USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 25 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

НЫЗАМШЫЛЫҚ ҲҮЖЖЕТЛЕРИНИҢ ОРЫНЛАНЫЎЫН НӘТИЙЖЕЛИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎДЕ МӘМЛЕКЕТЛИК БАСҚАРЫЎ УЙЫМЛАРЫ ҲӘМ ЖЕРГИЛИКЛИ АТҚАРЫЎШЫ ҲӘКИМИЯТ УЙЫМЛАРЫ БАСШЫЛАРЫНЫҢ ЖЕКЕ ЖУЎАПКЕРШИЛИГИН КҮШЕЙТИЎГЕ  БАЙЛАНЫСЛЫ ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

 

Өзбекстан Республикасы Президентиниң

пәрманы

Соңғы бес жылда заманагөй басқарыў усылларын әмелиятқа  енгизиў, қадағалаў ҳәм орынлаўды тексериў түрлерин жетилистириў, талапшаңлықты күшейтиў бағдарында әмелге асырылған белгили жумыслар ҳәм мәмлекетлик басқарыў уйымларының басшылары және аймақлар ҳәкимлериниң жеке жуўапкершилигин арттырыў бойынша қатаң илажлар қыйын шараятларда мәмлекетлик қурылыстың көп қырлы ўазыйпаларын әмелге асырыў, экономикалық ҳәм социаллық реформаларды тереңлестириўди тәмийинлеў, республиканы турақлы және жедел раўажландырыў имканиятын бермекте.

Соның менен бирге, сын көзқарастағы таллаўлар атқарыў тәртиби нәтийжесиз дәрежеде екенлигинен дәрек беретуғын көплеген жағдайлардың бар екенлигин көрсетпекте. Соның ишинде, биринши – киргизилип атырған ҳүжжетлер жойбарлары жетерлише экономикалық, финанслық ҳәм ҳуқықый экспертизадан өткерилмей атыр;  екинши – мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымларының шөлкемлестириўшилик  және қадағалаў жумысының формалары ҳәм усыллары жетистирилмеген; үшинши –  қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң мазмуны ҳәм әҳмийети мәпдар шахслар тәрепинен жетерли дәрежеде үйренилмей атыр; төртинши – жеке сораў ҳәм қатаң талапшаңлықтың орнына көплеген мағлыўматнамалар ҳәм мағлыўматлар жыйналмақта, сондай-ақ, жуўапкершиликсиз басшылар, басқарыўдың орта ҳәм төменги буўынларының қәнигелерине либераллық қатнасықта болынбақта.

Бас министрдиң айырым орынбасарлары, министрлер, мәмлекетлик басқарыў уйымларының басшылары, ўәлаятлар, әсиресе, район ҳәм қалалардың ҳәкимлери  көрсетип өтилген ҳәм басқа да кемшиликлерди сапластырыўды  тийисли дәрежеде  тез, исенимли ҳәм нәтийжели тәмийинлемей атыр. Сол себепли, мәмлекетти, экономикалық тармақлар ҳәм социаллық тараўды, сондай-ақ, аймақларды жедел раўажландырыў бағдарындағы бир қатар тийкарғы ҳәм перспективалы ўазыйпаларды әмелде  шешиў бойынша қосымша жедел илажлар көриў, соның ишинде, резервлер ҳәм бюджет қаржыларын табыў талап етилмекте.

Қабыл  етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлериниң орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў ҳәм мониторинг етиўдиң тәсиршең системасын жаратыў,  мәмлекеттиң Олий Мажлисине 2020-жыл 29-декабрьдеги Мүрәжатта, сондай-ақ, 2016-2021-жылларда тастыйықланған тармақ ҳәм аймақлық раўажланыў бағдарламаларында белгиленген мақсетлерге ерисиўди сөзсиз тәмийинлеў  бойынша Министрлер Кабинети, мәмлекетлик басқарыў  уйымларының басшылары және барлық дәрежелердеги ҳәкимлердиң  жеке жуўапкершилигин күшейтиў мақсетинде:

1.Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйлери, Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер, мәмлекетлик комитетлердиң басшылары ҳәм уйымлардың басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, район ҳәм қалалардың ҳәкимлериниң итибары олар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң атқарыў тәртибин беккемлеў бойынша 2017-жыл 11-апрельдеги ПҚ-2881-санлы қарарының талаплары өз ўақтында, анық ҳәм толық әмелге асырылыўы бойынша тәсиршең илажлардың көрилмегенлигине қаратылсын.

