Өзбекстан Республикасы Президентиниң п ә р м а н ы
Елимизде кекселерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм социаллық қорғаўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў, Ўатанның абырай-мәртебесин жоқарылатыўға, жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға белсене қатнасып атырған қарияларды қәстерлеў ҳәм фашизм үстинен ерисилген жеңиске мүнәсип үлес қосқан ветеранлардың материаллық тәмийинлениўин буннан былай да күшейтиў мақсетинде:
- 2021-жыл 10-майдан баслап, 1941-1945-жыллардағы урыс майыплары ҳәм қатнасыўшылары, сондай-ақ, фашистлер концлагерлериниң жас өспирим бурынғы тутқынлары ҳәм Ленинград қаласы қамал етилген дәўирде ислеген шахсрдың ең кем пенсия муғдары үстемелерин инабатқа алған ҳалда – 2,5 миллион сум етип белгиленсин.
- Усы Пәрманды орынлаў менен байланыслы болған қәрежетлер Қаржы министрлиги жанындағы бюджеттен тысқары Пенсия қоры ҳәм республикалық бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылсын.
- Қаржы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерге усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 11-май