Усы күнлерде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси  Сенаты Баслығы Т.Норбоеваның басшылығындағы делегация рәсмий сапар менен Россия Федерациясында болып турыпты.

Өзбекстан парламенти жоқары палатасы басшысының сапары Россия Федерациясында жасап атырған ўатанласларымыз бенен ушырасыўдан басланды.

Ушырасыўда Өзбекстан Республикасының Россия Федерациясындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқық елшиси Б.Асадов, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министриниң биринши орынбасары Э.Муҳитдинов, Россия Федерациясы пайтахтында жасап атырған ўатанласларымыз, сондай-ақ, онлайн-режимде Россияның дерлик барлық аймақларындағы диаспоралардың басшылары қатнасты.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм өзгерислер, Өзбекстан пуқаралары болған мийнет мигрантларын системалы қоллап-қуўатлаў мәселелерине итибар қаратылып атырғаны, социаллық машқалаларды шешиў бойынша көрилген комплексли илажлар, сырт елде олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўдың нәтийжели механизмлерин жаратыў ҳаққында толық мағлыўмат берилди. Атап айтқанда, Россия Федерациясы аймақларында бас консуллықлардың ашылыўы көпшилик пуқараларымыздың турмысын бираз жеңиллестирди, сондай-ақ, коронавирус пандемиясы дәўиринде мисли көрилмеген жәрдем көрсетилди.

Ушырасыўда шығып сөйлегенлер Россиядағы ўатанласларымызға жәрдем көрсетилгени ушын Өзбекстан басшылығына миннетдаршылық билдирип, Россияда өзбек мәденияты ҳәм миллий қәдириятларын үгит-нәсиятлаўға, еки мәмлекет халықлары арасында «көпир» ўазыйпасын атқарыўға таяр екенлигин билдирди. Россиядағы пуқараларымызды қоллап-қуўатлаў бойынша бир неше жыл алдын басланған реформалар нәтийжели болғаны, қыйын жағдайға түсип қалған пуқараларымызға мәнзилли жәрдем көрсетилип атырғаны, мийнет мигрантлары ушын да социаллық кепилликлердиң жаңа механизмлери жаратылғаны, сондай-ақ, пуқараларымыздың мийнет ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылған ҳүкиметлераралық келисимлер Россия тәрепинен де орынлана басланғаны атап өтилди.

Буннан тысқары, ушырасыў даўамында Москвада ўатанласларымыз тәрепинен шөлкемлестирилген «Дослар» клубы Өзбекстан Республикасының Москвадағы елшиханасы жанында Ҳаял-қызлар жәмийетлик кеңесин шөлкемлестириў басламасы менен шықты.

Студент-жаслар да Өзбекстан тәрепинен оларға көрсетилип атырған жәрдем ҳаққында айтып берди. Еки мәмлекеттиң тийисли уйымлары жәрдеминде Россияда өзбек халқының бай тарийхый ҳәм мәдений мийрасы ҳәм жақсы дәстүрлерин ғалаба ен жайдырыўға қаратылған ҳәр қыйлы илажлар турақлы өткерип келинбекте.

Ўатанласларымыз Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 30 жыллығын кеңнен белгилеў, Москва ҳәм Россия Федерациясының аймақларында байрам илажларын өткериўди режелестирмекте.

Ушырасыў ашықтан-ашық сөйлесиў руўхында өтти. Онда ҳәр бир қатнасыўшы миграция нызамшылығын оптималластырыў, дизимнен өтиў тәртибин әпиўайыластырыў, жумыс пенен шуғылланыў ушын патент алыў, мәмлекетлер арасындағы транспорт байланысларын толық тиклеў ҳәм басқа мәселелер ҳаққында өз пикир-усынысларын бөлисти.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы