Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясын толық әмелге асырыў, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлерине илимий тийкарланған мәлимлеме, заманагөй хызметлерди көрсетиў, өндириске илим жетискенликлерин ҳәм инновацияларды кеңнен енгизиў, билимлендириў, илим, өндирис ҳәм агрохызметлер көрсетиў системасының тығыз интеграциясын тәмийинлеў мақсетинде:
1.Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар системасын 2021-2025-жылларда тийкарғы раўажландырыў концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
2.Концепция шеңберинде аўыл хожалығы тармақларында билимлендириў, илим, өндирис ҳәм аўыл хожалығы субъектлерине заманагөй агрохызметлер көрсетиўдиң тығыз системасын өз-ара байланыстыратуғын Аўыл хожалығы министрлиги жанында Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы (кейинги орынларда – Миллий орай) шөлкемлестирилсин ҳәм ол төмендеги бағдарларда жумыс ислеўге жуўапкер етип белгиленсин:
аўыл хожалығы тараўында билимлендириў, илим ҳәм өндиристиң тығыз интеграциясын тәмийинлеў;
фермер хожалықлары, аўыл хожалығы кластерлери ҳәм кооперациялары және алдынғы сырт елли илимий-изертлеў орайлары менен пайдалы илмий-өндирислик бирге ислесиўди жолға қойыў, жаңа илимий қолланбалар, инновациялар және санлы технологияларды енгизиў;
барлық түрдеги мәмлекетлик илимий ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң аўыл хожалығы тараўында әмелге асырылатуғын илимий-изертлеў жумысын муўапықластырыў;
аўыл хожалығы тармақларының маман қәнигелерге болған бүгинги күндеги ҳәм перспективадағы талабын есапқа алған ҳалда кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыўды тәмийинлеў;
аўыл хожалығы тараўында фундаменталь, әмелий ҳәм инновациялық изертлеўлерди әмелге асырыў, жоқары тәжирийбели илимий ҳәм илимий-педагог кадрлар таярлаў, алдынғы тәжирийбе ҳәм заманагөй технологиялар тийкарында олардың қәнигелигин арттырыў;
аўыл хожалығында жеке меншик секторды кеңнен тартқан ҳалда билим, тәжирийбе ҳәм көнликпелердиң нәтийжели алмасыўын және берилиўин тәмийинлейтуғын миллий мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт хызметлери тармағын раўажландырыў;
халықаралық сапа стандартларын енгизиўде жәрдем бериў, өним жетистириўшилер ҳәм агробизнестиң өз-ара бирге ислесиў платформасын шөлкемлестириў.
3.Аўыл хожалығы тараўында билимлендириў, илим ҳәм өндиристиң тығыз интеграциясын тәмийинлеў бойынша Муўапықластырыўшы кеңес (кейинги орынларда – Муўапықластырыўшы кеңес) шөлкемлестирилсин ҳәм оның структурасы 2-қосмышаға муўапық тастыйықлансын.
Муўапықластырыўшы кеңес (Ш.М.Ғаниев):
аўыл хожалығы тараўы және оның тармақлары бойынша илимий излениўлер алып барып атырған ҳәм кадрлар таярлап атырған барлық түрдеги мәмлекетлик илимий-изертлеў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң өз-ара бирге ислесиўин тәмийинлесин;
аўыл хожалығы тараўы қәнигелерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў жумысларын нәтийжели шөлкемлестирсин;
аўыл хожалығы тараўындағы талап ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбелери тийкарында жоқары ҳәм орта арнаўлы, кәсип-өнер билимлендириў мәкемелеринде Мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, оқыў режеси ҳәм бағдарламаларының системалы түрде жетилистирилиўин тәмийинлесин;
аўыл хожалығы тараўындағы илимий-изертлеў мәкемелериниң жыллық жумыс режесин және олардың жумысындағы нәтийжелиликти баҳалаў индикаторларын тастыйықласын;
аўыл хожалығы тараўында илимий-изертлеў нәтийжелерин коммерцияластырыў, илим жетискенликлерин өндириске енгизиў, өндиристиң машқалаларына илим арқалы шешим табыў мақсетинде тараўдағы илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм аўыл хожалығы кластерлери арасында келисимлер дүзиў әмелиятын жолға қойсын.
Илимий-изертлеў институтларына бириктирилип атырған министрликлер, уйымлар ҳәм хожалық бирлеспелериниң дизими 3-қосымшаға муўапық мақуллансын.
4.Миллий орай Муўапықластырыўшы кеңестиң жумысшы уйымы есапланатуғынлығы;
Миллий орай өз системасындағы илимий-изертлеў мәкемесиниң жумысына турақлы басшылық ететуғыны, шарўашылық бағдарлары, тоғай ҳәм суў хожалығы, пилле жетистириў тараўларында жумыс ислеўши илимий-изертлеў мәкемелери менен биргеликтеги жумысты жолға қоятуғынлығы, аўыл хожалығы тараўындағы жоқары ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелериниң илимий ҳәм инновациялық жумысын муўапықластыратуғынлығы;
Миллий орай Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тәмийнаты илимий-өндирислик орай, «Агроинновация» МУК, «Пахта туқымгершилиги орайы» негизинде шөлкемлестирилетуғынлығы белгиленсин.
