Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Республикамызда туризм базарының түрли сегментлерине бағдарланған туризм өними ҳәм хызметлерин диверсификациялаў, олардың бәсекиге шыдамлылығын буннан былай да арттырыў, мақул ҳәм қолайлы ишки және халықаралық зыярат туризми орталығын жаратыў, транспорт жөнелислерин кеңейтиў, транспорт хызметлериниң сапасын арттырыў, туризм өнимлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, елимиздиң саяхат ҳәм дем алыў ушын қәўипсиз мәнзил сыпатындағы имиджин беккемлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 3-февральдағы «2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы ПП-6155-санлы Пәрманына муўапық Өзбекстан бойлап саяхат етиў ушын қәрежетлердиң бир бөлегин қайтарыў тәртиби енгизилип атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Транспорт министрлиги ҳәм Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (кейинги орынларда – Комитет):

а) «Uzbekistan Airports» АЖ ҳәм «Өзбекстан темир жоллары» АЖ менен биргеликте:

бир ай мүддетте ишки ҳәм зыярат туризмин раўажландырыў шеңберинде  Ферғана-Үргенш-Ферғана, Термиз-Үргенш-Термиз және Қаршы-Үргенш-Қаршы авиарейслерин жолға қойыў ҳәм Әндижан-Хийўа-Әндижан темир жол қатнаўының  санын арттырыў;

2021-жыл 1-апрельге шекем  Термиз-Қаршы-Хийўа, Хийўа-Үргенш-Нөкис ҳәм Термиз-Қаршы-Самарқанд жөнелислери  бойынша турақлы темир жол қатнаўын жолға қойыў илажларын көрсин;

б) Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте Өзбекстан бойлап саяхат етиў ушын қәрежетлердиң бир бөлегин қайтарыў тәртибин ислеп шығып, тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

Онда, усы бәнттиң «а» киши бәнтинде көрсетилген авиарейслерди ҳәм темир жол қатнаўларын, сондай-ақ, Ташкент қаласынан Бухара, Нөкис, Термиз ҳәм Үргенш қалалары және Ферғана ойпатлығына қатнаў жөнелислери бойынша авиарейслерди субсидиялаў нәзерде тутылсын;

в) туроператорлар менен биргеликте субсидиялаў механизмин қолланған ҳалда басқа авиа ҳәм темир жол қатнаўларын жолға қойыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизип барсын.

  1. Комитет, Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги және Қаржы министрлигиниң төмендеги жеңиллик ҳәм преференциялар мүддетлерин 2021-жыл 31-декабрьге шекем создырыў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын:

а) туроператорлар, турагентлер, сондай-ақ, жайластырыў қураллары ушын  пайда салығының ставкасын белгиленген ставкаға салыстырмалы  түрде 50 процентке азайтыў;

б) кеминде 10 адамнан ибарат сырт ел туристлик топарлар ушын Өзбекстан Республикасында тур шөлкемлестириў ҳәм оларды жайластырыў қуралларында кеминде бес адам қонып қалыўы шәрти менен туроператорлардың  авиа ҳәм темир жол билетлери бойынша қәрежетлерин билет баҳасының 30 проценти муғдарында шамалы субсидиялаў;

в) туроператорлар, турагентлер ҳәм туризм тараўында мийманхана хызметлери (жайластырыў хызметлери) көрсетиўши субъектлер бойынша:

юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы ҳәм юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салықты төлеўден азат етиў;

олар тәрепинен төленетуғын  социаллық салықты азайтылған ставкада 1 процент муғдарында белгилеў.

  1. Төмендегилер:

Өзбекстан Республикасындағы ири материаллық мәдений мийрас объектлеринде ишки туризм ағымларын қәлиплестириў режеси 1-қосымшаға муўапық;

Өзбекстан Республикасында  туристлер ағымын қәлиплестириў ҳәм олар ушын зәрүр шараятларды жаратыў илажлары бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 2-қосымшаға муўапық;

сырт еллерде Өзбекстан Республикасының зыярат туризми потенциалын мәнзилли үгит-нәсиятлаў илажлары режеси 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

Наўрыз улыўмахалықлық байрамы, Ғәрезсизлик күни ҳәм Жаңа жыл байрамы және Ораза ҳайыт (Ийд ал-Фитр) ҳәм Қурбан ҳайыт (Ийд ал-Адҳа) диний байрамларын  белгилеў дәўиринде қосымша ҳәм көшириў есабынан жумыс исленбейтуғын күнлер  үш күннен аз болмаған мүддетке белгиленеди;

ата-аналар, туўысқанлар, кекселер ҳәм устазлар менен биргеликте саяхат етиўди нәзерде тутыўшы бес жумыс күнинен аз болмаған  «шаңарақлық саяхат дем алысы»  системасы енгизиледи. Онда, «шаңарақлық саяхат дем алысы» жыллық тийкарғы дем алыс есабынан бериледи ҳәм жәмәәтлик шәртманаларға муўапық жумыс бериўшиниң келисими менен әмелге асырылады;

2021-жыл 1-марттан баслап Өзбекстан Республикасы пуқаралары ҳәм Өзбекстан Республикасында турақлы жасайтуғын пуқаралығы болмаған шахслардан жайластырыў қуралында, олар жасаған ҳәр бир күн ушын Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленетуғын муғдарда туристлик (мийманхана) жыйымы өндириледи. Онда, туристлик (мийманхана) жыйым ишки туризмди үгит-нәсиятлаў ҳәм хошаметлеў, туризм мәўсими төмен болған дәўирде жайластырыў қуралларының бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған илажларды қаржыландырыўға бағдарланады;

сырт ел авиакомпанияларының Индонезия, Бангладеш ҳәм Малайзия мәмлекетлеринен сырт ел туристлериниң Өзбекстан Республикасына саяхатларын шөлкемлестириўге қаратылған және «Умра+» бағдарламасы шеңбериндеги Өзбекстан Республикасына авиапәрўазлары, қоныў ҳәм ушыў қәўипсизлиги қағыйдаларынан тысқары, тосқынлықсыз әмелге асырылады;

республикамыздың туризмди көрсетиў объектлерин кеңнен үгит-нәсиятлаў, пуқараларды бай тәбийғый, мәдений ҳәм тарийхый мийрас объектлери менен таныстырыў және ишки туризмди ғалаба ен жайдырыўға қаратылған (коммерциялық мақсетлерди гөзлемеген) мәлимлеме руўхый-ағартыўшылық мәселелерине байланыслы мәлимлемеге теңлестириледи.

  1. 2021-жыл 1-марттан баслап Өзбекстан Республикасы аймағына кирген күннен баслап 10 күнлик мүддетке өзиниң ямаса үшинши елге ушыў авиабилетин берген Бахрейн Патшалығы, Қатар Мәмлекети, Кувейт Мәмлекети, Оман Султанлығы ҳәм Қытай Халық Республикасы, соның ишинде, Қытай Халық Республикасының Гонконг ҳәм Макао арнаўлы административлик аймақларының пуқаралары ушын визасыз режим белгиленсин.
  2. Транспорт-логистика мәселелерин жедел көрип шығыў бойынша уйымлараралық комиссия (кейинги орынларда – Комиссия) қурамы 4-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Комиссияға төмендеги ўәкилликлер берилсин:

сырт ел ҳәм жергиликли авиакомпаниялардың туризм ҳәм инвестиция бағдарларында авиапәрўазларды шөлкемлестириў және жумысын әмелге асырыў ўақтында пайда болатуғын келиспеўшиликлерди сөйлесиўлер өткериў жолы менен тезлик пенен шешиў;

авиапәрўазларға руқсат алыў системасын әпиўайыластырыў, лоукостерлерди тартыў, пәрўазлар географиясын «байланыстырыў» принципи арқалы кеңейтиўге тосқынлық ететуғын машқалалы мәселелерди оператив көрип шығыў ҳәм оларды шешиў;

«Ашық аспан» режими енгизилген барлық аэропортларға жаңа авиажөнелислер ашыў бойынша сырт ел компанияларын тартыў, олардың жойбарларын өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырыўға тосқынлық етиўши факторларды анықлаў, оларды сапластырыў;

аэропортларда қурғақлықта хызмет көрсетиў (ground handling) тараўын жетилистириў, белгиленген баҳаларды қайта көрип шығыў ҳәм оптималластырыў арқалы инвестицияларды тартыў;

аймақлараралық жөнелисли автотранспорт қатнаўларын кеңейтиў, жаңа қатнаўларды шөлкемлестириў, сондай-ақ, усы тараўдағы машқалаларды тезлик пенен шешиў илажларын көриў;

темир жол транспорты, соның ишинде темир жол вагонлары ҳәм контейнерлер арқалы тасыў системасына иcбилерменлик субъектлерин тартыў тәртибин жетилистириў, бул бағдардағы машқалаларды тезлик пенен шешиў.

  1. Ҳәр жылы 1-июльға шекем Комитет тәрепинен қәлиплестирилетуғын дизимге тийкарланып туризмди көрсетиў объектлерине алып баратуғын жолларды қурыў ҳәм оңлаў ушын мақсетли мәмлекетлик бағдарламаларға киргизилетуғыны;

2021-жыл 31-декабрьге шекем туроператорлар, турагентлер ҳәм жайластырыў қуралларына сыртқы саўда операциялары бойынша мүддети өткен дебитор қарздарлығы ушын жәриймалар қолланыў тоқтатылатуғыны белгиленсин.

