорт қураллары ҳәм басқа тийкарғы қураллардан нәтийжели пайдаланыў, соның ишинде, оларды реализациялаў ямаса ижараға бериў бойынша «жол карталары»н тастыйықлаў басламасы менен шықсын;
еки ай мүддетте мәмлекет қатнасындағы кәрханалардың үлеслериниң көшпес мүлклери, автомототранспорт қураллары ҳәм басқа тийкарғы қураллары оларды реализациялаў яки ижараға бериў бойынша электрон саўда платформасындағы электрон онлайн–аукционға шығарылыўын басласын.
- 2022-жыл 1-январьдан баслап физикалық ҳәм юридикалық шахслар тәрепинен автомототранспорт қуралларын электрон саўда платформасындағы электрон онлайн-аукцион жолы менен ижараға бериўде шәртнамаларды нотариал тастыйықлаў талабы бийкар етилсин.
Бунда, электрон онлайн-аукцион нәтийжесине бола рәсмийлестирилген протокол ижара шәртнамасы күшине ийе болады.
Әдиллик министрлиги еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине автомототранспорт қураллары электрон саўда платформасы арқалы ижараға берилгенде, шәртнаманы нотариал тәртипте тастыйықлаў талабын бийкар етиў бойынша тийисли өзгерислерди киргизсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 26-августтағы «Аўыл хожалығына мөлшерленбеген бос турған жер участкаларын бериў ҳәм архитектура-қурылыс жумысларын әмелге асырыў тәртип-қағыйдаларын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4427-санлы қарары менен Мәмлекетлик хызметлер орайларында физикалық тәреплерге электрон онлайн-аукционда қатнасыў имканиятын жаратыў белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң:
Ташкент ҳәм Нөкис қалалары және ўәлаят орайларында Орайдың аймақлардағы 3 ден ўәкиллериниң жумысын жолға қойыў ҳәм олардың жуўапкершилигине аукционға шығарылып атырған объектлер бойынша реклама жумысларын шөлкемлестириў, халық арасында аукционды ен жайдырыў және оған шығарылып атырған объектлер бойынша мағлыўматларды сапалы таярлаўға көмеклесиў ўазыйпасын жүклеў;
Орай ҳәм оның аймақлардағы ўәкиллери объектлерди реклама етиў ушын Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлигине тийисли ушыўшысыз ушыў аппаратларынан белгиленген тәртипте пайдаланыў;
«E-ijro auksion» бирден-бир электрон саўда майданшасын «E-auksion» электрон саўда платформасы деп қайта атаў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.
Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Әдиллик министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Орайдың аймақлардағы ўәкиллериниң жумысын Мәмлекетлик хызметлер орайларында жолға қойыў ҳәм оларды зәрүр қураллар менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги:
Орайдың шөлкемлестириў структурасында Ишки аудит ҳәм комплаенс-қадағалаў хызмети шөлкемлестирилиўин және оның жуўапкершилигине аукционларды шөлкемлестириў ҳәм өткериўде коррупция жағдайларын анықлаў ҳәм оларды сапластырыў, сондай-ақ, Орай хызметкерлери арасында коррупция жағдайларына жол қоймаў бойынша профилактикалық илажларды әмелге асырыў ўазыйпасының жүклениўин;
Орайдың аймақлардағы ўәкиллерин сақлаў қәрежетлерин тийкарланған есап-санақларына бола Мәмлекетлик активлерди басқарыў, трансформация ҳәм меншиклестириў қоры есабынан қаплап барылыўын тәмийинлесин.
- Жер участкаларын электрон саўда платформасындағы электрон онлайн-аукцион жолы менен реализациялаў яки ижараға бериў тәртибин жетилистириў мақсетинде сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
жер участкаларын аукционға инвестиция киргизиў шәрти менен шығарыў тәртиби бийкар етиледи;
Мәмлекетлик салық комитети жанындағы Кадастр агентлиги жер участкалары бойынша аукцион өткерилиўи ҳаққындағы хабар жәрияланған пайыттан баслап барлық қатнасыўшыларға бул жер участкаларын алдыннан көриў (көзден өткериў) имканиятын тәмийинлейди;
жер участкасы бойынша тийисли мағлыўматлар, соның ишинде, фотосүўретлер, оның геолокация ҳәм координаталары толық көрсетилмеген ҳалда аукционға шығарыў ушын буйыртпа берилгенде, ол кемшиликлерди сапластырыў ушын қайтарылады.
- Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги:
а) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Саўда-санаат палатасы ҳәм Миллий телерадиокомпания менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте төмендегилерди нәзерде тутыўшы әмелий ис-илажлар режесин тасыйықласын:
республика бойлап барлық район ҳәм қалаларда аукционды үгит-нәсиятлаў бойынша семинар ҳәм дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестириў;
теле- ҳәм радиоканалларда ҳәр күни аукционда қатнасыў бойынша видео- ҳәм аудиосъемкаларды берип барыў, сондай-ақ, бул бағдарда дүркин көрсетиўлер таярлаў илажларын көриў;
2021-жыл 1-августқа шекем электрон саўда платформасында аукционда қатнасыўшылардың саны, сондай-ақ, аукцион процесин онлайн режимде бақлап барыўды енгизиў;
2021-жыл 1-октябрьге шекем электрон саўда платформасының демо версиясын ислеп шығыў, оны мектеп ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери арасында ен жайдырыў;
б) Орай менен биргеликте еки ай мүддетте мәлимлеме технологиялары тараўында жетерли тәжирийбеге ийе болған шөлкемлерди тартқан ҳалда, электрон саўда платформасының жаңаланған программалық тәмийнатын жаратыў ушын техникалық экономикалық тийкарларды ислеп шығып, тендер саўдаларын жәрияласын.
Бунда, аукцион нәтийжелери бойынша қактнасыўшылардың өз-ара есап-санақлар механизмин (клиринг) жүргизиўши мәлимлеме системасын енгизиў нәзерде тутылсын;
в) Орай менен биргеликте объектлер, соның ишинде, жер участкаларын электрон онлайн-аукционда сатып алып, қысқа мүддет даўамында оннан пайдаланбаған ҳалда олардың алды-саттысы менен шуғылланып атырған юридикалық ҳәм физикалық тәреплерди талқылаўлар тийкарында анықлап, саўдалардан белгиленген тәртипте шетлетиў илажларын көрип барсын.
- Министрлер Кабинети бир ай мүддетте усы қарар талапларынан келип шығып, электрон саўда платформасында шөлкемлестирилетуғын электрон онлайн-аукционлар тәртип-қағыйдаларының бирден-бир тәртибин, соның ишинде, аукцион нәтийжелери бойынша рәсмийлестирилетуғын протоколдың үлги формасын тасыйықласын.
Бул бирден-бир тәртипте орынлаў ҳүжжетлери бойынша объектлерди электрон онлайн-аукционға шығарыў ҳәм реализациялаўдың өзине тән өзгешеликлери инабатқа алынсын.
- Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги директоры А.Ж.Ортиқов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер мәкемелердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 24-июль