«AstraZeneca» компаниясы ең көп мусылман халыққа ийе болған мәмлекет – Индонезияда тарқалған қәўетерлерге жуўап сыпатында коронавирусқа қарсы ислеп шыққан вакцинасы қурамында шәриятта қадаған етилген шошқа организминиң элементлери жоқ екенлигин мәлим етти.
Индонезияның жоқарғы мусылман кеңеси өткен ҳәптеде «Astra Zeneca» вакцинасының қурамында шошқаның асқазан асты безинен алынған трипсин элементи бар екенлигин айтып, оны ҳарам деп пәтўа берген, бирақ препаратты тек ғана пандемия шараятында айрықша қолланыўды мақуллаған еди.
21-март күни «AstraZeneca»ның Индонезиядағы ўәкили Ризмон Абудайри усы мәселеде баянат берди.
– Бул вектор вируслы вакцинаны ислеп шығарыў процесиниң ҳеш бир басқышында шошқа ямаса басқа ҳайўанлардан алынатуғын ҳеш қандай элементтен пайдаланылмайды, усы сыяқлы элементлердиң ислеп шығарыў процесине байланысы жоқ, – деп айтып өткен рәсмий билдириўинде.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.