Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы
Бүгинги күнде мәнаўий қәдириятларымыздың жәмийет турмысындағы орны ҳәм әҳмийетин және де арттырыў, уллы ата-бабларымыздың бай илимий-ағартыўшылық мийрасында қәдирленген, халқымыз тәрепинен әсирлер даўамында қәстерленип киятырған адамгершилик, шүкиршилик, кеңпейиллик, мийрим-шәпәәт ҳәм сақаўат туйғыларын күшейтиў және мүбәрек Рамазан ҳайытын мүнәсип белгилеў мақсетинде:
- Өзбекстан мусылманлары уйымының 2021-жылы Рамазан ҳайытының биринши күни 13-май – пийшемби күнине туўра келиўи ҳаққында қабыл еткен қарарын инабатқа алып, елимизде 2021-жыл 13-май Рамазан ҳайыты байрамы сыпатында белгиленсин.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 10-майдағы «Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 3-декабрьдеги «2021-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша ислемейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы ПП-6122-санлы Пәрманына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы ПП-6222-санлы Пәрманы менен 2021-жыл 14-15-май күнлери қосымша дем алыс күнлери сыпатында белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги және жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте Рамазан ҳайытының карантин талапларына муўапық, халқымыздың миллий ҳәм диний дәстүрлерине сәйкес түрде өткерилиўи ушын тийисли илажларды әмелге асырсын.
- Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Рамазан ҳайытын белгилеў менен байланыслы илажларды кеңнен сәўлелендириў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 10-май