Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 6-апрельдеги «Суў ресурсларынан пайдаланыў тараўында мәмлекетлик басқарыў ҳәм қадағалаў системасын және де жетилистириў және суў хожалығы объектлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6200-санлы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў және Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң жумысын нәтийжели шөлкемлестириў мақсетинде:
- Төмендегилер:
Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң шөлкемлестириў структурасы 1-қосымшаға муўапық;
Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги орайлық аппаратының структурасы 2-қосымшаға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң структурасы ҳәм ирригация системалары бассейн басқармалары аппаратының үлги структурасы 3 ҳәм 4-қосымшаларға муўапық;
Ирригация системалары бассейн басқармалары жанындағы магистрал каналлар (системалар) басқармалары аппаратының үлги структурасы 5-қосымшаға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги ҳәм ирригация системалары бассейн басқармалары жанындағы ирригация системасы басқармалары аппаратының үлги структурасы және басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 6 ҳәм 6а-қосымшаларға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги ҳәм ирригация системалары бассейн басқармалары жанындағы районлық (Қувасай қаласы) ирригация бөлимлериниң үлги структурасы және басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 7 ҳәм 7а-қосымшаларға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги және ирригация системалары бассейн басқармалары жанындағы насос станциялары ҳәм энергетика басқармалары аппаратының үлги структурасы 8-қосымшаға муўапық;
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги және ирригация бассейн басқармалары жанындағы мелиоративлик экспедициялар аппаратының үлги структурасы 9-қосымшаға муўапық;
Суў сақлағышлардан пайдаланыў басқармалары аппаратының үлги структурасы 10-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Суў хожалығы министрине:
зәрүр жағдайларда Суў хожалығы министрлиги орайлық аппараты, сондай-ақ, аймақлық бөлимлер, системадағы шөлкемлердиң структураларына басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген саны шеңберинде өзгерислер киргизиў;
ири гидротехника комплекслериниң, бәринен бурын, жойбарлаў-смета ҳүжжетлерин ислеп шығыўда, қурылысында ҳәм эксплуатация жумыслары алып барылыўында қәўипсизлик илажлары көрилиўи бойынша буйыртпашы, жойбарлаў ҳәм бөлип алып ислеўши шөлкемлер және суў хожалығы объектлеринен пайдаланыўшы шөлкемлердиң жуўапкершилигин арттырыў ўазыйпаларын белгилеў;
жүкленген ўазыйпаларды орынлаў шеңберинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер, илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелери, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт ел компанияларының жоқары маман қәнигелерин мәсләҳәтши сыпатында тартыў ҳуқықы берилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 6-апрельдеги «Суў ресурсларынан пайдаланыў тараўында мәмлекетлик басқарыў ҳәм қадағалаў системасын және де жетилистириў және суў хожалығы объектлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы ПП-6200-санлы пәрманы менен енгизилген суў хожалығы министриниң:
а) суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм раўажландырыўға жуўапкер болған орынбасары төмендегилер ушын жеке жуўапкер болып есапланатуғынлығы:
суўды үнемлейтуғын технологияларды аймақлардың топырақ-климат шараятлары, қәнигелесиўи және суў ҳәм басқа да зәрүр ресурслар менен тәмийинленгенлигинен келип шығып енгизиўди шөлкемлестиретуғыны;
суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилген майданлардың есабын жүргизетуғыны және мәмлекетлик субсидияларды ажыратыў механизмин автоматластыратуғыны;
суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў бағдарында илимий ҳәм илимий-техникалық жумысты раўажландырыў, суў хожалығы шөлкемлери менен билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери арасындағы интеграцияны тәмийинлейтуғын;
б) мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳәм санлы технологияларды раўажландырыў бойынша мәсләҳәтшиси төмендегилер ушын жеке жуўапкер екенлиги:
суў хожалығы тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын әмелге асырыў ҳәм аутсорсинг механизмлерин енгизиўди раўажландыратуғыны;
суў хожалығы объектлерин басқарыўды санлы технологиялар тийкарында автоматластыратуғыны;
суў хожалығы объектлеринде суўдың есабы ҳәм электр энергиясынан пайдаланыў санлы технологиялар тийкарында қадағалаў арқалы суўдан пайдаланыўдың ашық-айдынлығын тәмийинлейтуғыны және нәтийжелилигин арттыратуғыны;
жер үсти суўларынан пайдаланыў бойынша мәмлекетлик суў кадастрын жүргизиўди заманагөй технологиялар жәрдеминде жетилистиретуғыны белгиленсин.
- Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы Суў хожалығында капитал қурылыс жойбарларын әмелге асырыў агентлигиниң (кейинги орынларда – Агентлик) структуралары 11-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Төмендегилер Агентликтиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
суў хожалығында капитал қурылыс системасын жетилистириўге қаратылған тийкарғы инвестициялық жойбарларды ашық-айдынлық тийкарында таңлаў, олардың жыллық, қысқа ҳәм узақ мүддетли бағдарламаларын ислеп шығыў;
суў хожалығында капитал қурылыс жойбарларының мәнзилли дизимлерин белгиленген тәртипте тийисли министрликлер ҳәм уйымлар менен келисилген ҳалда тастыйықлаў;
суў хожалығы объектлерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм оңлаў-тиклеў жумыслары бойынша жойбарлаў-смета ҳүжжетлери белгиленген тәртипте ислеп шығылыўын, экспертизадан өткерилиўин ҳәм бас бөлип алып ислеўши шөлкемлерди таңлаў (тендер) тийкарында анықлаўды және тийисли шәртнамаларды рәсмийлестириўди шөлкемлестириў;
суў сақлағышлар ҳәм басқа да категорияланған суў хожалығы объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў жойбарларын ислеп шығыў және экспертизадан өткериў, сондай-ақ, олардың қәўипсизлик нормаларын ислеп шығыўға сырт ел қәнигелерин тартыў;
капитал қурылыс жойбарларын әмелге асырыў бойынша системалы мониторинг жүргизиў, сондай-ақ, буйыртпашы ҳәм бөлип алып ислеўши шөлкемлер тәрепинен қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдалары талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў, жойбарларды әмелге асырыў процесинде жүзеге келген машқалаларды сапластырыў илажларын көриў.
- Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы Суў хожалығында сырт ел инвестициялық жойбарларын әселге асырыў орайының (кейинги орынларда – Орай) структурасы 12-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:
суў хожалығы системасын жетилистириўге қаратылған сырт ел инвестициялық жойбарларын, соның ишинде, халықаралық финанс инстиутлары ҳәм сырт ел ҳүкимети финанс шөлкемлериниң (кейинги орынларда – ХФИ ҳәм СҲҚШ) қаржыларының қатнасыўындағы тийкарғы инвестициялық жойбарларды ашық-айдынлық тийкарында таңлаў, олардың қысқа ҳәм узақ мүддетли бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм қәлиплестириў;
суў хожалығы тараўындағы сырт ел инвестициялық жойбарларын әмелге асырыў ушын ХФИ ҳәм СҲҚШ қаржыларын тартыў;
ХФИ ҳәм СҲҚШ қаржыларының қатнасыўындағы сырт ел инвестициялық жойбарларының мәнзилли дизимлери белгиленген тәртипте тастыйықланыўын шөлкемлестириў;
суў хожалығы тараўындағы сырт ел, соның ишинде, ХФИ ҳәм СҲҚШ қаржылары қатнасыўындағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў;
суў хожалығы тараўындағы сырт ел, соның ишинде, ХФИ ҳәм СҲҚШ қатнасыўындағы инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша тендер саўдалары тийкарында бас бөлип алып ислеўши шөлкемлерди белгиленген тәртипте анықлаў және тийисли шәртнамаларды рәсмийлестириў;
жойбарлар ҳәм субжойбарлардың әмелге асырылыўының системалы мониторингин алып барыў, сондай-ақ, буйыртпашы ҳәм бөлип алып ислеўши шөлкемлер тәрепинен қала қурылысы нормалары ҳәм қағыйдалары талапларына әмел етилиўин тәмийинлеў.
- Агентликтиң жумысы Мәмлекетлик бюджет қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландырылатуғыны;
Агентлик Ташкент қаласы, Мырза Улуғбек районы, Қары Ниязий көшеси, 39-жай мәнзилиндеги «А» имаратқа бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылатуғынлығы;
Орай Жәҳән банки жойбарларын әмелге асырыў топары, Азия раўажланыў банки жойбарларын әмелге асырыў топары ҳәм Араб муўапықластырыў топарлары жойбарларын әмелге асырыў топарының шәртнамалары, ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери бойынша ҳуқықый мийрасхор есапланатуғынлығы;
Орайға Инвестициялдар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен келисилген ҳалда суў хожалығы министриниң усынысы бойынша Министрлер Кабинети тәрепинен лаўазымға тайынланатуғын ҳәм лаўазымынан азат етилетуғын директор басшылық ететуғынлығы;
Орай директорының статусы медициналық ҳәм транспорт хызметин көрсетиў шәртлери бойынша министрдиң орынбасарына теңлестирилетуғыны;
Орай жумысы Мәмлекетлик бюджет қаржылары, ХФИ ҳәм СҲҚШ қаржылары, Орай буйыртпашы болған жойбарлар шеңберинде әмелге асырылатуғын ажыратпалар және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қаржыландыратуғыны;
Орайға Ташкент қаласы, Шайхантоҳур районы, Лабзак көшеси, 1а-жай мәнзилиндеги «А» блоктың 2 ҳәм 3-қабатлары бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында берилетуғыны белгиленсин.
- Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев) ҳәм Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) тийисли халықаралық финанс институтлары менен келисилген ҳалда суў хожалығында әмелге асырылып атырған жойбарлар шеңберинде үш ай мүддетте:
Агентликтиң объектлерде техникалық қадағалаўды әмелге асырыўшы қәнигелериниң мийнет етиў нормасын белгилеў бойынша нормативлердиң тастыйықланыўын;
Орай тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлардың қарыз (кредит) келисимлериниң мүддетлери созылыўын;
Орай хызметкерлериниң айлық мийнет ҳақысы еки есеге арттырылыўын тәмийинлесин.
- Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (О.А.Пекось) Агентлик және Орайдың буйыртпаларына муўапық оларды белгиленген тәртипте зәрүр байланыс қураллары, соның ишинде, ҳүкимет байланыс қураллары менен және жоқары тезликтеги Интернет тармағына жалғаныўын тәмийинлесин.
- Суў хожалығы тараўындағы реформаларды және де тереңлестириў бойынша «Жол картасы» 13-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Министрликлер ҳәм уйымлардың басшыларына «Жол қартасы»нда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы бойынша жеке жуўапкершилик жүкленсин.
- Суў хожалығы министрлиги (Ш.Р.Хамраев) бир ай мүддетте:
Суў хожалығы министрлиги орайлық аппараты ҳәм оның аймақлық бөлимлерин, сондай-ақ, Агентлик ҳәм Орайды зәрүр теориялық билим ҳәм әмелий көнликпелерге, жүкленген ўазыйпаларды профессионал дәрежеде әмелге асырыў қәбилетине ийе болған жоқары тәжирийбели кадрлар менен толықтырсын;
Суў хожалығы министрлиги, оның аймақлық бөлимлери ҳәм олардың басшыларының жумысын баҳалаўдың анық көрсеткишлери ҳәм мақсетли индикаторларға ерисиўге тийкарланған улыўма жаңа системасын енгизиў, жақын, орта ҳәм узық мүддетли перспективаға мөлшерленген тараўды стратегиялық раўажландырыў бағдарламаларын әмелге асырыў сапасын және нәтийжелилилигин тәмийинлеў илажларын көрсин.
- Министрлер Кабинети еки ай мүддетте:
Суў хожалығы министрлиги ҳаққындағы режени;
Суў хожалығы министрлиги жанындағы Суў хожалығында капитал қурылыс жойбарларын әмелге асырыў агентлиги ҳаққындағы режени;
Суў хожалығы министрлиги жанындағы Суў хожалығында сырт елли инвестициялық жойбарларын әмелге асырыў орайы ҳаққындағы режени тастыйықласын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 9-октябрьдеги «Суў ресурсларын басқарыў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4486-санлы қарарына 14-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарлары 15-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
- Суў хожалығы министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ш.М.Ғаниевке жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 6-апрель