Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Мәмлекеттиң экономикалық, сиясий ҳәм жәмийетлик турмысының барлық тараўларында ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў, олардың билим ҳәм кәсиплик көнликпелер алыўы және бәнтлигин тәмийинлеўге ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў, исбилерменлик басламаларын және де қоллап-қуўатлаў, орынларда «ҳаял-қызлар дәптери»н қәлиплестириў ҳәм оған киргизилген ҳаял-қызлардың машқалалары, мүтәжликлери ҳәм қызығыўшылықарын системалы үйрениў, талқылаў ҳәм шешиў бағдарындағы жумысларды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыў мақсетинде, сондай-ақ, «2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўлың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаға муўапық:
- 1. Республикалық ҳаял-қызлар жәмийетлик кеңеси(кейинги орынларда Республикалық кеңес) 1-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин ҳәм оның тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:
ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыў, оларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы реформалардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийетин халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў;
ҳаял-қызлардың билим ҳәм кәсиплик көнликпелер алыўы, мүнәсип жумыс табыўына ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў, исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў, талантлы жас ҳаял-қызларды анықлаў ҳәм олардың қәбилетлерин дурыс бағдарлаў;
аймақларда, әсиресе, аўылларда ҳаял-қызларға көрсетилетуғын медициналық-социаллық хызметлердиң сапасын, олардың арасында саламат турмыс тәризин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў;
турақ жайға мүтәж ҳаял-қызларды турақ жай менен тәмийинлеў, турмыс ҳәм мийнет шараятларын жақсылаў, дәраматларын көбейтиў бағдарында системалы илажларды белгилеў;
ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерине байланыслы мәселелерди терең талқылаў, алдынғы тәжирийбелер тийкарында бар машқалаларды шешиў бойынша нызамшылық ҳәм әмелиятты жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў;
ҳаял-қызлардың шаңарақларды беккемлеў, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларды қәстерлеп сақлаў ҳәм олардың перзент тәрбиясындағы ролин арттырыў илажларын көриў;
аймақлық ҳаял-қызлар жәмийетлик кеңеслери, мәҳәллелердеги «Ҳаяллар мәсләҳәт кеңеслери»ниң жумысын муўапықластырыў, олардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен нәтийжели бирге ислесиўин тәмийинлеў, оларға методикалық-әмелий жәрдем бериў;
«Ҳаял-қызлар дәптери» менен мәнзилли ислесиў, жуўапкер шөлкемлер, секторлар тәрепинен ҳаял-қызлардың машқалаларының өз ўақтында сапластырылыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў.
- 2. Ҳаял-қызлардың машқалаларын системалы түрде шешиў, оларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша республикалық комиссия (Қ.М.Рафиков)орынларға шыққан ҳалда төмендеги бағдарларда жумысларды ҳәр бир хожалық ҳәм мәҳәлле кесиминде шөлкемлестириўи белгилеп қойылсын:
ҳаял-қызлардың машқалалары, мүтәжликлери ҳәм қызығыўшылықларын үйме-үй жүриў арқалы үйрениў жумысларын шөлкемлестириў, сектор басшылары, мәҳәлле баслықлары ҳәм олардың шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық-руўхый мәселелер бойынша орынбасарларының ҳаяллар менен ислесиў бағдарындағы жумысын нәтийжели шөлкемлестириў;
«Ҳая-қызлар дәптери»н қәлиплестириў ҳәм оған киргизилген ҳаял-қызлар менен мәнзилли ислесиў, социаллық жағдайы ҳәм турмыс шараяты аўыр, жумыссыз және зорлыққа ушыраған ҳаяллардың машқалаларын анықлаў ҳәм шешиў бойынша жуўапкер мәкеме ҳәм басшылардың нәтийжеге бағдарланған жумысын жолға қойыў ҳәм муўапықластырыў;
сектор басшылары, ҳәкимлердиң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша мәсләҳәтшилери тәрепинен орынлардағы ҳаял-қызлар машқалаларын шешиў бойынша «жол карталары»н ислеп шығып, әмелге асырыў ҳәм халық депутатларының жергиликли Кеңеслеринде ҳәр айда есап бериўди жолға қойыў;
мүтәж ҳаял-қызлардың санаторийлар, емлеў-профилактика мәкемелеринде денсаўлығын тиклеў, ишки туризм ушын жаратылған имканиятлардан кең пайдаланған ҳалда саяхат ҳәм дем алысын шөлкемлестириў;
жоқарыдағы мәселелер бойынша турақлы түрде ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде орайлық ҳәм жергиликли телевидениеде көрсетиўлер ҳәм шығыўларды шөлкемлестириў.
