Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Жаслардың исбилерменликке байланыслы басламалары, стартап-жойбарлары ҳәм әмелий изертлеўлери нәтийжелериниң әмелге асыўына жәрдемлесиў, жас исбилерменлик субъектлериниң санаат ҳәм хызмет көрсетиў тараўларындағы жойбарларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Саўда-санаат палатасы ҳәм Жаслар ислери агентлигиниң 1-қосымшаға муўапық дизимде көрсетилген аймақларда жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарын (кейинги орынларда – Жаслар санаат зоналары) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Шөлкемлестирилип атырған Жаслар санаат зоналарының тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

жасларға исбилерменлик жумысын баслаўы ҳәм жүргизиўи ушын Жаслар санаат зоналарының аймағында өндирис майданларын бериў арқалы оларды исбилерменлик жумысына кеңнен тартыў;

жасларға олардың санаат ҳәм хызмет көрсетиў бағдарындағы жойбарлары, басламалары менен идеяларының әмелге асырылыўында жәрдемлесиў ҳәм қолайлы шараятлар жаратыў;

«стартаплар» шөлкемлестириў мақсетинде бизнес-инкубатор ўазыйпаларын әмелге асырыў, жас исбилерменлик субъектлериниң жумысын турақлы раўажландырыў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў;

жасларға өз инновациялық қолланбаларын өндирис процесине енгизиў ҳәм нәтийжелерин коммерцияластырыў, ири санаат кәрханалары менен кооперация байланысларын орнатыў бағдарында әмелий жәрдем көрсетиў;

бәнт болмаған, соның ишинде, «Жаслар дәптери»не киргизилген жасларды жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм олардың социаллық-экономикалық белсендилигин арттырыў.

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (Воитов) министрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары менен биргеликте:

2-қосымшада келтирилген дизимдеги 77 Жаслар санаат зоналары – 2021-жыл 1-сентябрьге шекем;

қалған барлық Жаслар санаат зоналары – 2022-жыл 1-январьға шекем толық иске қосылыўын тәмийинлесин.

  1. Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарын жол-транспорт, инженерлик-коммуникация инфраструктурасы менен тәмийинлеўдиң мәнзилли бағдарламасы (кейинги орынларда – Мәнзилли бағдарлама) 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигинде юридикалық тәреп статусына ийе болмаған Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестирилсин.

Қордың қаржыларын қәлиплестириў дәреклери етип төмендегилер белгиленсин:

Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры қаржыларының есабынан қайтармаў шәрти менен ажыратылатуғын 100 миллион АҚШ доллары;

халықаралық финанс институтлары, сырт ел ҳүкимет қаржы шөлкемлери, сырт елли банклер ҳәм жеке меншик компанияларының қарызлары;

Қордың бос турған қаржыларын коммерциялық банклердиң депозитлерине белгиленген тәртипте жайластырыўдан түсетуғын дәраматлар;

нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Төмендегилер Қор қаржыларынан пайдаланыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

сыртқы базарларда талап жоқары болған ҳәм импорттың орнын басыўшы, жоқары қосымша қунлы өнимлерди ислеп шығарыў бойынша заманагөй ислеп шығарыўшыларды шөлкемлестириў ҳәм хызметлер көрсетиў тараўындағы жойбарларды қаржыландырыў;

мийўе-овощ ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин терең қайта ислеў, сақлаў ҳәм ораў, тоқымашылық, аяқ кийим ҳәм былғары-галантерея, химия, фармацевтика, азық-аўқат, электротехника санааты, машина қурылысы, заманагөй қурылыс материаллары, өнерментшилик ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўындағы жойбарларды қаржыландырыў ҳәм басқа да бағдарларда жаңа заманагөй өндирислерди шөлкемлестириў;

жергиликли шийки зат ҳәм материаллар негизинде беккем кооперация байланысларын орнатыў ҳәм жоқары технологиялы өнимлер ислеп шығарыўды локализациялаў прорцесслерин тереңлестириў тараўындағы жойбарларды қаржыландырыў.

