Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы

Халықтың дөретиўшилик қүдирети жоқарылаған ҳәзирги заманда Үшинши Ренессанстың илимий-руўхый тийкарын беккемлеў, жасларды Ўатанға муҳаббат, миллий-диний қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, елимиздиң ислам цивилизациясын раўажландырыў бағдарындағы ролин және де арттырыў ҳәм уллы илимпазлардың жәҳән прогрессине қосқан үлесин миллий ҳәм халықаралық көлемде ғалаба ен жайдырыў мақсетинде:

  1. Министрлер Кабинети, Дин ислери бойынша комитети, Илимлер академиясы, Инновациялық раўажланыў министрлиги ҳәм Мәденият министрлигиниң Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайын (кейинги орынларда – Орай):

«Үшинши Ренессанс – Жаңа Өзбекстан» идеясын кеңнен үгит-нәсиятлаўшы;

мәмлекет тарийхының жаңа раўажланыў дәўириндеги жетискенликлерин илимий тийкарда үйрениўши, оны кең жәмийетшиликке жеткерип бериўши;

материаллық мәдений мийрас үлгилерин, ислам дини менен байланыслы тарийхый ҳәм бай дәстүрлерди үгит-нәсиятлайтуғын илимий-ағартыўшылық мәканға айландырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

  1. Төмендегилер Орайдың жаңаланған тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

муқаддес ислам дини менен байланыслы бай мийрасты илимий изертлеў, оның Орайлық Азия цивилизациясының раўажланыўындағы орнын инновациялық усыллар арқалы үгит-нәсиятлаў;

Өзбекстанда жүз берген улыўмамиллий раўажланыўлар, тарийхый ренессанслардың тамырлары ҳәм мазмун-мәнисин мәмлекетимиз халқы, әсиресе, жасларға жеткериў бойынша зәрүр илажларды көриў;

уллы ата-бабалардың жәҳән прогресси, диний ҳәм дүньялық илимлер раўажланыўына қосқан үлесин ең заманагөй усыллар ҳәм қураллар арқалы жарытып барыў;

жасларды илим-ағартыўшылыққа шақыратуғын, миллийлик ҳәм динийлик арасындағы үйлесимлилик мәнисин кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған медиа өнимлер, илимий қолланбалар ҳәм усынысларды таярлаў;

зыярат туризминиң илимий тийкарлары бойынша жетерли теориялық билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе гид-аўдармашыларды таярлаў және олардың маманлығын системалы арттырып барыўды тәмийинлеў;

илимниң жедел раўажаланыўын көрсетип бериўши мазмунлы экспонатлар фонды, қолжазба ҳәм заманагөй баспалардан ибарат бай китапханалар системасын қәлиплестириў және олардың жәҳән музейлери ҳәм китапханалары тармағына жалғаныўын тәмийинлеў;

Өзбекстан халқының ислам цивилизациясына қосқан үлеси бойынша фундаменталь изертлеўлер бағдарламалары ҳәм илимий жойбарларды ислеп шығыў ҳәм олардың әмелге асырылыўын қоллап-қуўатлаў;

ислам цивилизациясын изертлеў тараўының әҳмийетли илимий-теориялық ҳәм методикалық мәселелерине бағышланған конференциялар, симпозиумлар, көргизбелер ҳәм илимий баянатлар, семинар-тренинглер, таңлаўлар ҳәм басқа да мәдений-ағартыўшылық илажларды турақлы шөлкемлестирип барыў;

ислам цивилизациясы бағдарында әмелге асырылған  жаңа изертлеўлердиң нәтийжелеринен илимий жәмийетшиликти хабардар етип барыў,  республикамыз музейлери ҳәм китапханаларында ислеп атырған хызметкерлердиң кәсиплик потенциалын арттырыў бойынша  илимий-әмелий ҳәм методикалық тренинглерди  жолға қойыў;

ислам тарийхы ҳәм мәденияты бағдарына байланыслы билимлерди арттырыў, тарийхый қолжазба ҳәм тасқа басылған шығарамаларды дүзетиў,  қағаз таярлаў, китап ҳәм түплеў жумыслары, каллиграфия көркем өнерин тиклеў,  ислам дәреклерин үйрениў  бойынша оқыў курсларын  шөлкемлестириў;

«Үшинши Ренесанс – Жаңа Өзбекстан» идеясының мазмун-мәнисин, соның ишинде, оның илимниң раўажланыўын, динлераралық ҳәм миллетлераралық кеңпейилликти тәмийинлеўдеги роли ҳәм әҳмийетин жәмийетшилик арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў.

  1. Жәҳән илиминиң раўажланыўы ҳәм цивилизациясына үлес қосқан ата-бабаларымыздың илимий мийрасын изертлеў және жаңа раўажланыў дәўириндеги жетискенликлерди үгит-нәсиятлаў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

«Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеўде тийисли  министрликлер ҳәм уйымлардың бириши басшылары жеке жуўапкер етип белгиленсин.

  1. Орай жанында юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайын раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилсин.

Орайдың директоры Қор қаржыларына ийелик етиўши болып есапланатуғыны белгиленсин.

  1. Төмендегилер:

а) Қор қаржыларын қәлиплестириўдиң тийкарғы дәреклери етип белгиленсин:

Мәмлекетлик бюджет қаржылары;

сырт ел (халықаралық) финанс институтлары ҳәм басқа да сырт ел донорларының техникалық жәрдем қаржылары ҳәм грантлары;

қәўендерлик қайырқомлары;

нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер;

б) Қор қаржылары жумсалатуғын бағдарлары етип белгиленсин;

илимий әдебиятларды жаратыў, басып шығарыў, сийрек ушырасатуғын шығармалар ҳәм ҳүжжетлерди сатыў арқалы Орайдың китап фондын кеңейтиў;

илимий изертлеўлерге жәрдемлесиў, изертлеў жумысларын қоллап-қуўатлаў ушын  грантлар ажыратыў;

жәмийетлик, илимий, руўхый-ағартыўшылық илажларды шөлкемлестириў;

кадрларды таярлаў, қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў  бағдарламаларын әмелге асырыў, сондай-ақ,  конференциялар, семинарлар ҳәм басқа да илажларды, соның ишинде, сырт еллерде шөлкемлестириў;

Орайдың жумысы ушын зәрүр болған  мультимедиа ҳәм тармақ қурылмалары және программалық тәмийнатларды сатып алыў, Орай жумысына заманагөй мәлимлеме технологияларын енгизиў.

Орай еки ай мүддетте Қордың қаржыларын қәлиплестириў ҳәм олардан пайдаланыў тәртиби ҳаққындағы реже жойбарын ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Орай жанында Самарқанд қағазы, түплеў ҳәм каллиграфияның тарийхый дәстүрлерин тиклеў бойынша устахана-лаборатория (кейинги орынларда – Лаборатория) шөлкемлестирилсин ҳәм Лаборатория тәрепинен өткерилетуғын изертлеў сынақларының тийкарғы бағдарлары 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Лабораторияны шөлкемлестириў, айырым әсбап-үскенелер, есаплаў техникалық қураллары, комплектлеўши материаллар менен тәмийинлеў ҳәм оларды орнатыўға байланыслы қәрежетлер Қордың қаржылары,  халықаралық финанс институтлары ҳәм шөлкемлериниң техникалық жәрдем қаржылары (грантлары) және нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны;

Лаборатория жумысына тараўда жетерли дәрежедеги билим ҳәм ис-тәжирийбесине ийе болған маман қәнигелер  Орай тәрепинен пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалар тийкарында тартылатуғыны ҳәм олардың гонорары (мийнет ҳақы) Қордың есабынан төленетуғыны;

