БМШ Қәўипсизлик кеңесиниң ағзалары БМШ бас хаткери Антониу Гутерришти екинши бес жыллыққа қайта сайлаўға усыныс етти, делинеди «EFE» агентлигиниң мағлыўматында.

«INTERFAX.RU» хабарында айтылыўынша, бул усыныс БМШ Бас ассамблеясына жибериледи. Ол жерде Гутерриштиң усы лаўазымында екинши мүддетке сайланыў мәселеси көрип шығылады.

Атап өтилиўинше, бас хаткер бирде-бир машқаласыз қайта сайланыўы күтилмекте, неге десеңиз бул лаўазымға басқа бир талабан нәзерде тутылмаған. Қайта сайланған жағдайда Гутерриштиң екинши мүддеттеги жумысы 2022-жылдың январынан басланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги