Өзбекстан Республикасы Президентиниң п ә р м а н ы
Капитал базарын буннан былай да раўажландырыў, баҳалы қағазлар шығарылыўын көбейтиў, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң фонд базарындағы қатнасын кеңейтиў мақсетинде:
- Капитал базарын раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:
капитал базарының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм оның капиталласыўын 2023-жылдың ақырына шекем 45 триллион сумға жеткериў, банк тәрепинен кредитлеўге альтернатив болған нәтийжели қаржыландырыў механизмин жаратыў;
халықаралық финанс базарлары менен интеграцияласыў, заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларынан кеңнен пайдаланыў ҳәм сырт елде табыслы сынақтан өткен алдыңғы қатнасларды қолланыў арқалы барлық категориядағы инвесторлар ушын капитал базарының қолайлығын арттырыў;
капитал базарының үйлесимли жумысы ҳәм оның барлық сегментлериниң раўажланыўын тәмийинлеў арқалы 2023-жылдың ақырына шекем республикалық ҳәм аймақлық инвестициялық бағдарламалар шеңберинде жойбарлардың баҳалы қағазлар шығарыў арқалы қаржыландырылған бөлегин 5 процентке жеткериў;
тараўға алдыңғы халықаралық әмелиятты енгизиў, артықша тосқынлықлар ҳәм шеклеўлерди сапластырыў арқалы фонд базарында раўажланыў мақсетлерине қаратылған инвестицияларды жедел қаржыландырыў ушын зәрүр шараятларды жаратыў;
халықаралық өлшемлер ҳәм тәжирийбелерди енгизген ҳалда, капитал базарын тәртипке салыўдың бир тутаслығын ҳәм системалы тәўекелшиликлердиң алдын алыўды тәмийинлеўши нызамшылық базасын жаратыў;
капитал базарды заман талапларына жуўап беретуғын кадрлар менен тәмийинлеў системасын раўажландырыў, перспективалы, соның ишинде, сырт ел қәнигелерин тартыў ушын тартымлы шараятларды жаратыў;
капитал базары ушын тараў қәнигелерин таярлаў ҳәм қайта таярлаў, олардың маманлығын арттырыўды системалы жолға қойыў;
миноритар инвесторлар, капитал базарының басқа да қатнасыўшылары және халықтың кең қатламларының билимлери, көнликпелери ҳәм финанслық саўатлылығын арттырыўды қоллап-қуўатлаў бағдарламалары шеңберинде 2023-жылдың ақырына шекем 40 мың халықты қамтып алыў.
- Төмендегилер:
2021-2023-жыллары капитал базарын раўажландырыў бағдарламасы (кейинги орынларда-Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық;
2021-2023-жыллары капитал базарын раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў нәтийжесинде ерисилетуғын мақсетли көрсеткишлер 2-қосымшаға муўапық;
2021-2023-жыллары капитал базарын раўажландырыў бағдарламасын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» 3-қосымшаға муўапық;
2021-2023–жыллары акциялары фонд биржасы арқалы ғалаба жайластырылыўы белгиленген кәрханалардың дизими 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Еркин айланыстағы баҳалы қағазлардың улыўма көлемин жалпы ишки өнимниң кеминде 5-процентине жеткериў Бағдарламаның тийкарғы мақсети болып есапланатуғыны;
2023-жыл 1-январьдан баслап жергиликли эмитентлер өз акцияларын дәслепки республикалық фонд биржасында жайластырғаннан соң андеррайтердиң усынысына бола сырт ел фонд базарларында жайластырыўы мүмкин екенлиги;
ғалабалық саўдалар арқалы акцияларды IPO ямаса SPO усылында жайластырыў нәтийжелери қайта көрип шығылмайтуғыны белгилеп қойылсын.
- Устав капиталында мәмлекетлик үлеси 50 процент ҳәм оннан артық болған акционерлик жәмийетлери акцияларының дәслепки (IPO) ҳәм екилемши (SPO) ғалабалық усынысын төмендеги шәртлерде өткериў белгиленсин:
IPO ямаса SPO жолы менен сатылатуғын акцияларды сатып алыў ушын арзаларды жыйнаў усы IPO ямаса SPO ны өткериў шәртнамасы дүзилген андеррайтер ямаса андеррайтерлер топары тәрепинен ғана әмелге асырылады;
андеррайтер акционерлик жәмийетин дәслепки үйрениў нәтийжелери тийкарында акцияларды сатып алыў бойынша арзаларды жыйнаў ушын баҳа шегараларын белгилейди;
IPO ҳәм SPO жолы менен акцияларды бөлистириў акцияларға болған талап ҳәм усыныстан келип шыққан ҳалда, андеррайтер тәрепинен анықланатуғын бирден-бир баҳа тийкарында әмелге асырылады;
андеррайтерге акционерлик жәмийети менен дүзилген шәртнама тийкарында акциялар бөлистирилетуғын инвесторларды таңлаў, сондай-ақ, инвесторларға IPO ҳәм SPO шеңберинде сатып алынған акцияларды сатыў қадаған етилетуғын мүддетти белгилеў ҳуқықы бериледи.
- Орайлық банк 2021-жыл 1-ноябрьге шекем «Баҳалы қағазлардың орайлық депозитарийси» МК есап бетлери Орайлық банкке өткерилиўин тәмийинлесин.
- Қаржы министрлиги, Орайлық банк, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және Халық билимлендириў министрлигиниң «Қаржы ҳәм инвестиция саўатлылығы» бағдарламасын төмендеги принциплер тийкарында әмелге асырыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:
халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң финанслық саўатлылығын арттырыў, оларды қаржы хызметлери ҳәм өнимлер, соның ишинде, капитал базары және финанслық инструментлер ҳаққында хабардар етиў менен байланыслы басламаларды биргеликте әмелге асырған ҳалда жуўапкер шөлкемлер менен жедел бирге ислесиўди жолға қойыў;
алдынғы сырт ел оқыў мәкемелери ҳәм изертлеў институтлары, қаржы шөлкемлеринен жетекши қәнигелерди финанслық саўатлылық дәрежесин арттырыўға байланыслы билимлендириў илажларына кеңнен тартыў;
улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары және экономикалық емес бағдардағы жоқары билимлендириў шөлкемлериниң студентлери ушын «Финанслық саўатлылық» оқыў курсын пән сыпатында енгизиў. Усы пән шеңберинде қаржыларды дурыс басқарыў, ақылға уғрас финанслық қарарлар қабыл етиў, соның ишинде, қаржы инструментлери бойынша оқытыў методологиясын ислеп шығыў және «Финанслық саўатлылық олимпиадалары»н шөлкемлестириў арқалы оқыў курсының нәтийжелилигин баҳалаў;
халық ҳәм исбилерменлик субъектлериниң финанслық, соның ишинде, инвестиция бойынша саўатлылығын арттырыў бағдарындағы барлық илажларды 2021 –2023-жылларға мөлшерленген Финанслық хызметлердиң ҳәммеге қолайлылығын арттырыў миллий стратегиясы шеңберинде әмелге асырыў.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы Қаржы министрлиги менен биргеликте усы пәрманның мазмун-мәниси және мақсет ҳәм ўазыйпалары ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелениўин тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлери 5-қосымшаға муўапық 2021-жыл 1-майдан өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Қаржы министрлиги еки ай мүддетте мәпдар уйымлар менен биргеликте нызамшылыққа усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
- Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.
Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров:
еки ҳәпте мүддетте Бағдарламаның тийкарғы бағдарлары бойынша министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкер хызметкерлери және сырт ел экспертлеринен ибарат жумысшы топарлардың қәлиплестирилиўин ҳәм олардың жумысы нәтийжели шөлкемлестирилиўин;
еки ай мүддетте акциялары фонд биржасы арқалы ғалаба жайластырылыўы усы пәрманға 4-қосымшада белгиленген ҳәр бир кәрхана бойынша айрықша «жол карта»ларының тастыйықланыўын тәмийинлесин.
Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.А.Гулямовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 13-март