- 3. Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры(кейинги орынларда Қор) сыпатында қайта шөлкемлестирилсин ҳәм оның тийкарғы ўазыйпаларыетип төмендегилер белгиленсин:
аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларға, соның ишинде майыплығы болған шахслар, майыплығы болған перзентлерин тәрбиялап атырған, кем тәмийинленген, перзентлерин толық емес шаңарақта тәрбиялап атырған ҳәм турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж ҳаял-қызларға турақ жайлардың басланғыш төлемин төлеп бериў;
ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, денсаўлығын сақлаў, ҳаяллар спортын раўажландырыў, мийнет ҳәм оқыў шараятларын жақсылаў менен байланыслы илажларды қаржыландырыўға көмеклесиў;
ҳаял-қызлардың исбилерменлик басламаларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын коммерциялық банклерге ресурс қаржыларын белгиленген тәртипте орналастырыў;
ҳаял-қызларға мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплер бойынша билим ҳәм көнликпелерди ийелеўи ушын зәрүр шараятлар жаратыўға байланыслы илажларды қаржыландырыўға көмеклесиў.
Республикалық Кеңес (Т.К.Нарбаева, Қ.М.Рафиков) Қор қаржылары қәрежетлериниң параметрлерин тастыйықлайтуғыны, қаржылардан дурыс ҳәм нәтийжели пайдаланыў бойынша турақлы мониторинг орнататуғыны белгилеп қойылсын.
- 4. Төмендегилер Қор қаржыларын қәлиплестириў дереклериетип белгиленсин:
Республикалық Кеңестиң тийкарланған есап-санақларына муўапық ҳәр жылы 300 миллиард сумға шекемги муғдарда ажыратылатуғын Өзбекстан Республикасы нызамы менен тастыйықланатуғын Мәмлекетлик бюджет қаржылары;
Қордың бос турған қаржыларын коммерциялық банклердиң депозитлерине орналастырыў есабынан алынған дәраматлар;
физикалық ва юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қаржылары, халықаралық қаржы институтлары ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;
нызамшылық ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
5.Төмендегилер белгиленсин:
а) Қор ҳәр жылы АК «Халық банки»не 100 миллиард сум муғдарындағы қаржыларды 2021-жылда Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан 4 процент төмен ставкада, 2022-жылдан баслап болса Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында бағдарлайды;
б) төмендеги бағдарламаларды табыслы өзлестирген ҳаял-қызларға усы қаржылар есабынан районлық (қалалық) мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының биринши орынбасарының усынысы бойынша, исбилерменлик жумысын жолға қойыў ушын 3 жылға шекем мүддет ҳәм 6 айға шекем жеңилликли дәўир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында базалық есаплаў муғдарының 150 есесине шекемги муғдарда кредитлер ажыратылады:
Исбилерменликти раўажландырыў агентлиги және Бизнес ҳәм исбилерменлик жоқары мектеби тәрепинен мақулланған бағдарламалар тийкарында шөлкемлестирилген оқыў курсларын;
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң «Жумысқа мәрҳамат» моноорайлары, кәсип-өнерге оқытыў орайлары, мәҳәллелердеги кәсип-өнерге оқытыў орайлары ҳәм ҳаял-қызлар исбилерменлик орайлары яки мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелериниң кәсипке үйретиў оқыў курсларының арнаўлы оқытыў бағдарламаларын;
в) ажыратылатуғын кредитлер, бурынғысынан басқаша тәризде, 2022-жыл 1-январьға шекем Орайлық банктиң тийкарғы ставкасы шеңберинде, 2022-жыл 1-январьдан коммерциялық банк тәрепинен базар принциплери тийкарында бийғәрез рәўиште белгиленетуғын ставкаларда бериледи. Бунда, коммерциялық банклер тәрепинен базар принциплери тийкарында бийғәрез рәўиште белгиленетуғын ставкаларда берилетуғын кредитлер бойынша процент қәрежетлериниң бир бөлимин компенсациялаў механизми қолланылады;
г) Ҳаял-қызлар ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры арқалы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги жанындағы «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» қорына ҳәм «Мәҳәлле ҳәм шаңарақ» институтына Мәмлекетлик бюджеттен ажыратып келинген қаржылар 2021-жылдан баслап Қаржы министрлиги тәрепинен тиккелей «Абат ҳәм қәўипсиз мәҳәлле» қорына ҳәм «Мәҳәлле ҳәм шаңарақ» институтына ажыратылады.
6.Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов):
а) 2021-жылда «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» ҳәм «Темир дәптер»ге киргизилген ҳаял-қызларды турақ жай менен тәмийинлеў мақсетинде, оларға ипотека кредитлери бойынша басланғыш төлемди төлеп бериў ҳәм социаллық турақ жайлар сатып алыў ушын Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлерине:
турақ жай емес жайларда жасап атырған ҳаялларды турақ жай менен тәмийинлеўге 10 миллиард сумнан;
әкесинен айырылған, жалғыз анасының қарамағында болған ержеткен турақ жайға мүтәж ҳаял-қызларды турақ жай менен тәмийинлеўге 5 миллиард сумнан қаржы ажыратсын;
б) бир ҳәпте мүддетте ҳаяллардың машқалаларын системалы ҳәм мәнзилли түрде үйрениў ҳәм шешиў шеңберинде қәлиплестирилген арнаўлы хирургиялық әмелиятларды өткериў арқалы емлениўге мүтәж ҳаял-қызлар дизиминдеги ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» ҳәм «Темир дәптер»ге киргизилген ҳаял-қызлардың емлениўи ушын Қорға 30 миллиард сум қаратылсын.
Усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды қаржыландырыўға Өзбекстан Республикасы Президентиниң тапсырмалары тийкарында аймақларды социал-экономикалық раўажландырыў қәрежетлери ушын ажыратылған қаржылар есабынан жәми 240 миллиард сум қаратылатуғыны белгиленсин.
- 7. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, Ташкент қаласы ҳәм район (қала) ҳәкимликлери:
2021-жылда «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў қоры есабынан бағыўшысын жоғалтқан, майыплығы болған ҳәм басқалардың күтимине мүтәж ҳаял-қызларға бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиў ушын 80 миллиард сум, сондай-ақ, турақ жай емес жайларда жасап атырған ҳаял-қызларға турақ жай ижарасы компенсациясын төлеў ушын 11 миллиард сум;
ҳәр шеректе жергиликли бюджет прогнозының артықша орынланған бөлиминиң кеминде 15 процентин «Ҳаял-қызлардың дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў қорына қаратылсын.
Бас прокуратура (Н.Т.Йўлдошев) 2021-жылда мәжбүрий өндириўлер есабынан «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў қорларына 150 миллиард сум қаржы қаратылыўын тәмийинлесин.
- 8. Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги (Г.М.Маруфова) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, район (қала) ҳәкимлери менен биргеликте 2021-жыл 1-майға шекем усы қарардың 6-7-бәнтлеринде нәзерде тутылған қаржылар қаратылатуғын ҳаял-қызлар дизимин қәлиплестирип, төлемлерди әмелге асырыўды басласын.
Республикалық Кеңес (Т.К.Нарбаева, Қ.М.Рафиков) усы қаржылардың өз ўақтында ажыратылыўы ҳәм мәнзилли жумсалыўы үстинен системалы қадағалаў орнатсын ҳәм де жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластырып барсын.
- 9. Республика «Өнермент» ассоциациясы (У.Т.Абдуллаев) Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги (Г.М.Маруфова), Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Б.Хусанов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте ҳаял-қызларды өнерментшиликке тартыў илажларын әмелге асырсын. Бунда:
2021-жыл даўамында ҳәр бир аймақта тийкарынан ҳаял-қызлар жумыс ислейтуғын өнерментшилик түрлерине қәнигелескен кластерлер жумысы тәжирийбе сыпатында енгизиледи;
бул кластерлер өнерментшилик өнимлери ушын шийки зат жетистириў, оны қайта ислеў ҳәм сатыў жумысын қамтып алады, сондай-ақ, кластерлер устав капиталының 50 проценти тең үлеслерде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры ҳәм Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қоры, қалған 50 проценти өнерментлердиң өз қаржысы есабынан қәлиплестириледи.
