Дүнья жүзинде коронавирустың еки түрли штаммын жуқтырыў жағдайлары күнненкүнге артып бармақта.

Ҳәттеки жақында еки түрли мутацияны жуқтырған бир наўқас қайтыс болғаны дизимге алынды.

Яғный, 3-март күни Бельгияның католик клиникасына жатқарылған 90 жастағы ҳаялда әйне еки түрли вирус анықланған. Алдын наўқаста дем алыў бойынша қыйыншылық болмаған ҳәм кислород дәрежеси нормада болған. Кейин болса оның жағдайы төменлеген ҳәм бес күннен кейин қайтыс болған. Өлиминен кейин алынған тестте COVIDтиң еки түри – коинфекция жағдайы (Alfa (инглиз штаммы) ҳәм Beta (Қубла Африка штаммы) анықланған. Марҳум штаммларды еки түрли адамнан жуқтырған болыўы мүмкин деп шамалады. Бирақ, ҳаял жалғыз жасаған ҳәм вирусқа қарсы шаншылған. Бул коинфекцияның биринши рәсмий дизимге алынған жағдайларынан бири еди. Оның өлимине коинфекция себеп болған ба ямаса болмаған ба, оны толық дәлийллей алмаған.

Дүньяның түрли мәмлекетлеринде усындай және жети жағдай  бақланған болып, олардан және биреўи Таиландта дизимге алынған. Бангкок қаласында қурылысшы-жумысшылар медициналық тексериўден өткерилгенде бир ўақыттың өзинде еки штамм – Alfa ҳәм Delta тасыўшысы анықланған. Кейин ала коинфекция жағдайы Ҳиндстан, Эквадор, Португалия ҳәм Қурама Штатларда дизимге алынды. АҚШ илимпазлары Невада штатынан келген 25 жасар жигиттиң қайта вирусқа шалынғанын үйренип шыққанда, наўқастың тез тәўир болғаны, бирақ май айының ақырында және өзин жаман сезгени – температура, жөтел, бас аўырыўы, диарея ҳәм басқа да белгилер менен емлеўханаға қайта жатқарылғаны атап өтилген.

Еки тәреплеме инфекцияның дәслепки жағдайларынан бири Россияның Орайлық илимий-изертлеў эпидемиологиялық институтының рус илимпазлары тәрепинен тексерилди. Олар жоқары температура ҳәм коронавирустың басқа да белгилери менен емлеўханаға жатқарылған 90 жасар наўқастың PZR тексериўи коронавирустың бар екенлигин көрсеткени, ол интенсив терапияға жатқарылғанынан бес күн өткеннен кейин қайтыс болғанын мәлим етти.

Ҳәзирги ўақытта коинфекция бойынша мағлыўматлар аз. Жуўмақ шығарыўға болса еле ерте. Айырым қайта кеселлениў жағдайы коинфекцияны жасырыўы мүмкин деген шама бар. Илимпазлардың бир организмде еки түрли вирус штаммының белгилери ҳәм вакциналардың тәсири бағдарындағы изертлеўлер еле даўам етпекте.

 

ӨзА