  1. Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры Қорға 100 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржының 50 проценти еки ай мүддетте басланғыш капиталды қәлиплестириў ушын, қалған 50 проценти алты ай мүддетте ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Қаржы министрилиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте Министрлер Кабинетине «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усыныс киргизсин.
  3. а) Мәнзилли бағдарламада нәзерде тутылған жумыслар 2021-2023-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде жумсалған қаржылар, сондай-ақ, жергиликли бюджет ҳәм тәмийнатшы шөлкемлердиң өз қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;

б) Жаслар санаат зоналары инженерлик-техникалық коммуникациялар бар болған ямаса өткериў аңсат болған, ҳәрекетсиз турған өндирис майданлары ҳәм аўыл хожалығына мөлшерленбеген жер майданларында шөлкемлестирилетуғыны;

в) Жаслар санаат зоналарына жайластырыў ушын инвестиция жойбарлары район (қала) ҳәкимлериниң басшылығында дүзилген жумысшы топарлар тәрепинен сайлап алынатуғыны;

г) Жаслар санаат зоналары аймағында майданы 1000 м² шекемги жер участкалары, бурынғысынан басқаша тәризде, электрон аукцион саўдасын өткермей, халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслериниң қарары менен ажыратылатуғыны. Онда, бос имарат ҳәм объектлер (мәмлекетлик көшпес мүлк объектлери) шәртнама тийкарында ҳәр жылы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен мәмлекетлик көшпес мүлктен пайдаланғаны ушын белгиленетуғын ижара төлеминиң ең кем муғдарынан артпаған ставкаларында ижараға берилетуғыны;

д) патент тийкарында өндиристи жолға қойыўды тәмийинлеўши стартап-инвестиция жойбарлары, инновациялық өнимлерди ислеп шығарыўға мөлшерленген инвестициялық жойбарлар, сондай-ақ, импорттың орнын басатуғын ҳәм экспортқа бағдарланған бәсекиге шыдамлы жергиликли санаат өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм жаратылатуғын жаңа жумыс орынларының кеминде 70 проценти жаслар ушын мөлшерленген, соның ишинде, бәнтлиги тәмийинленбеген «Жаслар дәптери»не киргизилген жасларды жумыс пенен тәмийинлеў нәзерде тутылған инвестициялық жойбарлар Жаслар санаат зоналары аймағында жайластырылыўында үстинликке ийе болатуғыны;

е) Қордың қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын инвестиция жойбарлары шеңберинде:

финанслық ресурслар коммерциялық банклер тәрепинен бир жас исбилерменлик субъекти ушын бир мәрте 100 мың АҚШ доллары эквивалентинен артпаған муғдарда 7 жылға шекемги мүддет пенен усынылатуғыны;

баҳасы 100 мың АҚШ доллары эквивалентине шекемги инвестициялық жойбарлар Қордың қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны, оннан артпаған бөлеги болса усы қарарда нәзерде тутылған жеңилликлерсиз, коммерциялық банклер арқалы улыўма тәртипте берилетуғыны;

коммерциялық банклерге инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын финанслық ресурслар Қордың бар қаржылары шеңберинде, миллий валютадағы кредитлер бойынша жыллық 10 процент, сырт ел валютасындағы кредитлер бойынша жыллық 2 процент ставкалары менен берилетуғыны;

коммерциялық банклер миллий валютадағы кредитлерди өз маржасының муғдары 4 проценттен арттырмай жыллық 14 процент, сырт ел валютасындағы кредитлерди – өз маржасы муғдарын 1 проценттен арттырмай жыллық процент ставкасын 3 процент муғдарында белгилеген ҳалда ажырататуғыны;

коммерциялық банклер ажыратылған финанслық ресурслардың мақсетли пайдаланыўы ҳәм толық қайтарылыўын турақлы мониторинг етип баратуғыны;

ж) Қордың қаржылары есабынан коммерциялық банклерге Жаслар санаат зоналары аймағында өндирис ҳәм хызмет көрсетиў ушын имаратлар қурыў мақсетлерине финанслық ресурслар Қордың финанслық көрсеткишлери және оның ресурс базасынан келип шыққан ҳалда берилетуғыны, соның ишинде:

Қордың қаржылары есабынан коммерциялық банклерге жас исбилерменлик субъектлери ушын имарат қурыўға берилетуғын финанслық ресурслар миллий валютада жыллық 10 процент ставкасы муғдарында белгиленген ҳалда берилетуғыны;

коммерциялық банклер тәрепинен жас исбилерменлик субъектлерине имаратларды лизинг тийкарында бериў миллий валютада жыллық 14 процент ставкасын қолланған ҳалда әмелге асырылатуғыны.

Онда, жас исбилерменлик субъекти басланғыш төлем сыпатында лизингке берилетуғын имарат баҳасының 10 процентин қурайтуғын бөлегин төлейтуғыны белгиленсин.

