Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаўды басқарыў системасын және де жетилистириў, фитосанитар ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, минерал төгинлер менен химиялық қуралларды жеткерип бериў ҳәм хызмет көрсетиў системасын толық жеке меншик секторға өткериў, сыртқы базарда жергиликли аўыл хожалығы өнимлериниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм мәмлекеттиң экспорт потенциалын кеңейтиў, минерал төгинлер ҳәм агрохимиялық хызметлердиң сапасын арттырыў мақсетинде:

  1. Министрлер Кабинети жанындағы Өсимликлер карантини мәмлекетлик инспекциясы негизинде Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги шөлкемлестирилсин.
  2. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги, Монополияға қарсы гүресиў комитети, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги, «Ўзагрокимёҳимоя» АЖ ҳәм аймақлық «Агрокимёҳимоя» АЖлар акционерлериниң:

«Ўзагрокимёҳимоя» АЖ ҳәм аймақлық «Агрокимёҳимоя» АЖлар;

Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Химияластырыў ҳәм өсимликлерди қорғаў қуралларын сынақтан өткериў ҳәм дизимге алыў бойынша мәмлекетлик комиссияны сапластырыў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин;

«Ўзагрокимёҳимоя» АЖ ҳәм аймақлық «Агрокимёҳимоя» АЖларды сапластырыў бойынша Республикалық комиссия (кейинги орынларда-Сапластырыў комиссиясы) қурамы 1-қосымшаға муўапық ҳәм оның аймақлық комиссияларының (кейинги орынларда-аймақлық комиссия)үлги қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Сапластырыў комиссиясы (Ш.М.Ғаниев):

үш ай мүддетте «Ўзагрокимёҳимоя» АЖ ҳәм аймақлық «Агрокимёҳимоя» АЖлардың дебитор ҳәм кредитор қарыздарлықларын белгиленген тәртипте хатлаўдан өткерип, кредиторлар менен есап-санақларды әмелге асырсын;

еки ай мүддетте «Ўзагрокимёҳимоя» АЖ ҳәм аймақлық «Агрокимёҳимоя» АЖлардың мүлклери ҳәм тийкарғы қуралларын хатлаўдан өткерип, Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигине (кейинги орынларда – Агентлик) өткериў ямаса меншиклестириў илажларын көрсин;

мүлк ҳәм техникалар талан-тараж етилиўиниң алдын алыў бойынша илажлар көрип барсын.

  1. Өсимлик зыянкеслери, кеселликлери ҳәм жабайы шөплерге қарсы гүресте өндирис ҳәм хызмет көрсетиў менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлери тәрепинен бул бағдарда зәрүр қайта ислеў техникалары, агрометеостанциялар, биолаборатория үскенелери ҳәм басқа да үскенелер сатып алыныўында мәмлекет тәрепинен 2024-жыл 31-декабрьге шекем қоллап-қуўатлаўдың төмендеги тәртиби енгизилсин:

а) төмендегилер Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен компенсацияланады:

суммасы 10 миллиард сумнан, процент ставкасы Орайлық банктиң тийкарғы ставкасының 1,75 есесинен артпайтуғын миллий валютада ажыратылатуғын кредитлер ушын процент төлемлериниң қәрежетлери, Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан артатуғын, бирақ  7 процент пункттен көп болмаған бөлеги;

коммерциялық банклер тәрепинен эквиваленти 10 миллиард сумнан артпайтуғын сырт ел валютасында ажыратылатуғын кредитлер ушын – коммерциялық банклер тәрепинен белгиленген процент ставкасының 30 процентине шекем, бирақ 3 процент пунктинен көп болмаған муғдарда процент;

б) ажыратылатуғын кредит тәмийнатының 50 процентине шекем, бирақ 10 миллиард сумнан аспайтуғын муғдарда Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры кепиллик усынады.

  1. Төмендегилер «Агробанк» АКБ тәрепинен:

өсимлик зыянкеслери, кеселликлери ҳәм жабайы шөплерге қарсы гүресте өндирис ҳәм хызмет көрсетиў менен шуғылланатуғын исбилерменлик субъектлерине лабораторияларды шөлкемлестириў, үскене ҳәм техникаларды сатып алыў және айланыс қаржылары ушын 200 миллиард сумлық кредит линиясы ашылғанлығы;

Аўыл хожалығы бағдарында, соның ишинде, өсимликлерди қорғаў тараўында илимий жумысты қоллап-қуўатлаў, қәнигелер ҳәм халықтың билим дәрежесин арттырыў мақсетинде «Агробанк» АКБ жанында «Фермерлер мектеби» шөлкемлестирилгенлиги;

