Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Денсаўлықты сақлаў тараўы ушын жоқары маман кадрлар таярлаўды және де жетилистириў, халықаралық билим стандартларын енгизиў, медициналық хызметлердиң көлемин ҳәм сапасын арттырыў, медицина әмелияты, билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлер арасындағы интеграцияны тәмийинлеў, емлеў-диагнозлаў процесине алдынғы жетискенликлерди ҳәм инновацияларды енгизиў мақсетинде:
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Россия Федерациясы Денсаўлықты сақлаў министрлиги «Н.И.Пирогов атындағы Россия миллий изертлеў медицина университети» Федераллық мәмлекетлик автономиялық жоқары билимлендириў мәкемесиниң (кейинги орынларда – Университет) Россия Федерациясы Денсаўлықты сақлаў министрлиги «Н.И.Пирогов атындағы Россия миллий изертлеў медицина университети» Федераллық мәмлекетлик автономиялық жоқары билимлендириў мәкемесиниң Ташкент қаласындағы филиалын (кейинги орынларда – Филиал) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы қоллап-қуўатлансын.
- Төмендегилер Филиал жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
денсаўлықты сақлаў системасы ҳәм халықтың саламатлығын қорғаў ушын әҳмийетли илимий-әмелий машқалаларды шешиўге уқыплы болған жоқары маман медицина кадрларын таярлаў;
медицина кадрларын таярлаў системасын жетилистириў ҳәм модернизациялаўға бағдарланған заманагөй билимлендириў бағдарламалары ҳәм оқытыў түрлерин ислеп шығыў ҳәм енгизиў, оқыў процесине алдынғы педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологияларын, илим ҳәм техниканың соңғы жетискенликлерин енгизиў, оқыў-педагогикалық потенциалды раўажландырыўды хошаметлеў;
медицина ҳәм медицина илими тараўында фундаменталлық ҳәм әмелий илимий изертлеўлерди алып барыў;
билимлендириў ҳәм илимниң үзликсизлигин ҳәм тығызлығын, сондай-ақ, жәҳән билимлендириў ҳәм илимий жәмийетшиликке мәжбүрий интеграцияласыў есабынан қәнигелер, илимий ҳәм илимий-педагогикалық кадрлар таярлаў системасын раўажландырыў;
билимлендириў ҳәм илимий жумыстың медициналық ҳәм фармацевтикалық жумыс пенен терең интеграцияласыўы ушын шараятлар жаратыў;
сырт мәмлекетлердиң жетекши билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери менен билимлендириў ҳәм медицина илими тараўларында узақ мүддетли қатнасықларды беккемлеў.
- Филиал Университеттиң юридикалық тәреп статусына ийе болған айрықша структуралық бөлими болып, билимлендириў, илимий, хожалық ҳәм басқа да жумысты әмелге асырыў ҳуқықына ийе екенлиги;
Филиалдағы билимлендириў процеси Россия Федерациясының федераллық билимлендириў стандартларына муўапық, Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисилген ҳалда Университет тәрепинен тастыйықланатуғын оқыў режелери ҳәм билимлендириў бағдарламалары тийкарында рус тилинде алып барылатуғыны;
Филиал билимлендириў жумысын 2022/2023-оқыў жылынан баслайтуғыны;
абитуриентлерди қабыллаў ҳәм пикериўшилерди аттестациядан өткериў Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисилген ҳалда Университет тәрепинен белгиленетуғын талаплар, тәртип ҳәм мүддетлерге муўапық әмелге асырылатуғыны;
Филиал пиктериўшилерине Өзбекстан Республикасында жоқары мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғын Университеттиң белгиленген үлгидеги дипломы берилетуғыны;
Филиал Өзбекстан Республикасы ҳәм Россия Федерациясының нызамшылығына муўапық түрде жумысын әмелге асыратуғыны белгилеп қойылсын.
- Төмендегилер:
Россия Федерациясының Денсаўлықты сақлаў министрлиги «Н.И.Пирогов атындағы Россия миллий изертлеў медицина университети» Федераллық мәмлекетлик автономиялық жоқары билимлендириў мәкемесиниң Ташкент қаласындағы филиалында кадрлар таярлаўдың тийкарғы бағдарлары (қәнигеликлери) 1-қосымшаға муўапық;
Россия Федерациясының Денсаўлықты сақлаў министрлиги «Н.И.Пирогов атындағы Россия миллий изертлеў медицина университети» Федераллық мәмлекетлик автономиялық жоқары билимлендириў мәкемесиниң Ташкент қаласындағы филиалы Қәўендерлик кеңесиниң қурамы 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Төмендегилер Қәўендерлик кеңесиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
Филиалдың толық жумыс алып барыўына байланыслы шөлкемлестириўшилик, финанслық, юридикалық, экономикалық, билимлендириў, методикалық, логистикалық ҳәм басқа да мәселелерди шешиў;
оқыў процесин, студентлердиң оқыў-педагогикалық әмелиятын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм жетилистириў, мийнет базарының кейинги раўажланыўын есапқа алған ҳалда, қәнигелер ҳәм илимий-техникалық кадрлар таярлаўдың перспективалы бағдарларын белгилеўде жәрдемлесиў, оқытыўдың сапасын режели тийкарда арттырып барыў, Филиал питкериўшилерин жумысқа жайластырыў;
тараўдың жедел раўажланыўын тәмийинлеў ушын қайырқомлық, техникалық жәрдем қаржылары (грантлар) ҳәм бюджеттен тасқары басқа да қаржыларды тартыў;
Филиалдың материаллық-техникалық, оқыў-методткалық базасын беккемлеў, оны заманагөй оқыў-лаборатория әсбап-үскенелери ҳәм оқыў материаллары менен тәмийинлеў, социаллық инфраструктураны жақсылаўға жәрдемлесиў;
ҳәр оқыў жылында билим алыўшылардың санын анықлаў;
Университет ҳәм усы тараўға қәнигелескен басқа да жетекши сырт елдеги жоқары билимлендириў шөлкемлеринде әмелиятты отеў ушын қәбилетли студентлерди ҳәм ординатура тыңлаўшыларын сайлап алыў, сондай-ақ, сырт елде оқыў ушын арнаўлы стипендиялар шөлкемлестириў;
Филиалдың имаратлары ҳәм объектлерин, соның ишинде, студентлердиң турақ жайын ҳәм оқытыўшылар ушын мийманхана комплексин қурыў, реконструкциялаў мәселелерин муўапықластырыў, сондай-ақ, Филиалды заманагөй оқыў-лаборатория ҳәм симулация әсбап-үскенелери, компьютер ҳәм оргтехника, оқытыўдың техникалық қураллары, әдебиятлар, мультимедия өнимлери, инвентарьлар, мебельлер ҳәм басқа да материаллық-техникалық қураллар менен тәмийинлеў;
министрликлер ҳәм уйымлар тәрепинен Филиалдың жумысын шөлкемлестириў бойынша ўазыйпалардың орынланыўын турақлы мониторинг етиў.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, «Эл-юрт умиди» қоры Университеттиң 2021/2022-оқыў жылында 35 Өзбекстан Республикасы пуқараларының 3-қосымшаға муўапық қәнигеликлер бойынша ординатура бағдарламаларына муўапық Университетте билим алыўын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
- Мағлыўмат ушын қабыл етилсин, Университет:
Филиалдың билимлендириў процесине алдынғы педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологияларын, илим менен техниканың ең жаңа жетискенликлерин енгизеди;
Филиалдың профессор-оқытыўшыларын турақлы түрде қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бойынша жумысларды, соның ишинде, жергиликли ҳәм сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери ҳәм илимий-изертлеў орайларында аралықтан оқытыў арқалы шөлкемлестиреди;
Филиалдың китапхана фондын қәлиплестириў ҳәм оны заманагөй оқыў, оқыў-методикалық ҳәм илимий-техникалық әдебиятлар менен толықтырыўда жәрдем береди.