2.Төмендегилер:

нызамлар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман, қарар, бийлик ҳәм  тапсырмалары (кейинги орынларды – нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар) орынланыўының тәсиршең системасын жаратыўда әҳмийетли кемшиликлерге жол қойылғанлығы, атқарыў тәртибин босаңластырып жибергенлиги ҳәм кадрларға талапшаңлық етилмегенлиги ушын денсаўлықты сақлаў, турақ жай коммуналлық хызмет көрсетиў, жоқары ҳәм орта арнаўлы  билимлендириў министрлери, айырым мәмлекетлик комитетлер ҳәм агентликлердиң басшылары, сондай-ақ, 25 район ҳәм қалалардың ҳәкимлери  ийелеп турған лаўазымынан азат етилгенлиги;

Министрлер Кабинети Президиумының қарары менен мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм Ҳүкимет аппаратының структуралық бөлимлериниң бир қатар басшыларына интизамий жаза илажлары қолланылғанлығы, соның ишинде, «сөгис» жәрияланғанлығы, олардың айырымлары ийелеп турған лаўазымынан азат етилгенлиги  мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

3.Нызамшылық ҳүжжетлерин ҳәм тапсырмаларын пуқта ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўдиң тәсиршең әмелиятын қәлиплестириў, оларды анық орынлаўшылар, кең жәмийетшилик ҳәм халыққа тез жеткериў, экономикалық ҳәм социаллық реформаларды тереңлестириў, ағымдағы, орта мүддетли ҳәм перспективадағы ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыў бойынша оператив илажлар көриў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы ҳәм Сенаты, Министрлер Кабинети, Есап палатасы ҳәм Әдиллик министрлигиниң шөлкемлестириўшилик, атқарыў ҳәм қадағалаў жумысының бирден-бир системасын енгизиў  ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.

4.Төмендегилер:

Нызамлар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман, қарар, бийлик ҳәм тапсырмаларының әмелге асырылыўы бойынша қадағалаў ҳәм есабатты шөлкемлестириў тәртиби 1а-1д-қосымшаларына муўапық;

Өзбекстан  Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинети аппараты, мәмлекетлик басқарыў уйымлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, район ҳәм қалалардың ҳәкимликлеринде жумысларды шөлкемлестириў ҳәм атқарыў тәртибин беккемлеўдиң тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» 2-қосымшаға муўапық;

«Ijro.gov.uz» атқарыў тәртиби уйымлараралық бирден-бир электрон системасына нызамлар, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрман, қарар, бийлик ҳәм тапсырмаларының орынланыўы бойынша қадағалаў ҳәм есабат бериўди шөлкемлестириў схемасы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

5.Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйлери, Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер, мәмлекетлик комитетлердиң басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар, район ҳәм қалалардың ҳәкимлери усы пәрманға 1-3-қосымшаларда белгиленген талаплардың сөзсиз, өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўы ушын жеке жуўапкер екенлиги ҳаққында ескертилсин, онда атқарыў тәртибин беккемлеў бойынша төмендеги тийкарғы ўазыйпаларға айрықша итибар қаратылсын:

бириншиден, нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар жойбарларының таярланыўы үстинде жеке қадағалаўды шөлкемлестириў,  олардың пуқта экономикалық, финанслық ҳәм ҳуқықый экспертизадан өткерилиўин, ўәкилликли мәмлекетлик басқарыў уйымларында өз ўақтында келисилиўин, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы бөлимлеринде ҳәм Бас министрдиң орынбасарлары жанында қорғаўды тәмийинлеў;