  1. 2023-жыл 31-декабрьге шекем Жаслар санаат зоналары аймағында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың тәмийнатына байланыслы төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртип енгизилетуғыны:

а) Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры коммерциялық банклердиң кредитлери бойынша кредит суммасының 50 процентине шекемги муғдарында, бирақ 500 млн. сумнан артпаған муғдарда кепилликлер беретуғыны;

б) устав фонды (капиталы)нда мәмлекет үлеси 50 процент ҳәм оннан аслам болған қамсызландырыў шөлкемлери коммерциялық банклер тәрепинен ажыратылатуғын кредитлердиң 50 процентине шекем муғдарында, бирақ 500 млн. сумнан артпаған муғдарда, жыллық 2 процент ставкасында қамсызландырыў полисин усынатуғыны.

Усы бәнтте нәзерде тутылған тәртип салықлар ҳәм алдынғы дүзилген кредит шәртнамалары бойынша мүддети өткерип жиберилген қарыздарлығы бар болған жас исбилерменлик субъектлерине енгизилмейтуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зонасы ҳәм Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қоры ҳаққындағы режелерди тастыйықласын.
  2. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте жас исбилерменлик субъектлериниң инвестициялық жойбарларын сайлап алыў, әмелге асырыўды қаржыландырыўды шөлкемлестириў ҳәм жер майданларын ажыратыў процесслериниң автоматластырылыўын тәмийинлеў мақсетинде тийисли веб-сайт ислеп шығылыўы ҳәм енгизилиўин тәмийинлесин.
  3. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Жаслар санаат зоналарын шөлкемлестириў, раўажландырыў ҳәм жумысын муўапықластырыў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйымы етип белгиленсин, оның аймақлық басқармаларына орынларда Жаслар санаат зоналарының жумысын муўапықластырып барыў ўазыйпасы жүкленсин.
  4. Төмендегилер:

Бас министрдиң орынбасары С.У.Умурзақовқа –  министрликлер, уйымлар ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының Жаслар санаат зоналарының раўажланыўы ҳәм нәтийжели жумыс алып барыўы, сондай-ақ, олардың аймағында инвестициялық жойбарларды өз ўақтында әмелге асырыў ҳәм Қордың қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыўға байланыслы процесслерди қадағалаў ҳәм муўапықластырыў;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң инвестицялар ҳәм сыртқы саўла мәселелери бойынша орынбасарларына – жумысшы топарлар тәрепинен Жаслар санаат зоналары аймағында өндирис ҳәм хызмет көрсетиў жойбарларын әмелге асырыў ушын инвестиция буйыртпаларының өз ўақтында көрип шығылыўы, жас исбилерменлик субъектлерине жер майданлары ҳәм бос имаратлар өз ўақтында ажыратылыўын тәмийинлеў ҳәм инвестициялық жойбарларды Жаслар санаат зоналары аймағында жайластырыў бойынша қарарларды өз ўақтында қабыл етиў;

энергетика министри А.С.Султановқа, турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў министри Ш.С.Хидоятовқа, мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Ш.М.Садиковқа, транспорт министри И.Р.Махкамовқа – Жаслар санаат зоналары аймағындағы инвестициялық жойбарлардың объектлери пайдаланыўға тапсырылғанға шекем зәрүр инженерлик-коммуникация тармақларына жалғаныўын ҳәм бар ресурс және техникалық имканиятлардан келип шығып, оларға талап етилетуғын ишимлик суў, тәбийғый газ, электр энергиясы жеткерип берилиўин тәмийинлеў;

экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министриниң орынбасары А.М.Бобоевқа – Мәнзилли бағдарламада белгиленген қаржылардың өз ўақтында және толық көлемде ажыратылыўы үстинен қадағалаў бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәр шеректе Жаслар санаат зоналарын шөлкемлестириў ҳәм Қордың қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелге асырылған илажлардың нәтийжелилиги ҳаққында Министрлер Кабинетине есабат киргизсин.
  2. Министрлер Кабинети ҳәр шеректе жаслардың исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары бойынша әмелге асырылған жумысларды Министрлер Кабинетиниң Президиум мәжилислеринде сын көзқарастан додаласын ҳәм өз ўақтында және толық орынланбаған илажлар бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына тийисли илажларды көрсин.
  3. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары А.Б.Воитов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары С.Умурзаковқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

       Президенти                          Ш.МИРЗИЁЕВ.

     

Ташкент қаласы,

2021-жыл 21-апрель.