Өзбекстан Республикасы Президентиниң

қарары

2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыў, олардың жәмийетлик ҳәм сиясий белсендилигин арттырыў мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысты жетилистириўдиң тийкарғы бағдары сыпатында белгиленген.

Бүгинги күнде мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары демкоратиялық ҳуқықый мәмлекет қурыў, жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеў және мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий ҳәм социал-экономикалық потенциалын арттырыў жолында үлкен әҳмийетке ийе болып келмекте.

Республикамызда әмелге асырылып атырған реформаларда белсене қатнасыўшы ҳәм бирге ислесиўши сыпатында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ролин және де арттырыў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплериниң қорғалыўын беккемлеў, мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў көлемин кеңейтиў және оларға қолайлы шараят жаратыў мақсетинде:

  1. 1. 2021-жыл 1-марттан баслап:

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен дизимнен өткеретуғын уйымды хабардар еткен (мағлыўмат ушын) ҳалда сырт ел дәреклеринен алынатуғын пул қаржылары ҳәм мүлктиң бир календарь жылындағы жәми суммасы базалық есаплаў муғдарының  жигирма есесинен жүз есесине шекем арттыралатуғыны;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемди қайта дизимнен және оның символикасын мәмлекетлик дизимнен өткериў мүддети  бир айдан он бес күнге шекем қысқартылатуғыны;

майыплығы болған пуқаралар, ветеранлар, нуранийлар, ҳаял-қызлар, балалар жәмийетлик бирлеспелериниң  символикаларын мәмлекетлик дизимнен (қайта дизимнен) өткериў ушын мәмлекетлик бажының өндирилмейтуғыны;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеминиң айрықша бөлими юридикалық тәреп болып есапланатуғыны, онда  айрықша бөлимлерди есапқа қойыў тәртиби бийкар етилетуғыны белгиленсин.

  1. 2. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды (кейинги орынларда – Жәмийетлик фонды) қаржыларын басқарыў бойынша парламент комиссиясы және Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери миллий ассоциациясының (кейинги орынларда – Ассоциация) төмендеги усыныслары мақуллансын:

жергиликли мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди раўажландырыўға қаратылған бағдарлама ҳәм жойбарларды қаржыландырыў ушын  Өзбекстан мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондына мәмлекетлик субсидиясын ажыратып барыў;

Ассоциацияның ҳәм оның аймақлық бөлимлери басқарыў хызметкерлериниң улыўма шекленген санын  44 етип белгилеў және олардың  мийнетине ҳақы төлеў муғдарларын еки есеге арттырыў;

Ассоциация орайлық аппараты ҳәм аймақлық бөлимлерин зәрүр техника, автотранспорт қуралы, офис әсбап-үскенелери, мебель үскенелери менен тәмийинлеў және басқа да  материаллық-техникалық базасын беккемлеў.

Ассоциацияға еки ҳәпте мүддетте Ассоциацияның жаңаланған структурасын ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў усыныс етилсин.

Усы бәнтте нәзерде тутылған илажларды әмелге асырыў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын Жәмийетлик фондқа «2021-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамында зәрүр қаржылардың нәзерде тутылғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Қаржы министрлиги усы бәнттиң екинши ҳәм үшинши абзацларында белгиленген илажларды әмелге асырыўға байланыслы қәрежетлерди 2022-жылдан баслап Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутыўды тәмийинлесин.

  1. 3. Ассоциация жумысының тийкарғы бағдарлары етип төмендегилердиң белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин:

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин мәмлекетлик уйымларда, судларда, халықаралық, сырт ел, сондай-ақ, басқа шөлкемлерде түсиндириў және қорғаў;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди Ассоциацияға бирлестириў, олардың жумысын бағдарлаў, раўажландырыў, сондай-ақ, нәтийжелилиги ҳәм сапасын арттырыўға жәрдемлесиў;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, исбилерменлик субъектлери, халықаралық ҳәм сырт ел структуралары және мәмлекетлик уйымлар арасында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди раўажландырыўда қатнасыў;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң басламаларын әмелге асырыў ушын оларға қолайлы ҳуқықый, экономикалық ҳәм социаллық шараятлар жаратыўға жәрдемлесиў;

елимизде демократиялық процесслерди турақлы раўажландырыў ҳәм алға қойыўда ағзалар және бирге ислесиўшилердиң ҳәрекетлерин бирлестириў;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерине байланыслы болған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын ислеп шығыўда қатнасыў және тараўды тәртипке салыўшы нызамшылықты жетилистириў бойынша усынысларды таярлаў;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң басшылары ҳәм хызметкерлериниң шөлкемди нәтийжели басқарыў, қаржы турақлылығына ерисиў, социаллық әҳмийетли жойбарларды ислеп шығыў, социаллық шериклик ҳәм тәсиршең жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыў, волонтёрларды, қайырқомлық ҳәм басқа да ресурсларды тартыў, социаллық менеджмент, социаллық исбилерменлик бағдарларында потенциалын арттырыў;

мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери ушын қолланбалар, оқыў бағдарламалары, китаплар, елимизге сай теориялық көзқарасларды ислеп шығыў.

