Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Соңғы жыллары мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм олар арасында социаллық шерикликти күшейтиў, тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў, сондай-ақ, бул тараўды тәртипке салыўшы ҳуқықый базаны жетилистириў бағдарында избе-из жумыслар алып барылды.
Атап айтқанда, соңғы төрт жылда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети басқа институтларының 1 270 тен аслам жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде Мәмлекетлик бюджеттен 117 миллиард сум муғдарындағы қаржылар ажыратылды.
Әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқықый кепилликлерин тәмийинлейтуғын заманагөй демократиялық талапларға ҳәм халықаралық стандартларға жуўап беретуғын нормативлик-ҳуқықый база және де жетилистирилди. Буның нәтийжесинде 20 ға шамалас нызам, Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлери ҳәм Ҳүкиметтиң қарарлары қабыл етилди.
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң мәплерин билдириў, мәмлекет пенен олар арасындағы көпир ўазыйпасын атқарыўға қаратылған Өзбестан Республикасы Президенти жанындағы Жәмийетлик палата шөлкемлестирилди, сондай-ақ, халық пенен ашық пикирлесиўдиң жаңа нәтийжели қуралларын енгизиў мақсетинде мәмлекет уйымлар жанында жәмийетлик кеңеслер жумысы жолға қойылды.
Елимизде еркин пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў ҳәм раўажландырыў, инсан ҳуқықларын, нызамлы мәплерин, демократиялық қәдириятларды қорғаў, халықтың сиясий мәденияты ҳәм ҳуқықый түсинигин арттырыўға мүнәсип үлес қосқан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллерин хошаметлеў мақсетинле «Пуқаралық жәмийетин раўажландырыўға қосқан үлеси ушын» көкирек белгиси шөлкемлестирилди және тараўдың 126 белсендилери усы жоқары сыйлық пенен сыйлықланды.
Көрилип атырған илажлар нәтийжесинде соңғы төрт жылда пуқаралық жәмийетиниң ең тийкарғы институты болып есапланатуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер саны 20,7 процентке асты, соның ишинде, 187 ири республикалық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер өз жумысын баслады.
Соның менен бирге, бул жумысларды сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў және елимизде пуқаралық жәмийетин раўажландырыўдың жақын ҳәм орта мүддетли перспективаларын белгилеп алыў зәрүр.
Пуқаралық жәмийетин раўажландырыўдың шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарларын және де жетилистириў, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң роли ҳәм әҳмийетин, социаллық белсенделиги ҳәм жумысының нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, 2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» ҳәм «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- 1. 2021-2025-жыллары пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 2. Төмендегилер Концепцияның тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:
пуқаралық жәмийетин раўажландырыўдың ҳуқықый тийкарларын избе-из жетилистириў;
пуқаралық жәмийети институтларына жәрдем бериў және оларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмин және де жетилистириў;
мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда пуқаралық жәмийети институтларының белсене қатнасыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў;
мәмлекетлик социаллық жойбарларды әмелге асырыўда пуқаралық жәмийети институтларының қатнасыўын және де кеңейтиў;
пуқаралық жәмийети институтлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў.
- 3. Төмендегилер:
2021-2025-жыллары пуқаралық жәмийетин раўажландырыў концепциясын 2021-жылы әмелге асырыў «Жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 2-қосымшаға муўапық;
2021-2025-жыллары пуқаралық жәмийетин раўажландырыўдың мақсетли көрсеткишлери (кейинги орынларда – Мақсетли көрсеткишлер) 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 4. а) Концепция ҳәр еки жылда Министрлер Кабинетиниң қарары менен айрықша тастыйықланатуғын «Жол картасы» арқалы басқышпа-басқыш әмелге асырылып барылатуғыны;
б) Мақсетли көрсеткишлер төмендегилерди нәзерде тутатуғыны бегиленсин:
мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын мәмлекет тәрепинен субсидиялар, грантлар ҳәм социаллық буйыртпалар түрлеринде қоллап-қуўатлаў көлемин 2021-жылы кеминде 1,2 есеге, 2025-жылы 1,8 есеге арттырыў;
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарығы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы Кеңеслери жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондларына 2021-жылы 16 миллиард сум, 2025-жылы 70 миллиард сум қаржыларын ажыратыў;
Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер миллий ассоциациясы ағзаларының санын жәми жумыс ислеп атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң санына салыстырғанда 2021-жылы 10 процентке, 2025-жылы 30 процентке жеткериў;
ҳәр бир мәмлекетлик уйым жанындағы жәмийетлик кеңеслердиң жумысында пуқаралардың басламасы менен шөлкемлестирилген мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ўәкиллериниң санын (жәми жәмийетлик кеңеслердиң қурамларына киргизилген мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллериниң санына салыстырғанда) 2021-жылы 5 процентке, 2025-жылы 25 процентке жеткериў;
мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен жоқары турыўшы шөлкемлерге нызамшылықты жетилистириў бойынша киргизилген усыныслардың улыўма санын 2021-жылы 1 000 ға, 2025-жылы 5 000 ға жеткерилиўин тәмийинлеў;
елимизде жәрияланатуғын жылға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада қатнасып атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң санын 2021-жылы 30 ға, 2025-жылдағы мәмлекетлик бағдарламада – 50 ге жеткериў;
әмелдеги процесслерди әпиўайыластырыў ҳәм профилактикалық илажларды күшейтиў арқалы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен исленип атырған ҳуқықбузарлықларды (жәми 2020-жылы исленген ҳуқықбузарлықлар санына салыстырғанда) 2021-жылы 3,8 процентке, 2025-жылы 19,2 процентке азайтыў;
2021-жылы 50, 2025-жылы 250 мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң басшыларын Мәмлекетлик басқарыў академиясында қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў.
- 5. Сондай тәртип орнатылсын, оған бола 2021-жыл 1-апрельден баслап:
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумысының ашық-айдынлық индекси енгизиледи ҳәм оған бола ҳәр жылдың жуўмақлары бойынша мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен әмелге асырылған жумыслар, социаллық шериклик дәрежеси, ажыратылған субсидия, грант ҳәм социаллық буйыртпалардың нәтийжелилиги ҳәм басқа да әҳмийетли жумыс көрсеткишлерине тийкарланып олардың рейтинги дүзиледи;
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумысының ашық-айдынлық индекси Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жәмийетлик палата (кейинги орынларда – Жәмийетлик палата), Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер миллий ассоциациясы ҳәм Әдиллик министрлиги тәрепинен белгиленген тәртипте қәлиплестириледи ҳәм индекс нәтийжелери олардың рәсмий веб-сайтларында жәрияланады;
Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумысының ашық-айдынлық индексин ислеп шығыў ҳәм толық әмелиятқа енгизиў әдиллик уйымларына жүкленеди.
Әдиллик министрлиги (М.Икрамов) Жәмийетшилик палатасы ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер миллий ассоциациясы (Н.Алимов) менен биргеликте еки ай мүддетте Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер жумысының ашық-айдынлық индексин қәлиплестириў тәртибин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- 6. Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм оның комитетлери (комиссиялар) мәжилислеринде қатнасыўшы турақлы ўәкили институты (кейинги орынларда – турақлы ўәкил) енгизилсин.
Турақлы ўәкилдиң тийкарғы ўазыйпалары етип нызам жойбарлары төменги палатаның ўәкилликлерине киретуғын мәселелер бойынша додалаўлар ҳәм мәжилислерде социаллық шериклик, тәсиршең жәмийетлик қадағалаў механизмлерин енгизиў ҳәм оларды әмелиятта дурыс қолланыў, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаў белгиленсин.
Турақлы ўәкил пуқаралық жәмийетиниң раўажланыўына үлес қосқан, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўда белсендилик көрсеткен, халықтың ҳүрмет-иззетине миясар болған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң хызметкерлери арасында Жәмийетлик палата тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымнан азат етилетуғыны белгиленсин.
- 7. Мәмлекетлик уйымлар жанындағы жәмийетлик кеңеслер (кейинги орынларда – жәмийетлик кеңеслер) қурамының кеминде 50 процентин мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери қурайтуғыны;
жәмийетлик кеңеслердиң қурамы Жәмийетшилик палатасы менен келисилгеннен соң мәмлекетлик уйым басшысының қарары менен ҳәр 2 жылда тастыйықланатуғыны;
жәмийетлик кеңеслердиң улыўма ағзаларының саны 15 тен аз болмаўы зәрүр екенлиги;
мәмлекетлик уйыплардың жәмийет пенен байланыслар бөлими (ямаса мәлимлеме хызмети) жәмийетлик кеңеслердиң жумысшы уйымы болып есапланатуғыны, олардың жумысын шөлкемлестириў-методикалық ҳәм мәлимлеме жағынан тәмийинлейтуғыны белгиленсин.
- 8. Қәўендерлик қаржыларды орайластырылған ҳалда топлаў ҳәм тарқатыў, олардың мақсетли және мәнзилли бағдарларын мониторинг етиў, бул процесслерди толық автоматластырыў ҳәм ашық-айдынлығын тәмийинлеў, сондай-ақ, қайырқомлық ислеўши өз қаржысының ислетилиўин бақлап барыў имканиятын бериўши «Шаффоф хайрия» («Ашық-айдын қайырқомлық») бирден-бир интерактив порталы 2021-жыл 1-майдан баслап иске қосылатуғыны белгиленсин.
- 9. «Шаффоф хайрия» («Ашық-айдын қайырқомлық») бирден бир интерактив порталын ислеп шығыў ҳәм иске қосыў менен байланыслы қәрежетлер «Өзбекстан мийрим-шәпәәт ҳәм саламатлық» жәмийетлик фондының қаржылары есабынан әмелге асырылады.