10.Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Б.Хусанов), Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов), Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги (Г.М.Маруфова), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң төмендеги усыныслары мақуллансын:
«Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»н нәтийжели жүргизиў, жумыссыз пуқараларға бәнтлик тараўында системалы жәрдем көрсетиў ҳәм «мәҳәлле кесиминде» системасы тийкарында жумысларды шөлкемлестириў мақсетинде ҳәр бир мәҳәлледе мийнет инспекторына «жәмийетлик жәрдемши»лерди тартыў;
«жәмийетлик жәрдемши»лер менен 11 ай мүддетке шекем жәмәәтлик шәртнамалар дүзиў ҳәм олардың мийнет ҳақысын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының бир ярым есеси муғдарында белгилеў;
«жәмийетлик жәрдемши»лердиң мийнет ҳақысын Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Жәмийетлик жумыслар қорының есабынан қаржыландырыў.
- 11. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Б.Хусанов)бир ай мүддетте:
өз қарамағына өтип атырған кәсип-өнер билимлендириў мәкемелериниң бос турған бөлегин исбилерменлик субъектлерине оқыў ханасы ҳәм өндирис цехын шөлкемлестириў ушын 30 жылға шекемги мүддетке жеңилликли ижараға бериў тәртибин;
ҳаял-қызлар исбилерменлик субъекти сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилгеннен кейин 3 ай даўамында оларға берилген бос турған имаратлардың ижара төлемлерин Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан базалық есаплаў муғдарының 10 есесине шекемги муғдарда төлеп бериў, сондай-ақ, бос турған биналарды 1 жылға шекемги мүддетте жеңилликли түрде ижараға бериў тәртибин енгизсин.
- 12. Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги (Г.М.Маруфова) бир ай мүддетте:
Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте ҳаял-қызларды кәсипке үйретиў, олардың бәнтлигин тәмийинлеўге көмеклесиўши мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер арасында грантларды жәрияласын;
Қаржы министрлиги ҳәм Әдиллик министрлиги менен биргеликте Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги ҳәм оның аймақлық структураларын ҳаяллардың ҳуқықларын қорғаў мақсетинде киргизилген даўа арзалары бойынша мәмлекетлик бажыдан азат етиўди нәзерде тутыўшы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 13. Бас прокуратура (С.Б.Артықова), Әдиллик министрлиги (Р.К.Давлетов), Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бабажанов) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте 2021-жылдың ақырына шекем Зорлық ислетиўден жәбир көрген шахсларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў және өз жанына қастыянлық етиўдиң алдын алыў орайларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириўилажларын көрсин. Бунда:
бир ай мүддетте барлық аймақларда зорлыққа ушыраған ҳаял-қызларға жәрдем көрсетиў бойынша биреўден үлги орайлар шөлкемлестирилсин;
бул үлги орайлардың жумысын жолға қойыў ушын Министрлер Кабинетиниң резерв қорынан жәми 10 миллиард сум ҳәм жергиликли бюджетлердиң қосымша дәреклеринен қаржылар қаратылсын.
- 14. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 12-июньдеги ПҚ-4749-санлы қарары ҳәм де Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-февральдағы ПП-6155-санлы Пәрманына муўапық 2020-2021-оқыў жылынан баслап Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң усынысына ийе болған ҳаял-қызлар ушын мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери ажыратылғанлығы, сондай-ақ, мүтәж шаңарақлардың перзенти болған ҳаял-қызлар ушын жоқары билимлендириўге ажыратылатуғын мәмлекетлик грантлардың санын еки есеге арттырыў арқалы еки мыңғажеткерилетуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги қосымша мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлери шеңберинде ҳаял-қызларға таңлаўда қатнасыў ушын усыныс бериўде «Темир дәптер» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген шаңарақлардың қыз перзентлери және «Жаслар дәптери»не киргизилген ҳаял-қызларға айрықша итибар қаратсын.
- 15. 2021-2022-оқыў жылынан баслап базалық төлем-контракт тийкарында мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемесине қабыл етилген, ата-анасы яки олардың биринен айырылған мүтәж қызлар, бағыўшысы жоқ жалғыз ҳаялларды Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери және мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери есабынан оқытыў тәртиби енгизилсин. Бунда, оқыў ушын төлем пуллары:
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен 100 ден ҳаял-қызлар ушын ҳәр жылы жергиликли бюджеттиң қосымша дәреклери есабынан;
финанслық турақлы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен олардың Кеңесиниң қарарына тийкарланып 50 ге шекем ҳаял-қызлар ушын мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қаплап бериледи.