  1. Комитет, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги және Автомобиль жоллары комитети еки ай мүддетте туризм объектлериниң инженерлик-коммуникация тармақлары, коммунал ҳәм жол инфраструктураларын жақсылаў, туризм инфраструктурасы ҳәм жақын инфраструктураны қурыў, реконструкциялаў, кеңейтиў ҳәм модернизациялаў жумысларын алып барыў, мәдений-кеўил ашар инфраструктураны раўажландырыў, мәдений мийрас объектлерин реставрациялаў, консервациялаў және абаданластырыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў ушын 1 триллион сум муғдарындағы қаржыларды Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети және Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының есабынан тең үлеслерде ажыратыўды нәзерде тутыўшы илажлар режесин тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.

Онда, Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимлиги жанында бюджеттен тысқары Қашқадәрья аймағында туризмди раўажландырыў қорын шөлкемлестириў ҳәм оған Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының қаржылары есабынан, бурынғысынан басқаша тәризде,  200 миллиард сум ажыратыў ҳәм усы қаржылар қаратылатуғын мақсетлер нәзерде тутылсын.

  1. Комитет баслығының әмелдеги орынбасаларының саны шеңберинде зыярат туризмин раўажландырыў бойынша баслық орынбасары лаўазымы енгизилсин.

Комитеттиң шөлкемлестириўшилик структурасында 2021-жылы режели қысқартылыўы күтилип атырған штат бирликлери есабынан 9 штат бирлигинен ибарат зыярат туризмин раўажландырыў департаменти шөлкемлестирилсин.

  1. 2021-жыл 1-марттан баслап Сыртқы ислер министрлигиниң жуўапкер адамлары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаят, қала ҳәм районлардың ҳәкимлери ишки туризм ағымын шөлкемлестириў ҳәм сырт ел туристлерин тартыў бойынша прогноз көрсеткишлериниң орынланыўын тәмийинлеген жағдайда, оларға Комитеттиң усынысына муўапық сыйлық төленетуғыны, прогноз көрсеткишлериниң орынланыўы тәмийинленбеген жағдайда болса, белгиленген тәртипте интизамлылық жаза илажлары қолланылатуғыны белгиленсин.
  2. Министрлер Кабинети (А.Н.Арипов):

 бир ай мүддетте  ишки туризм ағымын шөлкемлестириў ҳәм сырт ел туристлерин тартыўға байланыслы 2021-жыл бойынша тийкарғы прогноз көрсеткишлерин және ишки ҳәм зыярат туризмин раўажландырыў бойынша қосымша илажларды тастыйықласын;

ҳәр айдың жуўмағы бойынша тастыйықланған прогноз көрсеткишлери бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме киргизип барсын.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Транспорт министрлиги менен биргеликте  үш ай мүддетте усы Пәрманға 1- ҳәм 3-қосымшалардағы объектлерге алып барыўшы жөнелисли автотранспорт қатнаўы системасының жолға қойылыўын, сондай-ақ, аймақтағы халықтың басқа аймаққа саяхат етиўи ушын транспорт қатнаўларының шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.

  1. Министрлер Кабинети бир ай мүддетте зыярат туризми бағдарында дурыс үгит-нәсиятлаўды жолға қойыў ҳәм зыярат объектлери ҳаққында илимий тийкарланған мағлыўматларды бериў мақсетинде, Зыярат туризмин раўажландырыўды муўапықластырыў кеңеси ҳәм оның жумысын шөлкемлестириў бойынша Ҳүкимет қарарын қабыл етсин.
  2. Комитет, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги және Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң 2021/2022 оқыў жылынан баслап «Жипек жолы» туризм халықаралық университети, Ташкент мәмлекетлик экономика университети, Бухара ҳәм Термиз мәмлекетлик университетлеринде «зыярат туризми», «транспорт логистикасы» ҳәм «дөретиўшилик санаат» (creative industry) магистратура қәнигеликлеринде кадрлар таярлаў системасын жолға қойыў усынысы мақуллансын.
  3. Пиллешилик ҳәм қаракөлшиликти раўажландырыў комитети, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги 2021-жыл 1-августқа шекем әййемги жипек қағазы шийки затының резервин қәлиплестириў дәреги сыпатында Имам Бухарий комплекси әтирапындағы 64 гектар тут плантациясы ҳәм Самарқанд жипек қағазын ислеп шығарыў бойынша «Жипекшилик қалашасы» туристлик комплексин шөлкемлестириўди тәмийинлесин.
  4. Комитет Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети, Илимлер Академиясы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы ҳәм Имам Бухарий халықаралық илимий-изертлеў орайы менен биргеликте үш ай мүддетте уллы ойшылларымыз, әсиресе, Имам Бухарийдиң бийбаҳа мийрасын кең көлемде ғалаба ен жайдырыў ҳәм үгит-нәситлаў мақсетинде, индонез, бенгал, малай, түрк, араб, ҳинд, урду, пушту ҳәм басқа да шет тиллерде «Имам Бухарий» зыярат туризминиң жолдас телеканалын, сырт еллерде оның хабаршыларының жумыс алып барыўын нәзерде тутқан ҳалда шөлкемлестириў ҳәм оны раўажландырыў концепциясын ислеп шығып, Министрлер Кабинетине киргизсин.
  5. Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети, Мәденият министрлиги, Илимлер академиясы, Қурылыс министрлиги ҳәм Комитет пенен биргеликте еки ай мүддетте Имам Мотуридий естелик комплексин зыярат орайына айландырыў және әтирапындағы 8 уллы уламалардың қәбирлерин тиклеў ҳәм абаданластырыў жумысларының концепциясын, оны әмелге асырыў бойынша «Жол картасын» ислеп шығып, тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  6. Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлиги Комитет, Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитети, Мәденият министрлиги, Көркем өнер академиясы ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Самарқанд қаласында ислам дини, региондағы бар дин ғайраткерлериниң мийрасы ҳәм материаллық-мәдений мийрас объектлерин сәўлелендириўши тематикалық паркти жаратыў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.
  7. Бахара ўәлаяты ҳәкимлиги Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитет, Мәденият министрлиги ҳәм Қаржы министрлиги менен биргеликте еки ай мүддетте Бухара қаласында ислам дини тарийхы ҳәм мусылман дүньясында белгили болған шахслар ҳаққында мағлыўмат бериўши инновациялық музейди қурыў ҳәм оны раўажландырыў концепциясы бойынша усынысларды Министрлер Кабинетине киргизсин.
  8. Төмендегилерге:

Бас министрдиң орынбасары – Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы А.А.Абдуҳакимовқа – ишки туризмди ғалаба ен жайдырыў ҳәм зыярат туризмин раўажландырыў, бағдарлама шеңберинде Министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен әмелге асырылатуғын жумыслардың өз ўақтында орынланыўы үстинен системалы мониторинг орнатыў;

сыртқы ислер министри А.А.Камиловқа – сырт еллерде республикамыздың туризм потенциалын системалы үгит-нәсиятлаў, туристлер ағымын көбейтиў илажларын муўапықластырыў;

Өзбекстан Республикасының сырт еллердеги дипломатиялық ўәкилханаларының басшыларына – усы Пәрманға 3-қосымшада белгиленген сырт еллерде зыярат туризми потенциалын кеңнен үгит-нәсиятлаў, олардан республикаға авиарейслерди шөлкемлестириўге ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў;

Министрлер Кабинети жанындағы Дин ислери бойынша комитетиниң баслығы А.Т.Ахмедовқа  – усы Пәрманға 1- ҳәм 3 -қосымшаларда белгиленген туризмди көрсетиў объектлериндеги жуўапкер басшы ҳәм хызметкерлердиң хызмет ҳәм сервис тараўындағы билимлери менен көнликпелерин турақлы арттырып барыў;

транспорт министри ўазыйпасын атқарыўшы И.Р.Махкамовқа – усы Пәрманға 1- ҳәм 3-қосымшаларда белгиленген туризмди көрсетиў объектлеринде жаңа транспорт байланысларын орнатыў, жергиликли ҳәм халықаралық авиарейслер географиясын кеңейтиў ҳәм өз ўақтында шөлкемлестириў және «Ашық аспан» режими енгизилген барлық аэропортларға жаңа авиа жөнелислерди ашыў;

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине – усы Пәрманға 1- ҳәм 3-қосымшаларда белгиленген туризмди көрсетиў объектлеринде зәрүр инфраструктураны өз ўақтында қурыў ҳәм ишки туризм ағымын шөлкемлестириўге байланыслы 2021-жыл бойынша тийкарғы прогноз көрсеткишлерин орынлаў бойынша  жеке жуўапкершилик жүкленсин.

  1. Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги усы пәрманның мақсет ҳәм ўазыйпаларын түсиндириў бойынша ғалаба хабар қуралларында мақалалар ҳәм тематикалық көрсетиўлерди шөлкемлестирсин.
  2. Қаржы министрлиги Комитет пенент биргеликте бир ай мүддетте усы Пәрманның 3-бәнтинде белгиленген салық жңилликлериниң мүддетлерин создырыўды нәзерде тутыўшы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  3. Комитет мәпдар министрилклер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 5-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  5. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 12-сентябрьдеги «Қытай Халық Республикасы, соның ишинде Қытай Халық Республикасының Гонконг арнаўлы административлик аймағының пуқаралары ушын Өзбекстан Республикасына кириўде визасыз режимди белгилеў ҳаққында»ғы ПП-5819-санлы Пәрманы 2021-жыл 1-марттан баслап өз күшин жоғалтқан деп есаплансын.
  6. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 9-февраль