Президенттиң тийисли пәрманы (ПП-6241, 04.06.2021 ж.) менен 2021-жылдың 1-июлинан баслап:

а) белгиленген жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдарында ҳәм оннан кем пенсия алыўшы шахсларға пенсияны есаплаў базалық муғдарының 20 проценти муғдарында қосымша төлем енгизиледи.

Онда, жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда 256 675 сумнан 400 000 сумға арттырылады;

б) белгиленген жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдарынан 565 000 сумға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы ҳәм майыплығы бойынша пенсияларының муғдары 565 000 сумға жеткерилди;

в) зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын напақа муғдары 315 030 сумнан 400 000 сумға жеткерилди;

г) бағыўшысын жойытқан;

пенсия алыўшылардың ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын қосымша төлем енгизилди;

пенсия алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең кем муғдары 256 675 сумнан 400 000 сумға арттырылады ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын әмелдеги тәртипке муўапық пенсия төленеди;

напақа алыўшы шаңарақлардың барлық ағзаларын камтып алыў мақсетинде олардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын напақа муғдары 400 000  сум ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын 150 000 сумнан косылатуғыны белгиленди;

д) балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа айына 513 350 сумнан 565 000 сумға арттырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги