23-июль күни Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти.

Сиясий партиялардың басшылары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан илажда Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен 2021-жыл 24-октябрь Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаў күни, деп белгиленди. Сайлаў кампаниясы 23-июльден басланатуғыны жәрияланды.

Президент сайлаўы усы жылы 8-февральда Өзбекстан Республикасы Конституциясының 117-статьясына киргизилген өзгериске муўапық, октябрь айында болып өтеди. Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы Зайниддин Низомхўжаев Президент сайлаўының жаңаланған миллий сайлаў нызамшылығы, улыўма тән алынған халықаралық стандартларға сәйкес, демократиялық принциплер тийкарында, ашық-айдын өткерилетуғынын айрықша атап өтти.

Болажақ сайлаў 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген демократиялық идеялардың әмелдеги және бир айқын көриниси болады.

2016-жыл 4-декабрьдеги Президент сайлаўынан берли өткен бес жыл даўамында халық, мәмлекет турмысында, жәмийетте, миллий сайлаў нызамшылығында үлкен өзгерислер жүз берди. Абырайлы халықаралық шөлкемлер ҳәм экспертлер кеңнен тән алғанындай, бул дәўирде республика турмысының жәмийетлик-сиясий ҳәм экономикалық тараўларында халықтың абаданлығын арттырыўға бағдарланған анық реформалар әмелге асырылды. Дәслепки рет Өзбекстан Республикасының Сайлаў кодекси тийкарында өтетуғын Президент сайлаўында конституциялық қағыйдалар ҳәм халықаралық сайлаў стандартларына бола Өзбекстан Республикасының Президенти, яғный мәмлекет басшысы дәўирлик принципи тийкарында сайланатуғыны тәмийинленеди. Қалаберди, мәмлекетимизде сиясий партиялардың саны және биреўге көбейип, партиялараралық бәсеки сезилерли дәрежеде күшейди.

Мәжилисте сайлаў кампаниясы дәўиринде барлық сиясий партиялар ҳәм олар көрсеткен талабанлар ушын саламат бәсеки орталығы ҳәм теңдей шараят жаратылатуғыны айрықша атап өтилди. Онда Президент сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы жумыслар, соның ишинде, сайлаўшылардың даўыс бериў процесин өз кандидатурасын алға қойған сиясий партиялар, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлердиң ўәкиллери, журналистлер, соның ишинде, сырт елли журналистлер – мыңлаған бақлаўшылар бақлап барады.

Болажақ сайлаўды сиясий-ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик жақтан жоқары дәрежеде өткериў мақсетинде Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен  усы жыл 14-апрельде тастыйықланған Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўға таярлық көриў бойынша тийкарғы илажлар бағдарламасына бола, бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Оған бола, Президент сайлаўының әҳмийети, өзине тән тәреплери, Сайлаў кодекси, сайлаў нызамшылығына киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалардың мазмун-мәнисин сайлаўшыларға ҳәм сайлаўды шөлкемлестириўшилерге жеткериў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленген. Сайлаў кампаниясы жәрияланғанға шекем болған дәўирде әмелге асырылған илажлар миллионлаған пуқараларды қамтып алды.

 

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзАның хабаршысы