- 16. Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги (А.В.Шин):
а) бир ай мүддетте Қаржы министрлиги менен биргеликте төмендегилерди нәзерде тутыўшы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын ислеп шықсын:
социаллық қорғаўға мүтәж жалғыз ҳаяллардың перзентлерин мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине жеңилликли дизимге киргизиў арқалы қабыл етиў;
бағыўшысын жоғалтқан ҳаялларға перзентин мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, соның ишинде, шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине бериў қәрежетлерин бюджеттен қаплаў;
б) Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте:
еки ай мүддетте баланың дәслепки раўажланыўына хызмет ететуғын мектепке шекемги билимлендириўдиң альтернатив түрлерин және де кеңейтиў мақсетинде мәҳәллелерде бос турған ҳәм пайдаланылмай атырған имаратлар (ханалар)ды хатлаўдан өткерсин;
еки ай мүддетте мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери жоқ мәҳәллелерде мектепке шекемги билимлендириў менен қамтып алынбаған балалар дизимин қәлиплестирсин;
2021-жылдың ақырына шекем мектепке шекемги билимлендириўге талап бар болған мәҳәллелерде, соның ишинде, аўыллық жерлерде мектепке шекемги билимлендириўдиң альтернатив түрлерин шөлкемлестириў ҳәм оларды зәрүр материаллық-техникалық қураллар менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
- 17. «Эл-юрт умиди» қоры (А.Ш.Бекмурадов) Инновациялық раўажланыў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте бир ай мүддеттебакалавриат басқышын табыслы тамамлап, сырт мәмлекетлердиң абырайлы билимлендириў, илимий яки басқа мәкемелерине «Эл-юрт умиди» қорының стипендиялары тийкарында оқыўға жиберилетуғын стипендиатлар арасында ҳаял-қызлардың үлесин кеминде 20 процентке көбейтсин.
- 18. Олий Мажлис палаталары бир ай мүддеттеҳаял-қызларды, соның ишинде, майыплығы болған ҳаялларды мәмлекет ҳәм жәмийет алдындағы пидәкерлик хызметлери, мәмлекеттиң экономикалық, сиясий, социаллық потенциалын арттырыўға қосқан үлеси, ерк-ықрары, илимий ҳәм әмелий тараўлардағы ерискен табыслары ушын оларды хошаметлеўди нәзерде тутатуғын мәмлекетлик сыйлықларды шөлкемлестириў мәселесин көрип шықсын.
- 19. Халық депутатлары жергиликли Кеңеслери өз сессияларында жуўапкер мәмлекетлик уйымлар басшыларының ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, оларға исбилерменлик жумысын әмелге асырыўға көмеклесиў, сондай-ақ, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мәлимлемесин тыңлап барсын.
- 20. Төмендегилер:
ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры Атқарыўшы дирекциясы структурасы 1-қосымшаға муўапық;
ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жәмийетлик турмыста белсене қатнасыўын тәмийинлеў системасын және де жетилистириў бойынша илажлар режеси 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги және Қор Республикалық Кеңестиң жумысшы уйымлары есапланатуғыны белгилеп қойылсын.
- 21. Республикалық Кеңес (Т.К.Нарбаева, Қ.М.Рафиков) бир ай мүддетте Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги менен биргеликте ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыстағы орнын беккемлеў мақсетинде заманагөй жәмийетлик ҳәм сиясий белсенди ҳаял-қызлардың миллий имиджин кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша медиа-реже ислеп шықсынҳәм оның орынланыўын тәмийинлесин.
- 22. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Ж.Хаджаев), Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги (Г.М.Маруфова) еки ай мүддеттежасларға ҳәр тәреплеме өрнек болып атырған ҳаялларымызды тартқан ҳалда, ҳаял-қызлар ушын «Иффатли аёл»телекөрсетиўин жолға қойсын.
23.Қарақалпақстан Республикаси Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳаял-қызларға мотивация бериў мақсетинде илим, көркем өнер, әдебият, өндирис тараўында және мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумыстың басқа тармақларында үлкен әмелий тәжирийбеге ийе болған ҳәм айрықша хызмет көрсеткен ең абырайлы пуқаралар менен турақлы түрде ушырасыўлар шөлкемлестирип барсын.
- 24. Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддеттенызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 25. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2021-жыл 1-июль ҳәм 2022-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2021-жыл 5-март.