Өсимликлерди қорғаў илимий-изертлеў институты ҳәм тараўдағы излениўшилердиң илимий жумысын қоллап-қуўатлаў мақсетинде жаңа инновациялық изертлеўлерди әмелиятқа енгизгенлиги ушын 10 миллиард сумм муғдарында грант ажыратылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

  1. Ташкент ўәлаяты ҳәкимлиги ҳәм «Агробанк» АКБның Ташкент ўәлаятында өсимликлерди қорғаўдың комплексли хызметлерин көрсетиўши орайды (кейинги орынларда – Үлги орай) шөлкемлестириў бойынша буйыртпашы етип «Агробанк» АКБны белгилеў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине «Агробанк» АКБ менен биргеликте Үлги орай тәжирийбеси тийкарында исбилерменлердиң өсимликлерди қорғаўдың комплексли хызметлерин көрсететуғын бизнес жойбарларын интакерлердиң өз қаржылары, банк кредити ҳәм лизинг тийкарында басқышпа-басқыш шөлкемлестирип барыў ўазыйпасы жүкленсин.
  3. Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Агентликтиң жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарар жойбарын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.
  4. Агентлик:

а) Аўыл хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги және Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте 2021-жыл 1-декабрьге шекем айрықша жағдайларда зыянкеслерге қарсы гүресиў және өнимди сақлап қалыўды тәмийинлеў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў тәртибин ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин;

б) алты ай мүддетте «Өсимликлер карантини ҳаққында»ғы ҳәм «Аўыл хожалығы өсимликлерин зыянкеслер, кеселликлер ҳәм жабайы шөплерден қорғаў ҳаққында»ғы нызамлардың нормаларын қайта көрип шығып, Министрлер Кабинетине тийисли нызам жойбарын киргизсин;

в) усы жылдың ақырына шекем минерал төгин ҳәм химиялық қураллардың импорты, көтере ҳәм усақлап сатыў саўда жумысын лицензияланатуғын жумыс түрлериниң дизимине белгиленген тәртипте киргизиў илажларын көрсин;

г) усы жылдың ақырына шекем:

жеке меншик секторда өсимликлерди қорғаў тараўында хызмет көрсететуғын юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң хызметкерлерин сертификатлаў;

аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде айырым химиялық қуралларды агроном – инспектордың усынысы ҳәм рецепти тийкарында жерден пайдаланыўшының шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет тийкарында сатыў тәртибин ислеп шығып, тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Усы Пәрманда белгиленген илажлардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:

а) Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Б.Хусанов) Агентлик пенен биргеликте зыянлы организмлерге қарсы гүресиў илажларын әмелге асырыўда агроном, фитопатолог, энтомолог, хим-биолог болған қәнигелерди жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде оларды оқытыў ҳәм маманлығын арттырыў арқалы өсимликлер клиникаларының жумысын шөлкемлестириў тәртибине муўапық, өсимликлер клиникалары ҳәм биолабораторияларға тартыў системасын қәлиплестирсин;

б) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Ш.М.Садиков) Агентликтиң «eFitouz» автоматластырылған мәлимлеме системасын және де кеңнен енгизиў мақсетинде тараўға байланыслы барлық жумысты усы системаға интеграциялаўда тийисли илажларды әмелге асырсын;

в) Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети (Б.Қ. Юсупалиев) аўыл хожалығы өнимлери қурамында зыянлы затлардың (пестицидлер, микотоксинлер, нитратлар, токсикалық элементлер, минерал төгинлер ҳәм басқалар) муғдарын белгилеў ҳәм олардың қәўипсизлигине қойылатуғын талапларды халықаралық стандартларға үйлестирсин.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери усы Пәрманда белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, жаңа системаны нәтийжели шөлкемлестириў бойынша анық илажларды нәзерде тутатуғын «Жол карталары»н тастыйықласын ҳәм онда белгиленген ўазыйпалардың өз ўақтында толық көлемде ҳәм сапалы орынланыўы ушын жеке жуўапкер екенлиги көрсетип өтилсин.
  2. Агентлик Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы менен биргеликте:

Пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларын ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендириў жумысларын шөлкемлестирсин;

өсимликлерди қорғаў тараўындағы илажларды әмелге асырыў ҳаққында телевидение арқалы көрсетиўлерди турақлы көрсетсин және социаллық реклама сыпатында оларды телевидение ҳәм радиоканалларда жайластырсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 3-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  2. Агентлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң бас директоры, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.

Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги ҳаққында 2021-жылдың 31-декабрь күнине шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 15-июль