USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 25 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

МӘМЛЕКЕТЛИК ХЫЗМЕТКЕРЛЕР ҲӘМ ҚӘНИГЕЛЕРДИ СЫРТ ЕЛДЕ ТАЯРЛАЎ ЖӘНЕ ОЛАРДЫҢ ПОТЕНЦИАЛЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА АРТТЫРЫЎ СИСТЕМАСЫН ТҮП-ТИЙКАРЫНАН ЖЕТИЛИСТИРИЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Қәбилетли ҳәм перспективалы, әсиресе, республикамыз аймақларынан жас қәнигелерди излеп табыў ҳәм таңлаўға қаратылған жумысты түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм буннан былай да модернизациялаў, олардың сырт елдеги абырайлы билимлендириў ҳәм илимий мәкемелерде, өндирис, инновациялық ҳәм басқа компанияларда мақсетли билим алыўды және стажировкадан өтиўин шөлкемлестириў, профессионал, терең билимге ийе, заманагөй пикирлейтуғын ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбияланған жаңа әўлад кадрларын қәлиплестириў ҳәм оларды мәмлекетлик хызметке  тартыў бағдарында барлық шараятларды жаратыў мақсетинде:

1.Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 3-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасында кадрлар сиясаты ҳәм мәмлекетлик пуқаралық хызмети системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5843-санлы Пәрманы менен Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас бойынша «Эл-юрт умиди» қоры Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң ықтыярына өткерилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас бойынша «Эл-юрт умиди» қоры (кейинги орынларда-Қор) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас бойынша «Эл-юрт умиди» қорының ҳуқықлары, миннетлери ҳәм шәртнамалары, соның ишинде халықаралық шәртнамалары бойынша оның ҳуқықый мийрасхоры болып есапланатуғыны белгиленсин.

2.Төмендегилер Қордың қосымша ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип белгиленсин:

қәбилетли ҳәм перспективалы, әсиресе, республика аймақларынан мәмлекетлик хызметкерлерди системалы түрде излеп табыў, таңлаў ҳәм хошаметлеў, олардың сырт елдеги абырайлы билимлендириў, илимий ҳәм басқа да мәкемелерде билим алыўын ҳәм стажировкадан өтиўин шөлкемлестириў;

профессионал, терең билимге ийе, заманагөй пикирлейтуғын ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбияланған жаңа әўлад кадрларын қәлиплестириў ҳәм оларды мәмлекетлик хызметке тартыўға жәрдемлесиў;

раўажланған еллер тәжирийбесине сүйенген ҳалда сырт ел экспертлери менен биргеликте мәмлекетлик хызмет ҳәм билимлендириў тараўына санлы технологияларды енгизиўге қаратылған илимий-әмелий илажлар шөлкемлестириў;

сырт ел тәлими, илимий ҳәм басқа да шөлкемлер, илимпазлар ҳәм экспертлер, сондай-ақ, ўатанласлар менен биргеликте онлайн платформаларға тийкарланған аралықтан билимлендириў бағдарламалары, оқыў курслары ҳәм басқа да билимлендириў, илимий-изертлеў ҳәм әмелий жойбарларды әмелге асырыў.

3.Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлигиниң қәнигелерди излеп табыў, таңлаў ҳәм олардың сырт елде билим алыўын шөлкемлестириў системасын төмендегилерди нәзерде тутқан ҳалда, түп-тийкарынан қайта көрип шығыў бойынша усынысына келисим берилсин:

ашық стипендия таңлаўлары тийкарында сырт елде  бакалавриат, магистратура ҳәм докторантурада билим алыў  бағдарламалары Қордың тийкарғы тәлим бағдарламалары (кейинги орынларда –   билимлендириў  бағдарламалары) болып есапланады;

Қор билимлендириў бағдарламалары бойынша талабанларды таңлап алыўы турақлы түрде ҳәм Өзбекстан Республикасының барлық пуқаралары ушын  олардың республикамыздағы жумыс ҳәм оқыў орнына қарамастан  ашық түрде  әмелге асырылады;

Қор тәрепинен министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң тиккелей буйыртпалары тийкарында перспективалы ҳәм талап жоқары болған қәнигеликлер бойынша  стажировкадан өтиў бағдарламалары  шөлкемлестириледи.

4.Қор билимлендириў бағдарламалары бойынша талабанларды ашық таңлап алыўы төмендеги бағдарлар бойынша әмелге асырылатуғыны белгиленсин:

мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў;

нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм суд-ҳуқық тараўы;

билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да социаллық тараў тармақлары;

экономика тараўлары ҳәм тармақлары.

5.Қор 2021-жылы ашық стипендия таңлаўлары тийкарында жаслардың абырайлы сырт еллерде бакалавриат бағдарламасы бойынша билим алыўы ушын 100 орын, магистратура ҳәм докторантурада оқыў ушын алдынғы жылларға салытырғанда орташа 5 есе көп орын  ажыратсын.

6.Қорға Мәмлекетлик бюджеттен тийисли жыл ушын ажыратылып ислетилмей қалған қаржылар Қордың ықтыярында қалдырылатуғыны ҳәм кейинги жыллар ушын оның билимлендириў бағдарламаларын қаржыландырыў ушын қаратылатуғыны;

Қордың қаржылары есабынан Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясы тыңлаўшыларының сырт ел билимлендириў, илимий ҳәм басқа да шөлкемлеринде стажировка шөлкемлестирилетуғыны;

сырт елде кадрлардың маманлығын арттырыў, олардың стажировкадан өтиўин шөлкемлестириў шет тиллерге оқытыў тийисли министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлер ушын Мәмлекетлик бюджетте нәзерде тутылған мақсетли қаржылар, буйыртпашылардың бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм нызам ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан шөлкемлестирилетуғыны;

Қордың стипендияларының квоталары Қайырқомлық кеңесиниң қарары бойынша билимлендириў бағдарламалары және перспективалы ҳәм талап жоқары болған қәнигеликлерди есапқа алған ҳалда билимлендириў тараўлары кесиминде талабанларды таңлап алыўын өткериў бағдарлары бойынша ажыратылтуғыны;

Қор билимлендириў бағдарламалары бойынша оқыған стипендиатларға стипендиат пенен дүзилген шәртнамада белгиленген тәртип және мүддет даўамында министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да мәмлекетлик шөлкемлер және мәмлекетлик үлеси бар болған шөлкемлерде үзликсиз ислеп бериў миннетлемеси жүкленетуғынлығы;

Қор мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм басқа да категориядағы хызметкерлердиң потенциалын арттырыўға жәрдемлесиў, қәбилетли ҳәм перспективалы жасларды, бәринен бурын республикамыз аймақларындағы жасларды хошаметлеў мақсетинде жетекши сырт ел ҳәм жергиликли илимпазлар және экспертлерди тартқан ҳалда оқыў курслары, илимий-ағартыўшылық ҳәм басқа да илажларды шөлкемлестириў ҳуқықына ийе екенлиги;

стипендиат кеширилмейтуғын себеп бойынша билимлендириў бағдарламаларынан шетлестирилген жағдайда ямаса Қор билимлендириў бағдарламалары тамамланғаннан соң жумысын министрликлер, уйымлар ямаса басқа да мәмлекетлик шөлкемлерде даўам еттириўден бас тартқан жағдайларда, Қор тәрепинен стипендиаттың оқыўы ушын жумсалған барлық қаржылай қәрежетлер оның менен қол қойылған шәртнама шәртлерине муўапық стипендиат тәрепинен қапланатуғыны белгилеп қойылсын.

7.Қордың Қайырқомлық кеңеси еки ай мүддетте:

министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң  тиккелей буйыртпалары тийкарында  перспективалы ҳәм талап жоқары болған қәнигеликлер бойынша әмелге асырылатуғын стажировкадан өтиўди шөлкемлестириў тәртибин;

Қор стипендияларын қаржыландырыўдың бир стипендиатқа мөлшерленген шекленген муғдарын  ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

8.Төмендегилер:

Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас бойынша «Эл-юрт умиди» қорының структурасы  1-қосымшаға муўапық;

Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас бойынша «Эл-юрт умиди» қоры  ҳаққындағы реже 2-қосымшаға муўапық;

Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас бойынша «Эл-юрт умиди» қоры Қайырқомлық кеңесиниң қурамы 3-қосымшаға муўапық;

Қәнигелерди сырт елде таярлаў ҳәм ўатанласлар менен қарым-қатнас бойынша «Эл-юрт умиди» қоры билимлендириў бағдарламалары бойынша талабанларды ашық таңлап алыўды өткериў тәртиби ҳаққындағы реже 4-қосымшаға муўапық;

Мәмлекетлик хызметкерлер ҳәм қәнигелерди сырт елде таярлаў және олардың потенциалын буннан былай да арттырыў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша «Жол картасы» 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

9.Министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да мәпдар шөлкемлер:

ҳәр жылы 1-сентябрьге шекем ең жақсы таярланған талабанларды Қордың ашық таңлаўында қатнасыўға усыныс еткен ҳалда Қор тәлим бағдарламалары бойынша билим алыў ушын перспективалы ҳәм талап жоқары болған қәнигеликлер бойынша реал талап ҳаққындағы мағлыўматларды Қорға киргизип барсын;

системалы тийкарда стипендиатлар жумысының мониторингин өткериўде Қорға жәрдемлессин, оларды мүнәсип жумысқа жайластырыў, Өзбекстанда олардың кәсиплик жақтан өсиўи ҳәм лаўазым текшелеринде көтерилиўи ушын шараят жаратсын.

10.Қорға, бурынғысынан басқаша тәризде, өз билимлендириў бағдарламаларын шөлкемлестириўи, республикамызға сырт ел илимпазлары ҳәм қәнигелерин, соның ишинде, ўатанласларды тартыўы ушын Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы «Жойбарлар ҳәм импорт контрактларын комплексли экспертизалаў орайы» МУКта импорт контрактлары (шәртнамалары)н мәжбүрий түрде дизимнен өткермеген жағдайда биржа таңлаўлары ҳәм ўәкилликли уйымларда контрактлар (шәртнамалар)ды экспертизадан өткерместен хызметлер көрсетиў бойынша сырт ел бирге ислесиўшилери менен тиккелей шәртнамалар дүзиўге руқсат берилсин.

Қор тәлим бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша Қордың атынан дүзилетуғын импорт контрактларын әмелге асырыў мүддетлери, мине усы контрактларда белгиленген мүддетлер болып есапланатуғыны белгилеп қойылсын.

11.Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 6-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.

12.Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым пәрманлары 7-қосымшаға муўапық өз күшин жойытқан деп есаплансын.

13.Қор мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

14.Қор (А.Ш.Бекмуродов) Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги (А.А.Ходжаев), Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.К.Кучимов) ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Д.Хаджаев) менен биргеликте ғалаба хабар қуралларында усы Пәрманның мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети бойынша мақалалар ҳәм тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.

15.Усы Пәрманның орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Президенти кеңесгөйиниң биринши орынбасары К.К.Куранбаев белгиленсин.

16.Усы Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине ҳәр жыл жуўмағы бойынша мәлимлеме киргизип барылсын.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 11-февраль