- Россия Федерациясының Денсаўлықты сақлаў «Н.И.Пирогов атындағы Россия миллий изертлеў медицина университети» Федераллық мәмлекетлик автономиялық жоқары билимлендириў мәкемесиниң Ташкент қаласындағы филиалын шөлкемлестириў бойынша илажлар режеси 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Филиал Ташкент қаласы, Яшнабад районы, Мақтумқулы көшеси, 103-жай мәнзилинде жайласқан Ташкент медицина академиясының көп тармақлы клиникасының имаратлары менен объектлерине бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
- Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы, академик В.Вахидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медициналық орайы ҳәм Ташкент мәмлекетлик стоматология институты аймағында жаңадан шөлкемлестирилип атырғын көп тармақлы клиника Филиалдың тийкарғы клиникалық базалары (кейинги орынларда – Филиалдың клиникалық базалары) сыпатында белгиленсин.
- а)Филиалға жыллық қабыллаў параметрлери тармақ ҳәм аймақлардағы медицина кадрларына болған талапты есапқа алып, Университет пенен келисилген ҳалда Қәўендерлик кеңесиниң қарары менен тастыйықланатуғыны;
б) мақсетли буйыртпа бойынша кадрларды таярлаў, соның ишинде, Филиал питкериўшилериниң келешекте жумыс пенен тәмийинлениўи бойынша шәртлер абитуриетлер ҳәм мәпдар министрликлер менен уйымлар, сондай-ақ, басқа да шөлкемлер арасындағы келисимлерге муўапық анықланатуғыны;
в) мәмлекетлик грант тийкарында билим алған Филиал питкериўшилери Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик медицина мәкемелеринде кеминде 5 жыл жумыс ислеў шәрти менен жумысқа бөлистирилетуғыны;
г) Филиалдың жумысын қаржыландырыў:
Филиалға оқыўға қабыл етилетуғын студентлердиң улыўма санының 40 процентинен аслам болмаған студентлер ҳәм ординатура тыңлаўшыларын мәмлекетлик грантлар бойынша оқытыў ушын Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине ҳәр жылы ажыратылатуғын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;
төлемли-шәртнама тийкарында студентлерди оқытыўдан түскен қаржылар;
#әўендерлик кеңестиң қарарлары тийкарында қәлиплестирилетуғын пул қаржылары, юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң мақсетли төлемлери және қайырқомлық жәрдемлери;
халықаралық финанс институтлары ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грант қаржылары, сондай-ақ, нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да қаржылар есабынан әмелге асырылатуғыны;
д) Университеттен тартылатуғын профессор-оқытыўшылардың хызмет сапары қәрежетлерин төлеў:
30 күнге шекемги қысқа мүддетли хызмет сапарларында –Россия Федерациясының нызамшылығы бойынша жоқары билимлендириў мәкемелериниң хызметкерлери ушын нәзерде тутылған нормалар бойынша;
оқыў процесиниң талапларынан келип шығатуғын узақ мүддетли хызмет сапарларында – дүзилетуғын шәртнамаларға муўапық әмелге асырылатуғыны;
е) Филиалдың тәмийинаты ушын бюджет ажыратпалары 2021-жылы Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинен биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўши сыпатында Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде ажыратылатуғыны, 2022-жылдан баслап болса Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигине ажыратылатуғын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны белгилеп қойылсын.
- Филиалға еки жеңил, соның ишинде, бир жеке бириктирилген ҳәм бир нәўбетши автотранспорт қуралын сақлаў ушын лимит ажыратылсын.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги:
а)Университет ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте:
Филиалға имаратлар ҳәм объектлер берилип, Университет режесине тийисли өзгерислер киргизилгеннен кейин, бир ай мүддетте Филиалдың шөлкемлестириў ҳүжжетлерин ислеп шықсын, келиссин ҳәм тастыйықласын, сондай-ақ, Филиалды белгиленген тәртипте мәмлекетлик дизимнен өткерсин;
Филиалда билим бериў ҳәм оқыў процесин шөлкемлестириў ушын жоқары маман профессор-оқытыўшылар қурамын, соның ишинде, сырт елли қәнигелерди турақлы түрде Филиалға тартып барсын;
б)Университет ҳәм Филиалдың билимлендириў процесинде қатнасып атырған профессор-оқытыўшылардың қурамы ҳәм әмелдеги қәнигелик сертификаты ямаса аккредитация ҳаққындағы гүўалыққа ийе болған Университтиң басқа да хызметкерлерине Өзбекстан Республикасында медициналық жумысты әмелге асырыўға белгиленген тәртипте рухсатнама берилиўин тәмийинлесин;
в) Филиалдың клиникалық базаларында Филиал студентлери ҳәм ординатура тыңлаўшыларын әмелий сабақларды бийпул тәризинде шөлкемлестириў ушын шәртнамалар дүзген ҳалда керекли шараятларды жаратсын ҳәм, зәрүр жағдайларда, басқа да медицина (илимий) шөлкемлерин қосымша клиникалық база сыпатында Филиалға усынсын;
г) Филиалдың клиникалық базалары болған медицина (илимий) шөлкемлериниң басшылары тәрепинен студентлер ҳәм ординатура тыңлаўшыларының наўқасларға медициналық жәрдем көрсетиў процесине кириўине рухсат берилиўин және олардың қатнасыўын тәмийинлесин;
д) Филиалда оқыўға қабыллаў басланғаны ҳаққында, соның ишинде, ғалаба хабар қуралларының қатнасыўында кең көлемли мәмлимлеме компаниясы алып барылыўын тәмийинлесин;
е) көшпели қабыллаў комиссиясын шөлкемлестириўде жәрдем берсин.
- Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Филиал буйыртпаларына бола усы қарарды әмелге асырыў шеңберинде тартылатуғын сырт ел профессор-оқытыўшылары ҳәм ҳәкимшилик хызметкерлери және олардың шаңарақ ағзалары ушын көп мәртелик бийпул кириў визалары консуллық ҳәм басқа да жыйымлар өндирилместен, белгиленген тәртипте рәсмийилестирилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Филиалдың буйыртпаларына бола Филиалдың сырт ел профессор-оқытыўшылары ҳәм ҳәкимшилик хызметкерлери және олардың шаңарақ ағзалары ушын мәмлекетлик бажы өндирилместен, белгиленген тәртипте көп мәртелик визалар берилиўи ҳәм мүддети өзлестирилиўин, сондай-ақ, олардың жасаў мәнзиллери бойынша ўақтыншалық дизимнен өткерилиўи және оның мүддетти созылыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Филиал буйыртпаларына бола республикаға Филиалдың жумысын шөлкемлестириўде қатнасып атырған сырт ел пуқараларын тартыўға белгиленген тәртипте руқсатнамалар берилиўин (мүддетти созылыўын), сондай-ақ, усы сырт ел пуқараларына Өзбекстан Республикасы аймағында жумысын алып барыў ушын тастыйықнамалар берилиўин (мүдетти созылыўын) тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң тийкарланған буйыртпалары бойынша тастыйықланған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине муўапық Филиалдың имаратлары ҳәм объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм үскенелеў, соның ишинде, студентлер жасайтуғын орын, оқытыўшылар ушын мийманхана комплексин ҳәм симуляциялық орай қурыў жойбарларын Өзбекстан Республикасының 2022 ҳәм кейинги жылларға мөлшерленген Социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламасына белгиленген тәртипте киргизилиўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Филиалдың дәслепки материаллық-техникалық базасын жаратыў мақсетинде 2021-жылы зәрүр пул қаржыларын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети параметрлеринде медицина тараўын раўажландырыў ушын нәзерде тутылған лимитлерден үнемленген қаржыларды қайта бөлистириў жолы менен ямаса өзлестирилмеген қаржылар есабынан ажыратсын.
18.Филиалды капитал оңлаў, үскенелеў ҳәм оның жумысын тәмийинлеў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша алып кирилетуғын оқыў ҳәм илимий-лабораториялық үскенелер, компьютер техникасы ҳәм оргтехника, программалық тәмийнат, оқыў-лаборатория ҳәм симуляциялық үскенелер, илимий-методикалық әдебиятлар, оқытыўдың техникалық қураллары, мультимедиа өнимлери, инвентарьлар, қурылыс материаллары ҳәм материаллық-техникалық ресурслар 2024-жыл 1-июльге шекем бажыхана төлемлеринен (қосымша қун салығы ҳәм бажыхана рәсмийлестириўи жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
- Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип денсаўлықты сақлаў министри А.М.Хаджибаев ҳәм жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри А.Х.Тошқулов белгиленсин.
Қарардың орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.А.Мусаевқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 1-июль