Лаборатория тәрепинен өткерилетуғын изертлеў сынақларының нәтийжелерин, соның ишинде, Самарқанд қағазы, түплеў ҳәм каллиграфия көркем өнери дөретиўшилик өнимин реализациялаўдан түскен қаржылар Орай ҳәм Лаборатория жумысын раўажландырыўға жумсалатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Орай музейи экспозициялары ҳәм китапханасы фондын қәлиплестириў, халықтан сатып алынатуғын қолжазба, тасқа басылған шығармалар, тарийхый ҳүжжетлер, экспонатларды таллаў, таңлап алыў, олардың бийбаҳалылығын анықлаў ҳәм баҳалаў бойынша экспертлик комиссия (кейинги орынларда – Комиссия) дүзилсин ҳәм оның қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Орай Илимлер академиясы, туризм ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте  бир ай мүддетте  Комиссия жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы режениң  жойбарын ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Орай ҳәм Илимлер академиясы Абу Райхан Беруний атындағы Шығыстаныў институты тарийхый жазба дәреклерди орайласқан ҳалда сақлаў, изертлеў, олардың жағдайын турақлы мониторинг етиў бойынша жуўапкер мәмлекетлик мәкемелери етип белгиленсин.

Орай  бир ай мүддетте мәмлекет қарамағындағы барлық музей, китапхана, архив фондлары ҳәм басқа да мәмлекетлик мәкемелердеги  тарийхый қолжазба ҳәм тасқа басылған дәреклер дизимин қәлиплестирсин.

  1. Министрлер Кабинети үш ай мүддетте:

Орай тәрепинен берилген дизим тийкарында тарийхый жазба дәреклердиң басқышпа-басқыш Орай қарамағына өткерилиўи бойынша илажларды көрсин;

Ислам цивилизациясы ҳәм зыярат туризминиң илимий тийкарлары бойынша жетерли теориялық билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе гид- аўдармашыларды таярлаў және олардың маманлығын турақлы арттырып барыў системасын жолға қойыў мақсетинде Ислам цивилизациясы ҳәм зыярат турзми бағдарында гид-экскурсоводлары жетистириў бойынша Орай жанында маманлық арттырыў ҳәм қайта таярлаў курсларын шөлкемлестирсин;

Орайды  жоқары мағлыўматлы, терең билим ҳәм әмелий тәжирийбеге ийе кадрлар менен толықтырыў илажларын көрсин.

  1. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Орай менен биргеликте 2022-жыл 1-декабрьге шекем:

Орай қурамындағы китапхана, архив және музейде сақланып атырған қолжазба ҳәм тасқа басылған китаплар, тарийхый дәлил ҳәм ҳүжжетлер, археологиялық табылмаларды санластырыў илажларын көрсин;

санластырылған  барлық мағлыўматларды өзинде сәўлелендириўши мобиль қосымшаны иске қоссын ҳәм халық арасында оның кеңнен үгит-нәсиятланыўын  әмелге асырсын;

Орай рәсмий веб-сайты, мағлыўматлар базасы ҳәм мобиль қосымша арасында  мағлыўматлар алмасыў интеграциясын тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 4-қосымшаға муўапық қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилсин.
  2. Орай ҳәм оның структуралық бөлимлери Ташкент қаласы, Абдулла Қадирий көшеси, 11-жай мәнзилиндеги Өзбекстан халықаралық ислам академиясы имаратына бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
  3. Қаржы министрлиги усы қарарға тийкарынып быйылғы жылы нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыў жумыслары ушын 2021-жылғы Мәмлекетлик бюджет параметрлери шеңберинде қаржылар ажыратылыўын, 2022-жылдан баслап болса келеси жыллары әмелге асырылыўы белгиленген ўазыйпалар ушын  Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде зәрүр қаржылардың нәзерде тутылыўын тәмийинлесин.
  4. Орай мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў, тийисли уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаўға жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Б.А.Мусаев ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Ш.Ш.Миноваров белгиленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша мәлимлеме киргизип барылсын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                         Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 16-июль