Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдындағы майданда «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында жаслар фестивалының ашылыў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Өзбекстан Республикасы Жаслар ислери агентлиги директоры А.Саъдуллаев шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 30 жыллығына бағышланған илажды өткериўден тийкарғы мақсет, жасларды физикалық жақтан саламат, руўхый жақтан жетик инсанлар етип тәрбиялаў, олардың илимий ҳәм дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў, елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға олардың белсене қатнасыўын тәмийинлеў болып табылады.

Усы жылдың 7-июнь күни басланған фестиваль республикамыздың қала ҳәм районларында даўам етпекте. Атап айтқанда, орынларда «Сектор басшысы ҳәм жаслар», «Қуўнақлар ҳәм зийреклер», «Спорт ҳәм жаслар», «Саламат турмысқа 5000 қәдем», «Эко марафон», «Жас шахматшы», «Жетискенликке ерисиў сырлары», «Бес баслама-бес имканият», «Аязий билимданлары» ҳәм басқа да бир қатар таңлаўлар, спорт жарыслары ҳәм ушырасыўлар өткерилмекте.

Фестивальдың ашылыў салтанаты елимизге белгили көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың гала концерти менен даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги