Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Елимизде суў хожалығы тараўында мәмлекетлик басқарыўдың нәтийжелилигин арттырыў, суў хожалығын модернизациялаў ҳәм раўажландырыў, суў ресурсларын басқарыў, суўдан үнемли пайдаланыў, жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў бойынша избе-из реформалар әмелге асырылмақта.

Соның менен бирге, суў ресурсларын басақарыў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў, суў хожалығы объектлерин жойбарлаў, мәмлекетлик экспертизадан өткериў, қурыў ҳәм реконструкциялаў, әсиресе, суў сақлағышлары ҳәм басқа да ири суў хожалығы объектлериниң  қәўипсизлигин тәмийинлеўде үлкен кемшиликлер ҳәм машқалалар сақланып қалынбақта.

Суў хожалығы объектлериниң айырым бөлеги 30-40-жылдан аслам хызмет етип атырғаны және оларды жойбарлаўға маман сырт ел экспертлерин тартыў, алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў сыяқлы мәселелерге жетерли итибар қаратылмай атырғанлығы себепли кейинги жыллары айырым суў хожалығы объектлеринде техноген жағдайлар ҳәм авариялық ҳалатлар бақланбақта.

Суў хожалығын басқарыўдың нәтийжели системасын қәлиплестириў, суўдың есабы ҳәм есабатын жүргизиўди жетилистириў, суў хожалығында санлы технологияларды кеңнен енгизиў, суў хожалығы объектлериниң қәўипсизлигин арттырыў және нәтийжели қадағалаў системасын орнатыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 10-июльдеги ПП-6024-санлы Пәрманы менен Өзбекстан Республикасы суў хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген концепциясының тастыйықланғанлығы ҳәм Концепцияның тийкарғы бағдарларының белгилеп берилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Төмендегилер Суў хожалығы министрлигиниң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

суў ресурсларын басқарыў, суўлардың есабы, есабаты ҳәм балансын қәлиплестириў тараўында бирден-бир сиясатты әмелге асырыў, сондай-ақ, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қорғаў, суўлардың зыянлы тәсириниң алдын алыў ҳәм сапластырыў тараўында мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў;

республика халқы, экономика тармақлары ҳәм қоршаған орталықтың суўға болған үзликсиз артып баратырған талапларын қанаатландырыў ушын шараятларды жаратыў, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў;

суў хожалығы объектлерин модернизациялаў, раўажландырыў ҳәм қурылыс жумысларын сапалы шөлкемлестириў, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди ислеп шығыў, сондай-ақ, қәўипсизлик дәрежеси жоқары болған суў хожалығы объектлерин жойбарлаў ҳәм экспертиза етиў жумысларына маман сырт ел экспертлерин ҳәм консалтинг шөлкемлерин тартыў;

ҳәр бир жойбардың экономикалық нәтийжелилигин және суў хожалығы объектиниң қәўипсизлигин анық көрсеткишлер ҳәм өлшемлер тийкарында терең таллаў арқалы оның әҳмийетлилигин белгилеў ҳәм әмелге асырыў;

суў хожалығы объектлерин қурыў ҳәм реконструкциялаў жойбарларын экспертизадан өткериў және әмелге асырыў жумысларын илимий-техникалық тәмийинлеў;

суў сақлағышлары, сел-суў сақлағышлары ҳәм басқа да суў хожалығы объектлериниң қәўипсизлигин және исенимли ислеўин тәмийинлеў;

суўғарылатуғын жерлердиң мелиоративлик жағдайын жақсылаў ҳәм турақлылығын тәмийинлеў илажларын көриў;

суў хожалығы тараўында ресурс үнемлейтуғын технологиялар, заманагөй қурылыс материаллары, алдынғы сырт ел тәжирийбесин кеңнен қолланыў;

суў хожалығы объектлерин басқарыў, суўдың есабы ҳәм есабатын жүргизиў және тийисли мағлыўматлар базасын қәлиплестириўде санлы технологияларды енгизиў;

суў ресурсларының есабы ҳәм электр энергиясынан пайдаланыў бойынша ашық-айдынлықты тәмийинлеў нәтийжелилигин арттырыў;

суў хожалығында базар экономикасы принциплери, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлери ҳәм аутсорсингти енгизиў;

суў хожалығы тараўындағы қәнигелердиң маманлығын арттырыўды системалы шөлкемлестириў, суў хожалығы шөлкемлери менен билимлендириў ҳәм илимий-изертлеў мәкемелери арасындағы интеграцияны күшейтиў, илим ҳәм техника жетискенликлерин әмелиятқа енгизиўди системалы шөлкемлестириў;

трансшегаралық суў ресурсларын басқарыў ҳәм олардан пайдаланыў бойынша мәмлекетлераралық қатнасықларды раўажландырыў, сырт ел инвестициялары ҳәм техникалық жәрдем қаржыларын тартыў, сондай-ақ, суў хожалығы тараўындағы халықаралық шөлкемлердиң жумысында белсене қатнасыў.