Бас министрдиң кеңесгөйы – Министрлер Кабинетиниң 85 –технологиялар, телекоммуникациялар ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў мәселелери департаментиниң баслығы О.М.Умаров және мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министриниң биринши орынбасары О.А.Пекось «Шаффоф хайрия» («Ашық-айдын қайырқомлық») бирден-бир интерактив порталын өз ўақтында иске қосыў , «Социаллық қорғаў бирден-бир реестри» мәлимлеме системасы менен интеграциялаў, зәрүр болғанда, нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў ҳәм киргизиў бойынша жеке жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
- 10. 2021-жылы Қарақалпақстан Республикасы, Әндижан, Қашқадәрья, Наманган, Сурхандәрья, Ташкент, Ферғана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң үйлери» шөлкемлестирилип атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси (Қ.Сариев), Әндижан (Ш.Абдурахманов), Қашқадәрья (З.Мирзаев), Наманган (Ш.Абдуразақов), Сурхандәрья (Т.Боболов), Ташкент (Д.Хидоятов), Ферғана (Х.Бозаров) ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласы (Ж.Артикходжаев) ҳәкимликлери:
«Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң үйлерин» пайдаланыўға тапсырсын, сондай-ақ, оларды зәрүр офис үскенелери, мебель, буйымлар, техника ҳәм басқа қураллар менен тәмийинлесин;
усы имаратларға жаңа шөлкемлестирилген, сондай-ақ, социаллық әҳмийетке ийе болған тараўларда өз жумысын әмелге асырып атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди тегин пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырсын.
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлерине мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң зәрүрлигинен келип шыққан ҳалда, босап атырған ҳәм нәтийжели пайдаланылмай атырған мәмлекетлик мүлк объектлери негизинде район (қала)ларда «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң үйлерин» шөлкемлестириў усыныс етилсин.
- 11. Тийисли министрлик, уйымлар ҳәм шөлкемлер жуўапкер хызметкерлерден ибарат болған жумысшы топарлары барлық аймақларда болып, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын буннан былай да күшейтиў, мәмлекетлик уйымлар менен бирге биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, спорт, бәнтлик, социаллық хызметлер, экология, қурылыс, кадастр, транспорт, коммунал хожалығы сыяқлы тараўларда орынлардағы әҳмийетли машқалаларды шешиўге қаратылған «Жол карта»лары ислеп шығылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Бас министрдиң орынбасары Б.А.Мусаев Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте бул аймақларда 2021-жылы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын қоллап-қуўатлаў, олар менен орынлардағы әҳмийетли машқалалардың шешимин табыў бойынша социаллық шерикликти раўажландырыўға қаратылған «Жол карта»ларын тастыйықласын, сондай-ақ, олардың толық ҳәм сапалы орынланыўы бойынша турақлы мониторинг орнатсын.
- 12. Олий Мажлис палаталарына Жәмийетшилик палатасы, Әдиллик министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм басқа мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийеттиң басқа институтларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың бирден-бир вертикал системасын енгизиў усыныс етилсин. Бунда, соның ишинде, төмендегилер нәзерде тутылсын:
Олий Мажлис жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондының шөлкемлестириў-ҳуқықый формасын өзгертиў;
мәмлекетлик субсидиялар, грантлар ҳәм социаллық буйыртпалар бериў тәртибин әпиўайыластырыў;
ажыратылып атырған қаржыларды үстин рәўиште билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, спорт, бәнтлик, социаллық хызметлер, экология, қурылыс, кадастр, транспорт, коммунал хожалығы сыяқлы тараўлардағы машқалаларды шешиў ушын социаллық буйыртпаларға бағдарлаў;
орын алған машқалаларды анықлаў, оларды терең таллаў, шешимлери бойынша усыныс ислеп шығыў, орынланыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды тәмийинлеў.
- 13. Жәмийетлик палата:
а) Әдиллик министрлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги менен биргеликте Жәҳән қайырқомлық индекси (The World Giving Index) бойынша Өзбекстанның дүньядағы жетекши мәмлекетлер қатарына кириўин тәмийинлесин;
б) Әдиллик министрлиги ҳәм Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги менен биргеликте үш ай мүддетте:
пуқаралық жәмийети институтлары тәрепинен мәмлекетлик уйымларға барған ҳалда жәмийетлик қадағалаўды өткериў әмелиятының тәртибин ислеп шықсын және енгизсин;
қадағалаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгилеўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 14. Миллий мәлимлеме агентлиги (А.Кўчимов) Миллий телерадиокомпания (А.Хаджаев), Халықаралық пресс-клуб (Ш.Қудратходжаев), Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы (Ф.Абдухаликов) менен биргеликте бул пәрманның мақсет және ўазыйпаларын кеңнен сәўлелендириў бойынша шығыўлар ҳәм темаға байланыслы көрсетиўлерди шөлкемлестирсин.
- 15. Усы пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Б.А.Мусаев, әдиллик министри Р.Қ.Давлетов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимлери белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.С.Қосимовқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2021-жыл 1-июль ҳәм 2022-жыл 1-январьға шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 4-март