Усы жыл 3-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағына айланады» атамасында ашық пикирлесиў болып өтти.
Илаж Өзбекстан Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәмлекетлик комитети ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен биргеликте шөлкемлестирилди.
Дәслеп илаж қатнасыўшыларына Президентимиздиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясы жалпы мәжилисинде шығып сөйлеген сөзи қойып берилди. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасында соңғы төрт жылда әмелге асырылған жумысларға бағышланған видеороликти тамаша етти.
Ашық пикирлесиў даўамында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстанды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў, аймақ халқының турмыс шараятларын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарларға тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, 2021-жыл 18-май күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясы жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен алға қойылған Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы, деп жәриялаў ҳаққындағы арнаўлы резолюцияның қабыл етилиўин халқымыз айрықша қуўаныш пенен күтип алды. Бул баслама жәҳән жәмийетшилиги тәрепинен қоллап-қуўатланып, 60 қа шамалас мәмлекет бул резолюцияға биргеликтеги автор сыпатында қатнасты. Бул тарийхый ҳүжжетте Аралбойы регионындағы экологиялық, социаллық, экономикалық ҳәм демографиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған регионаллық илажларды әмелге асырыў нәзерде тутылған болып, аймағымыздың тәбиятын тиклеў ҳәм жақсылаў, тәбийғый ресурсларды сақлаў ҳәм халықтың турмыс сапасын арттырыўға хызмет етди.
Өткен қысқа ўақыт ишинде республикамыз бойынша орайластырылған ишимлик суўы менен тәмийинлеў 40 проценттен 67,1 процентке жетти. Соның ишинде 61 пуқаралар жыйыны биринши мәрте орайластырылған ишимлик суўы менен тәмийинленди. Буннан тысқары, улыўма баҳасы 200 миллиард сумлық 25 денсаўлықты сақлаў объекти жаңадан қурылды, 38 объект реконструкцияланған болса, 21 медицина бирлеспесине 66 миллиард сумлық медициналық әсбап-үскенелер жеткерип берилди.
Өткен дәўир ишинде 13 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жаңадан қурылды, 155и реконструкцияланды ҳәм оңланды. 75 жеке меншик шерикшилик тийкарында және 357 шаңарақлық бақшаның шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде, балаларды мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қамтып алыў 32,2 проценттен 62,1 процентке жетти. Сондай-ақ, 16 улыўма орта билим бериў мектеби жаңадан қурылып, 117 мектепте оңлаў жумыслары алып барылды.
Президентимиздиң тиккелей басламасы менен Мойнақ районында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Районда 20 көп қабатлы турақ жай қурылып, бир қанша кәрханалар, социаллық объектлер пайдаланыўға тапсырылды.
Илажда Оксфорд университетиниң профессоры Элеонор Гулланд, БМШ тың азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы бойынша шөлкеминиң Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша регионаллық ўәкилханасының басшысы Владимир Рахманин, университети жетекши илимий хызметкери Манор Ари ҳәм басқалалардың видеомүрәжатын және шығып сөйлеўлери қойып берилди.
Ашық пикирлесиўде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери