Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қарары
Баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслардан зергерлик буйымларын ислеп шығарыў қуўатлықларынан нәтийжели пайдаланыў, тараўда руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын жетилистириў ҳәм бюрократиялық тосқынлықларды сапластырыў, оның тийкарында жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм жас қәнигелерди таярлаў есабынан кадрлардың потенциалын беккемлеў мақсетинде:
1.Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Орайлық банк ҳәм «Өзбекаграрсанааты» ассоциациясының 2023-жыл 1-мартқа шекем зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларға баҳалы металларды тиккеллей шәртнама тийкарында ямаса кешиктирип төлеў шәрти менен сатыў тәртибин енгизиў бойынша усыныслары мақуллансын.
Баҳалы металларды ислеп шығарыў бойынша буйыртпасы шеңберинде «Наўайы кән-металлургия комбинаты» АЖ ҳәм «Алмалық кән-металлургия комбинаты» АЖ тәрепинен зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларға баҳалы металлар кейиншелик шийкий зат көринисинде қайта сатыў ҳуқықысыз тиккелей шәртнама тийкарында ямаса товар-шийки зат биржасы арқалы баҳаның 15 процентлик аванс төлемин әмелге асырған ҳалда 180 күнге кешиктирип төлеў шәрти менен сатылатуғынлығы;
зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшылар баҳалы металларды тиккелей шәртнама тийкарында сатып алыў ушын «Наўайы кән-металлургия комбинаты» АЖ ҳәм «Алмалық кән-металлургия комбинаты» АЖға баҳалы металларға болған зәрүрлигин көрсеткен ҳалда мүрәжат ететуғынлығы;
зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшылар товар-шийки зат биржасы арқалы 180 күнге кешиктирип төлеў шәрти менен алынған баҳалы металлар ушын төлемди кепиллеў мақсетинде «Наўайы кән-металлургия комбинаты» АЖ ҳәм «Алмалық кән-металлургия комбинаты» АЖ менен келисилген ҳалда «Өзмиллийбанк» АЖ кепиллигин усыныс ететуғынлығы;
«Өзмиллийбанк» АЖ товар-шийки зат биржасы арқалы 180 күнге кешиктирип төлеў шәрти менен сатылған баҳалы металлар ушын банк кепиллигин шәртнама суммасының 85 процентине шекем (85 проценти де киреди) муғдарда жыллық 2 процентке шекем комиссия өндирген ҳалда усыныс ететуғынлығы;
сатылатуғын баҳалы металл бойынша «Наўайы кән-металлургия комбинаты» АЖ ҳәм «Алмалық кән-металлургия комбинаты» АЖ менен есап-санақлар төлеў күниндеги Лондон баҳалы металлар биржасының азанғы фиксинг баҳасы ҳәм Орайлық банктиң курсынан келип шығып әмелге асырылатуғынлығы;
мерўерт, алмас ҳәм баҳалы тасларға импорт бажыхана бажылары салынбайтуғынлығы белгиленсин ( Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-июньдағы «Өзбекстан Республикасының сыртқы экономикалық жумысын және де тәртипке салыў және бажыхана-тариф жағынан тәртипке салыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3818-санлы қарарына 1-қосымшаның 7101-7104 СЭЖ ТН позициялары).
2.2021-жылы кешиктирип төлеў шәрти менен сатыў ушын зәрүр көлемдеги баҳалы металлар «Наўайы кән-металлургия комбинаты» АЖ ҳәм «Алмалық кән-металлургия комбинаты» АЖ тәрепинен биржа саўдалары арқалы ҳәм тиккелей шәртнамалар тийкарында сатылатуғын баҳалы металлардың көлеми шеңберинде ажыратылатуғынлығы белгиленсин.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Орайлық банк ҳәм «Өзбекаграрсанааты» ассоциациясы менен биргеликте 2022 ҳәм 2023-жыллар ушын Баҳалы металларды ислеп шығарыў бойынша мәмлекетлик буйыртпаны қәлиплестириўде кешиктирип төлеў шәрти менен сатыў ушын зәрүр көлемдеги баҳалы металлар ажыратылатуғынын нәзерде тутсын.
3.Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2021-жыл 1-апрельден баслап:
а) зергерлик буйымларына негизги дәрежесиниң тамғасы ҳәм ислеп шығарыўшының жеке тамғасы механикалық (соққы) ямаса лазер усыллары жәрдеминде түсириўге руқсат етиледи. Онда зергерлик буйымларына лазер усыллары жәрдеминде түсирилген жеке тамғаның ҳақыйқыйлығын тастыйықлаў ислеп шығарыўшыға жүкленеди;
б) зергерлик буйымларын негизги дәрежесиниң тамғасы ҳәм ислеп шығарыўшының жеке тамғасы менен тамғалаў усылы зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшылар тәрепинен еркин белгиленеди;
в) аффинаж жумысын әмелге асырыў ҳуқықы ушын лицензияға ийе болған юридикалық тәреплерге өзлери ислеп шығарған өлшемли бирикпелерди физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге сатыўға руқсат бериледи. Онда, бирикпелерди сатыў баҳасы есап-санақ әмелге асырылған сәнедеги Лондон баҳалы металлар биржасының азанғы фиксинг баҳасы ҳәм Орайлық банктиң курсынан кем болмаған муғдарда ислеп шығарыўшы тәрепинен еркин белгиленеди;
г) баҳалы металлардан ҳәм баҳалы (ярым баҳалы) таслардан исленген зергерлик буйымларын ишки ҳәм сыртқы базарларда электрон коммерция арқалы сатыўға руқсат бериледи;
д) төмендеги жағдайларда баҳалы металл ҳәм баҳалы таслар менен байланыслы болған операцияларды әмелге асыратуғын шахслар тәрепинен тутыныўшыны, оның ўәкилин ҳәм бенефициар мүлк ийесин тексериў (олардан шахсын тастыйықлайтуғын ҳүжжет, мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гүўалық, шөлкемлестириў ҳүжжетлери ҳәм басқа мағлыўматларды сорап алыў) талап етилмейди:
нақ пулда өз-ара есап-санақ әмелге асырылғанда операцияның улыўма суммасы базалық есаплаў муғдарының 600 есесинен артпаған жағдайда;
операцияның улыўма суммасына қарамастан, өз-ара есап-санақ нақ пулсыз ҳәм физикалық тәреплердиң пластикалық карталары арқалы әмелге асырылғанда.
Онда, тутыныўшы, оның ўәкили ҳәм бенефициар мүлк ийесиниң жынайый ҳәрекетинен алынған дәраматларды легалластырыўға ҳәм терроризмди қаржыландырыўға байланыслылығы ҳаққында тийкарланған гүманланыў бар болған жағдайларда операцияның суммасы ҳәм төлем түрине қарамастан, тутыныўшыны, оның ўәкилин ҳәм бенефициар мүлк ийесин тексериў илажлары көрилиўи зәрүр.
4.Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры зәргерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларды қаржылай дәрек пенен тәмийинлеў мақсетинде соңынан микрокредитлер ажыратыў ушын «Өзмиллийбанк» АЖға 30 миллион АҚШ доллары эквивалентинде 7 жыл мүддетке, 3 жыллық жеңилликли дәўир менен Орайлық банктиң тийкарғы ставкасынан 4 процент бәнтке төмен процент ставкасында қаржы қаратсын.
5.«Өзмиллийбанк» АЖ тәрепинен усы қарардың 4-бәнтинде белгиленген қаржылар есабынан зәргерлик буйымларын ислеп шығарыўшыларға өндирис мүтәжликлери ушын әсбап-үскене, аўсық бөлеклер ҳәм шийки зат сатып алыў, айланыс қаржыларын толықтырыў мақсетинде төмендеги шәртлерде микрокредитлер ажыратылатуғынлығы:
300 миллион сумға шекемги муғдарда 3 жыл мүддетке, 6 айға шекем жеңилликли дәўир менен;
Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қорының кепиллиги ҳәм нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа тәмийнат түрлери тийкарында белгиленсин.
6.Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги «Өзбекаграрсанааты» ассоциациясы менен биргеликте:
«Өзбекаграрсанааты» ассоциациясының тийкарланған буйыртпаларына тийкарланып Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласындағы «Жумысқа мәрҳамат» моноорайлары ҳәм кәсип-өнерге оқытыў орайларына және «устаз-шәкирт» усылында зергерлик тараўында талап жоқары болған бағдарлар бойынша заманагөй көнликпелер тийкарында жаслар ушын оқыў курслары шөлкемлестирилиўин;
зергерлик тараўындағы заманагөй ҳәм инновациялық технологиялардан пайдаланыўға үйретиў процесслерине ислеп шығарыўшы шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм олардан пайдаланыў көнликпелерине ийе тәжирийбели қәнигелердиң тартылыўын тәмийинлесин.
7.2021-2023-жылларда зергерлик буйымларын ислеп шығарыў, жас қәнигелерди таярлаў ҳәм жаратылатуғын жаңа жумыс орынларының мақсетли параметрлери 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, «Өзбекаграрсанааты» ассоциациясы усы бәнтте нәзерде тутылған мақсетли параметрлерге толық ҳәм өз ўақтында ерисилиўи бойынша зәрүр илажларды әмелге асырсын.
8.Қаржы министрлиги Мәмлекетлик салық комитети менен биргеликте 2021-жыл 1-майға шекем Салық кодексине төмендегилерди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшаларды киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизилиўин тәмийинлесин:
баҳалы металларды ислеп шығарыўда пайда болатуғын сынықларды ҳәм шығындыларды, баҳалы металлардың өлшем пластиналары ҳәм грануларары, баҳалы ҳәм ярым баҳалы таслар, баҳалы металлар ҳәм баҳалы таслардан исленген ярым таяр өнимлерди реализациялаў бойынша айланысты қосымша қун салығынан азат етиў;
2023-жыл 1-мартқа шекем «Өзбекаграрсанааты» ассоциаициясына ағза болған зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшы жеке тәртиптеги исбилерменлерге «Өнермент» ассоциациясының ағзалары ушын берилген салық жеңилликлерин енгизиў.
9.Бухара, Самарқанд, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларының ҳәкимликлери Бухара, Самарқанд ҳәм Қоқанд қалалары аймақларында жайласқан ири базарлардың зергерлик буйымларын усақлап сатыўға қәнигелескен саўда орынлары орнында миллий бренд тийкарында ислеп шығарылатуғын зергерлик буйымларының заманагөй көргизбе-саўда дүкәнлары ҳәм зергерлик саўда-өндирислик орайларын шөлкемлестириў илажларын көрсин.
10.Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Өзбекстан миллий зергерлик брендин дүньяға танытыў мақсетинде 2021-жылы Дубай (БАӘ) қаласында өткерилиўи режелестирилген «World Expo – 2021», соңынан сырт мәмлекетлерде шөлкемлестирилетуғын барлық абырайлы көргизбелер шеңберинде зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшылардың өнимлери көрсетилиўин шөлкемлестирсин.
11.2023-жыл 1-январьға шекем зергерлик буйымларын ислеп шығарыўшылардың халықаралық көргизбелерде қатнасыўы менен байланыслы қәрежетлериниң 50 проценти Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен компенсацияланатуғыны белгиленсин.
Экономикалық раўажоаныў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте усы бәнте нәзерде тутылған компенсация бериўдиң ўақтыншалық тәртибин тастыйықласын.
12.Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 29-июньдағы «Өзбекстан Республикасының сыртқы экономикалық жумысын және де тәртипке салыў және бажыхана-тариф жағынан тәртипке салыў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3818- санлы қарарына 2-қосымшаға муўапық қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилсин.
13.Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Қаржы министрлиги, мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
14.Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдың орынбасары Ж.А.Қўчқоров ҳәм қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.
Қарардың орынланыўы ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 22-февраль