екиншиден,  нызамшылық ҳүжжетлер ҳәм тапсырмалардың орынлаўшыларға тез жеткерилиўи, соның ишинде, оларда қойылған ўазыйпалардың мәниси ҳәм әҳмийети кең жәмийетшилик ҳәм халық  арасында түсиндирилиўи, қадағалаў бәнтлери ҳәм тапсырмаларда анық механизмлер, мүддетлер ҳәм жуўапкерлердиң белгилениўи бойынша «жол карталары» (ҳәрекет режелери) өз ўақтында ислеп шығылыўы үстинен жеке қадағалаўды тәмийинлеў;

үшиншиден, нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыўы әмелде қадағаланыўын жеке шөлкемлестириў,  онда орайлық аппаратларда, тармақ ҳәм аймақлық мәмлекетлик басқарыў уйымларының орта ҳәм төменги буўынларында жумыслардың реал жағдайын сын көзқарастан үйрениўге,  ерисилген нәтийжелерге, кемшиликлер ҳәм машқалалардың себеплерине, пайдаланылмаған резервлерге, сондай-ақ, мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм ҳәкимликлердиң шөлкемлестирилетуғын электрон мағлыўматлар базасы тийкарында «Ijro.gov.uz» атқарыў тәртиби уйымлараралық бирден-бир электрон системасында (кейинги орынларда – «Ijro.gov.uz» системасы)  өз ўақтында есабат берилиўине айрықша итибар қаратыў;

төртиншиден,  нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың мәниси ҳәм әҳмийетин және оларды әмелге асырыў бойынша қабыл етилип атырған  илажларды түсиндириў мақсетинде  ғалаба хабар қуралларында жеке пикир-усынысларды  билдириў, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм мәҳәллелерде ушырасыўлар өткериў, сондай-ақ, ҳәкимлердиң халық депутатлары Кеңеслериниң сессияларында есабат бериў әмелиятын енгизиў;

бесиншиден, нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар өз ўақтында, толық ҳәм нәтийжели орынланыўы жеке сын көзқарастан талланыўын тәмийинлеў, алға қойылған ўазыйпаларды әмелге асырыў ҳәм мөлшерленген мақсетлерге ерисиў. Экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўды, сондай-ақ, аймақларды раўажландырыўда Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкимет қарарларын талап ететуғын машқалалы мәселелер бойынша ҳәр тәреплеме  тийкарланған усыныслар ислеп шығыў ҳәм киргизиў.

6.Бас министрдиң орынбасарлары, мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм шөлкемлердиң басшылары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар, район ҳәм қалалардың ҳәкимлери бир ҳәпте мүддетте усы пәрманның талаплары сөзсиз ҳәм ҳәр тәреплеме әмелге асырылыўы бойынша анық ҳәрекетлер режелери пуқта ислеп шығылыўын ҳәм коллегиаллық уйымлардың мәжилислеринде тастыйықланыўын тәмийинлесин.

Министрлер Кабинети  он күн мүддетте  анық министрликлер және ўәлаятлар, район ҳәм қалалардың ҳәкимликлери мысалында  мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, район ҳәм қалалардың ҳәкимликлеринде  атқарыў тәртибин беккемлеў бойынша «Жол картасы»н ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.

7.Әдиллик министрлигине төмендеги қосымша ўазыйпалар жүкленсин:

нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың өз ўақтында, толық ҳәм сапалы әмелге асырылыўын тәмийинлеў бойынша, соның ишинде, Есап палатасы менен биргеликте тараўлар, аймақлар ҳәм уйымлар кесиминде  мәнзилли  ҳәм тематикалық жақтан таллап  үйрениўлерди алып барыў  ҳәм  орынлардағы жағдайдың мониторингин  жүргизиў;

ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бағдарындағы жумысын «Президент қарарлары – турмыста ҳәм қадағалаўда» жәмийетлик қадағалаў қуралларынан кең пайдаланған ҳалда, соның ишинде, «Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети ҳәм «Раўажланыў стратегиясы» орайының қатнасыўында  сәўлелендириў ҳәм додалаў жумысларын шөлкемлестириў  ҳәм  және де жедделлестириў;

нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың әмелде орынланыўына тосқынлық етип атырған  машқалалар  ҳәм  факторларды анықлаў,  оларды шешиў бойынша тийисли   министрликлер ҳәм уйымлардың алдына анық мәселелерди қойыў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердеги  жумыстың ашық-айдынлығын тәмийинлеў, тараўға тән болмаған, қайталаныўшы ўазыйпа  ҳәм  мәжилиспазлыққа  жол қоймаў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыўы бойынша  ҳуқықый-методикалық жәрдем бериў,  олардың тийисли бөлим басшыларын  атқарыў тәртибине әмел етилиўи бойынша  оқытыўда қатнасыў.