  1. Суў хожалығы министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң суў хожалығы министриниң:

суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў ҳәм раўажландырыўға жуўапкер болған орынбасары;

мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳәм санлы технологияларды раўажландырыў бойынша мәләҳәтшиси лаўазымларын енгизиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Суў хожалығы министрлиги Өзбекстан Республикасында барлық суў ресурсларын есапқа алыў және суўдан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша тийисли илажларды муўапықластырыў, сондай-ақ, суў балансын қәлиплестириў бойынша ўәкилликли мәмлекетлик уйымы етип белгиленсин.
  2. Суў хожалығы министрлиги жанындағы Үлкен ҳәм айрықша әҳмийетли суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайын және қәўипсиз ислеўин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Суў хожалығы объектлериниң қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы (кейинги орынларда – Инспекция)  етип қайта шөлкемлестирилсин.
  3. Инспекция Суў хожалығы министрлиги жанындағы Үлкен ҳәм айрықша әҳмийетли суў хожалығы объектлериниң техникалық жағдайын және қәўипсиз ислеўин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының ҳуқықлары, миннетлемелери ҳәм шәртнамалары бойынша ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны белгиленсин.
  4. а) төмендегилер Инспекцияның тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары болып есапланатуғыны белгиленсин:

суў сақлағышлары, сел-суў сақлағышлары ҳәм қәўиплилик дәрежеси жоқары болған басқа да суў хожалығы объектлериниң (кейинги орынларда – қәўиплилик дәрежеси жоқары болған суў хожалығы объектлери) қәўипсизлигин, исенимли ислеўин және қорғалыўын қадағалаў;

қәўиплилик дәрежеси жоқары болған суў хожалығы объектлерин жайластырыў ҳәм жойбарлаў бойынша тапсырмаларды және олардан пайдаланыў бойынша қағыйдаларды келисиў, сондай-ақ, олардың қәўипсизлик қағыйдалары ҳәм өлшемлерин ислеп шығыў;

қәўиплилик дәрежеси жоқары болған суў хожалығы объектлерин қурыў, реконструкциялаў, оларды пайдаланыўға қабыл етиў, консервациялаў ҳәм сапластырыў жумысларында қатнасыў және тийисли жуўмақлар бериў;

қәўиплилик дәрежеси жоқары болған суў хожалығы объектлериниң қәўипсизлик дәрежесин анықлаў жумысларына заманагөй технологиялар ҳәм алдынғы тәжирийбелерди енгизиў;

айрықша жағдайларда қәўиплилик дәрежеси жоқары болған суў хожалығы объектлериниң халыққа ҳәм экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыўда қатнасыў;

б) Инспекцияға:

қәўиплилик дәрежеси жоқары болған суў хожалығы объектлеринен пайдаланыўда қәўипсизлик бойынша көрсеткишлер ҳәм өлшемлерге әмел етилмеген жағдайларда  суў жыйнаўды шеклеў ямаса тоқтатып қойыў;

қәўиплилик дәрежеси жоқары болған суў хожалығы объектлериниң қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде тийисли министрликлер ҳәм уйымлар, жойбарлаў шөлкемлери, илимий-изертлеў ҳәм билимлендириў мәкемелери, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт ел компанияларының  жоқары мағлыўматлы қәнигелерин эксперт сыпатында тартыў ҳуқықы берилетуғыны белгиленсин.

  1. «Гидротехника имаратларының қәўипсизли ҳаққында»ғы жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Нызамының жойбарын заманагөй талаплар ҳәм қатнаслар тийкарында ислеп шығыў бойынша  жумысшы топардың қурамы ҳәм «Жол картасы» 1- ҳәм 2-қосымшаларға  муўапық тастыйықлансын.
  2. Суў хожалығы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және Қаржы министрлигиниң:

Жәҳән банкиниң жойбарларын әмелге асырыў топарлары, Азия раўажланыў банки жойбарларын әмелге асырыў топары ҳәм Араб муўапықластырыў топары жойбарларын әмелге асырыў топары тийкарында Суў хожалығы министрлиги жанындағы  Суў хожалығында сырт ел инвестициялық жойбарларын әмелге асырыў орайын;

Суў хожалығы министрлиги жанындағы  Суў хожалығында капитал қурылыс жойбарларын әмелге асырыў агентлигин  шөлкемлестириў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Министрлер Кабинети усы Пәрманның талапларынан келип шығып:

бир ҳәпте мүддетте Суў хожалығы министрлигиниң жумысын және де жетилистириў илажлары ҳаққындағы;

еки ҳәпте мүддетте Министрлер Кабинети жанындағы Суў хожалығы объектлери қәўипсизлигин қадағалаў мәмлекетлик инспекциясының жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти қарарларының жойбарларын Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым пәрманларына 3-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым пәрманлары 4-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.
  3. Усы Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 6-апрель