  1. 4. Ассоциация басшысы бир ўақыттың өзинде Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Жәмийетлик палатасы баслығының, Ассоциация аймақлық бөлимлериниң басшылары болса – аймақлық жәмийетлик палаталары баслықларының мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери мәселелери бойынша жәмийетлик тийкарда жумыс ислейтуғын кеңесгөйлери болып есапланатуғыны;

Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлардың орайлары ҳәм Ташкент қаласындағы «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери үйлери»не социаллық әҳмийетке ийе болған тараўларда өз жумысын әмелге асырып атырған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерин жайластырыў Ассоциацияның усынысы  тийкарында әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Ассоциацияға бир ай мүддетте кең жәмийетшиликтиң усыныслары тийкарында мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди «Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери үйлери»не жайластырыў ушын усыныс бериў тәртибин ислеп шығыў  усыныс етилсин.

  1. 5. «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети, «Раўажланыў стратегиясы» орайы ҳәм Ассоциацияның халықаралық грант қаржылары есабынан қосымшаға муўапық 2021-2022-жыллары Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлардың орайлары ҳәм Ташкент қаласында пуқаралық жәмийети институтларының белсендилери арасында нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойыў, жаңа пуқаралық басламаларын әмелге асырыў, мәмлекетти социаллық-экономикалық раўажландырыў мәселелерин додалаў, бар машқалалардың шешими бойынша усынысларды таярлаў және жеке билим ҳәм көнликпелерин арттырыўға хызмет ететуғын коворкинг-орайларын шөлкемлестириў басламасы қоллап-қуўатлансын.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери коворкинг-орайларын шөлкемлестириў, сондай-ақ, усы басламаның нәтийжели ҳәм толық әмелге асырылыўында ҳәр тәреплеме жәрдемлессин.

  1. 6. Жумысын устав мақсетлерине муўапық Өзбекстан Республикасының барлық аймағында алып баратуғын және еки ямаса оннан артық ҳәкимшилик-аймақлық бирликте айрықша бөлимлерине ийе болған мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер республикалық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер деп тән алынатуғыны;

жумысын устав мақсетлерине муўапық ўәлаят, район, қала, посёлка, аўыл аймағында алып баратуғын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер аймақлық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер болып есапланатуғыны;

аймақлық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын  базалық есаплаў муғдарының 50 проценти муғдарында мәмлекетлик бажы өндирилетуғыны белгиленсин.

  1. 7. Өзбекстан Республикасы «Социаллық шериклик ҳаққында»ғы Нызамының 5-статьясында социаллық шерикликти әмелге асырыў тараўларының белгиленгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Министрликлер ҳәм уйымлар белгиленген социаллық шериклик тараўларынан келип шығып, бир ай мүддетте социаллық әҳмийетке ийе жойбарларды әмелге асырыў ушын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерге бюджеттен тысқары қаржылары есабынан берилетуғын мәмлекетлик социаллық буйыртпалардың  2021-2023-жылларға мөлшерленген режелерин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

Әдиллик министрлиги (М.Икрамов) министрликлер ҳәм уйымларға мәмлекетлик социаллық буйыртпаны бериў бойынша методикалық және әмелий жәрдем көрсетип барсын.

  1. 8. Әдиллик министрлиги (Р.Давлетов) Жоқарғы суд (К.Камилов) ҳәм Бас прокуратура (Н.Йўлдашев) менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте мәмлекетлик уйымлар және олардың лаўазымлы шахсларының мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң нызамлы жумысына араласқаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. 9. Ассоциацияға «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети менен биргеликте мәмлекетлик социаллық буйыртпалар дизими, оның орынлаўшылары, орынлаў жағдайы ҳәм ерисилген нәтийжелерди нәзерде тутатуғын социаллық шериклик жойбарларының бирден-бир базасын жаратыў, жүргизиў және веб-сайтларына жайластырыў усыныс етилсин.
  3. 10. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Тошқулов) 2021/2022-оқыў жылынан баслап Ассоциацияның буйыртпаларына бола республикамыздағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери тийисли билимлендириў бағдарлары бойынша өндирислик әмелияттан өтиўи ушын Ассоциацияға турақлы жиберилиўин тәмийинлесин.
  4. 11. Сыртқы ислер министрлиги (А.Камилов) Ассоциацияға түрлес сырт ел мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлери менен тығыз бирге ислесиўди жолға қойыўда тараў бойынша тәжирийбе алмасыў ушын олардың маман қәнигелерин тартыўда жәрдемлессин.
  5. 12. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери:

бир ай мүддетте тийисли қаржы, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары уйымлары менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслери жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фондларының структуралары  ҳәм олардың хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў разрядларын тастыйықласын;

2021-жылы Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлеринен усы жәмийетлик фондларды сақлаў қәрежетлерине және олардың тийкарғы жумыс бағдарларын әмелге асырыўы ушын 1,1 миллиард сумнан аз болмаған қаржыны қаратсын;

Ассоциацияның Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардағы аймақлық бөлимлерине бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында зәрүр шараятлар жаратылған өз алдына хызмет ханаларын ажыратсын.

  1. 13. Ассоциацияның орайлық аппараты ҳәм Ташкент қаласы аймақлық бөлими Ташкент қаласы, Шайхонтоҳур районы, Фурқат көшеси, 1А-жай мәнзилинде бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында жайластырылсын.
  2. 14. Әдиллик министрлиги мәпдар уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

15.Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Б.А.Мусаев, әдиллик министри Р.Қ.Давлетов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Р.С.Қосимовқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2021-жыл 1-июль  ҳәм 2022-жыл 1-январьға  шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                 Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 3-март