8.«Ijro.gov.uz» системасы арқалы нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыўын қадағалаўдың усы пәрманға 3-қосымшада келтирилген тәртипке муўапық төмендегилерди нәзерде тутатуғын улыўма жаңа система енгизилсин:

а)  Әдиллик министрлиги:

нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың өз ўақтында орынланыўының «Ijro.gov.uz» системасында қадағалаўды алып  барады ҳәм «Ijro.gov.uz» системасын жүргизеди.;

«Ijro.gov.uz» системасында қадағалаўға алынатуғын  тапсырмаларды киргизеди,  усы тапсырмалардан келип шыққан ҳалда   жуўапкер орынлаўшылар ҳәм орынлаў мүддетлерин белгилейди,  олар тәрепинен киргизилген  мағлыўматлардың толық екенлиги ҳәм ҳақыйқатлығын тексереди тексереди,  сондай-ақ, нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларда белгиленген  орынлаў мүддетлерин созыў ҳаққындағы усыныслардың  тийкарлылығын үйренеди;

нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыў жағдайы ҳаққындағы мағлыўматты  ҳәр айда  Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине киргизип барады.

Нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша «Ijro.gov.uz» системасына зәрүр мағлыўматларды өз ўақтында киргизбеў ямаса надурыс мағлыўматларды киргизиў, сондай-ақ, бул бағдарда Әдиллик министрлигиниң көрсетпелерин өз ўақтында ямаса зәрүр дәрежеде орынламаў нызамшылыққа муўапық нормативлик, ҳәкимшилик ҳәм басқа да жуўапкершилик илажларын қолланыў ушын тийкар болатуғынлығы белгиленсин;

б)  Министрлер Кабинети:

нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалар Министрлер Кабинети системасындағы мәмлекетлик басқарыў уйымлары, хожалық бирлеспелери ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен өз ўақтында орынланыўының «Ijro.gov.uz» системасында қадағаланыўын алып барады,  ҳәр айда  Президиум мәжилислеринде олардың орынланыў нәтийжелилигин көрип шығады және Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына тийисли  усыныслар менен биргеликте улыўмаластырылған мағлыўмат киргизеди;

«Ijro.gov.uz» системасында Министрлер Кабинети системасындағы мәмлекетлик басқарыў уйымлары, хожалық бирлеспелери ҳәм басқа да шөлкемлер – жуўапкер орынлаўшылар тәрепинен киргизилип, Әдиллик министрлиги тәрепинен тексерилген мағлыўматлардың толықлығын ҳәм ҳақыйқый екенлигин  тексереди,  сондай-ақ, нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларда белгиленген  орынлаў мүддетлерин өзгертиў ҳаққындағы  Әдиллик  министрлиги тәрепинен көрип шығылған  усыныслардың тийкарлылығын үйренеди;

в)  Есап палатасы:

«Ijro.gov.uz» системасында жуўапкер орынлаўшылар тәрепинен киргизилип, Әдиллик министрлиги ҳәм Ҳүкимет тәрепинен тексерилген  мағлыўматлардың толықлығы ҳәм ҳақыйқатлығын тексереди  және оларды  қадағалаўдан алып таслайды;

нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларда белгиленген  орынланыў мүддетлерин созыў ҳаққындағы  Әдиллик министрлиги ҳәм Ҳүкимет тәрепинен көрип шығылған усыныслар бойынша  Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына жуўмақларды киргизеди;

нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыў жағдайы бойынша  ҳәр шеректе  Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына  мәлимлеме киргизип барады;

г) Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы:

нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың  орынланыўын қадағалаўшы шөлкемлердиң жумысын муўапықластырады;

зәрүрлик болғанда, қадағалаўдан алынған нызамшылық  ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларды  қайта қадағалаўға қояды,  олардың айырымларын айрықша қадағалаўға алады (қадағалаўдан тек Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы  тәрепинен алынады);

нызамшылық  ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларда белгиленген   орынлаў мүддетлерин созыў  ҳаққындағы усыныслар бойынша Есап палатасы тәрепинен берилген жуўмақларды көрип шығады;

нызамшылық  ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орнланыўын шөлкемлестириў бағдарындағы  жумыс нәтийжелилигин арттырыў,  сондай-ақ, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң лаўазымлы шахсларының атқарыў тәртибин тәмийинлеўдеги жуўапкершилигин күшейтиў  бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине усыныслар киргизип барады;

д) Өзбекстан Республикасы Президентиниң  жоқары дәрежедеги сапарлары   даўамында қол қойылған ҳүжжетлер  ҳәм  инвестициялық жойбарлар бойынша тапсырмалардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 18-августтағы ПП-6042-санлы пәрманында белгиленген тәртипте әмелге асырылады.

9. Олий Мажлис палаталарына қабыл етилип атырған нызамшылық ҳүжжетлердиң орынланыў жағдайын, ҳуқықты қолланыў әмелиятын, соның ишинде, әмелге асырылып атырған  реформалардың халықтың турмыс тәризине тәсирин орынларға шыққан ҳалда үйрениў, олардың нәтийжелилигин тәмийинлеў бойынша парламентлик қадағалаўды системалы шөлкемлестириў  усыныс етилсин.

10.Әдиллик министрлиги системасындағы штат бирликлерин оптималластырылған бөлеги есабынан төмендегилер шөлкемлестирилсин:

Әдиллик министрлиги орайлық аппараты структурасында 15 штат  бирлигинен ибарат Өзбекстан Республикасы Президенти ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларының орынланыўын қадағалаў басқармасы;

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының әдиллик басқармаларында улыўма 28 штат  бирлигинен ибарат Өзбекстан Республикасы Президентиниң ҳүжжетлери ҳәм тапсырмаларының орынланыўын қадағалаў басқармасының аймақлық бөлимлери.

11.2021-жыл 1-апрельден баслап, барлық республика дережесиндеги мәмлекетлик уйымлар және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң атқарыў тәртибине жуўапкер бөлимлериниң басшыларын лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан босатыў  мәселелери мәжбүрий тәртипте Өзбекстан Республикасы Президенти Админитсрациясының Атқарыў тәртибин тәмийинлеў секторы менен келисилетуғынлығы;

2021-жыл 1-майдан  баслап  барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер және жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларында орынлаўды қадағалаў, қадағалаў картотекаларын жүргизиў ҳәм есабатларды қәлиплестириў  тек «Ijro.gov.uz» системасында әмелге асырылатуғынлығы;

нызамшылық ҳүжжетлери ҳәм тапсырмалардың орынланыўы бойынша жыллық мәнзилли ҳәм тематикалық жақтан таллап үйрениўлер бағдарламасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Есап палатасы және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлардың усыныслары тийкарында ислеп шығылады ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы тәрепинен тастыйықланады.

12.Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик хызмет ҳәм ҳәкимияттың ўәкиллик уйымлары менен бирге ислесиў мәселелери бойынша кеңесгөйи бөлими 2021-жыл 15-мартқа шекем усы пәрман талапларын инабатқа алған ҳалда, мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм шөлкемлери және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, район ҳәм қалалардың ҳәкимликлери аппаратларының басшыларын ҳәм қәнигелерин оқытыў, қәнигелигин арттырыў, сондай-ақ, стажировка және әмелий семинарлар өткериўди шөлкемлестириў бойынша бирден-бир системасын жолға қойыў бойынша кемплексли илажларды ислеп шықсын.

13.Әдиллик министрлиги:

 бир ай  мүддетте «Ijro.gov.uz» системасы жумыс ислеўин тәмийинлеў бойынша;

 еки ай  мүддетте әмелдеги нызамшылыққа өзгерислер киргизиў бойынша  нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын Министрлер Кабинетине киргизсин.

14.Усы Пәрманның өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

15.Усы пәрманның орынланыўы 2021-жыл июнь ҳәм 2022-жыл январь айларында көрип шығылсын.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                             Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 10-февраль