5.2021-жылдан баслап аўыл хожалығы тараўында илимий изертлеўлер ҳәм инновациялық жумысларға буйыртпаларды қәлиплестириў ҳәм қаржыландырыўдың төмендеги тәртиби енгизилсин:
а) Муўапықластырыўшы кеңес 2021-жыл 1-апрельге шекем Аўыл хожалығының тийкарғы бағдарлары, глобал, регионналлық ҳәм аймақлық машқалалардың илимий шешимлерин енгизиў бойынша кейинги бес жылға мөлшерленген бағдарламаны (кейинги орынларда – бес жыллық бағдарлама) ислеп шығады ҳәм жәриялайды.
Бес жыллық бағдарлама аўыл хожалығы тараўындағы уйымлар, ассоциациялар ҳәм басқа да шөлкемлер, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, илимий-изертлеў мәкемелери, аўыл хожалығы ҳәм оған хызмет көрсететуғын субъектлер, соның ишинде, агросанаат кластерлери, кооперациялар, фермер ҳәм дийқан хожалықларының усыныслары тийкарында қәлиплестириледи;
б) бес жыллық бағдарламада нәзерде тутылған бағдарлар аўыл хожалығы тараўында илимий жойбарлар бойынша мәмлекетлик буйыртпаларды қәлиплестириў ушын Инновациялық раўажланыў министрлигине усыныс етиледи;
в) бес жыллық бағдарламада нәзерде тутылған, сондай-ақ, аўыл хожалығы субъектлери тәрепинен усыныс етилген ҳәм бюджеттен қаржыландырылмаған ямаса толық қаржыландырылмаған жойбарларды және басқа ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде, Миллий орай жанында Аўыл хожалығында билим ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қоры (кейинги орынларда – Қор) шөлкемлестириледи.
Қордың қаржылары республикалық бюджет, жергиликли бюджет дәраматларының прогноздан арттырып орынланған бөлеги, министрликлер ҳәм уйымлардың бюджеттен тысқары қаржылары, қәўендерлик қайырқомлықлары, халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары, илимий изертлеў жумысларын қаржыландырыў ҳәм олардың жуўмақлаўшы нәтийжесинен пайдаланыў тилегин билдирген аўыл хожалығы субъектлери ҳәм басқа да шахслардың қаржылары және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қәлиплестириледи.
Қордың қаржыларын басқарыў Муўапықластырыўшы кеңестиң жумысшы уйымы – Миллий орай тәрепинен әмелге асырылады.
Илимий изертлеўлер ҳәм инновациялық қолланбалардың бюджет қаржылары және Қордың қаржылары есабынан қаржыландырылыўы оларды қаржыландырыў ушын басқа да қаржыларды тиккелей тартыўды алып тасламайды.
Министрлер Кабинети бир ай мүддетте Аўыл хожалығында билим ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қоры ҳаққындағы режени тастыйықласын.
6.Төмендегилер:
2021-2022-жылларда Миллий орайдың Республикалық агрохызметлер орайы, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың агрохызметлер орайлары (кейинги орынларда – аймақлық агрохызметлер орайлары);
2022-жылдан баслап басқышпа-басқыш аўыллық районларында Миллий орайдың районлық агрохызметлер орайлары (кейинги орынларды – районлық агрохызметлер орайлары) шөлкемлестирилсин.
7.а) Республикалық агрохызметлер орайы, аймақлық ҳәм районлық агрохызметлер орайлары:
Жәҳән банкиниң «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбары шеңберинде ажыратылатуғын қаржыларды тартқан ҳалда ямаса мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында шөлкемлестирилетуғынлығы;
өз жумысын мәлимлеме ҳәм мәсләҳәт хызметлерин көрсетиў системасы тийкарында әмелге асрылатуғынлығы;
б) аймақлық агрохызметлер орайлары Аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тәмийнаты илимий-өндирислик орайының аймақлық бөлимлери негизинде шөлкемлестиретуғынлығы;
в) Республикалық агрохызметлер орайы, аймақлық ҳәм районлық агрохызметлер орайлары өз жумысын төмендеги бағдарларда шөлкемлестирилетуғынлығы:
аймақлардың узық мүддетли раўажланыў тенденциялары ҳәм инсан капиталы базары талапларынан келип шыққан ҳалда тараўда кадрларға болған зәрүрликти анықлайтуғынлығы;
сырт ел тәжирийбеси тийкарында аўыл хожалығы тараўында жумыс алып барып атырған кадрлардың маманлығын арттыратуғынлығы ҳәм оларды қайта таярлайтуғыны;
аймақтың аўыл хожалығы өндириси зәрүрлигинен келип шығып илимий шөлкемлерге таяр илимий қолланбалар ҳәм тийисли илимий мәсләҳәтлерге буйыртпалар қәлиплестиретуғынлығы;
аўыл хожалығы тараўларының әҳмийетли бағдарлары бойынша таярланған илимий қолланбаларды аймақлардың шараятына бейимлестириў бағдарындағы изертлеўлерди әмелге асыратуғыны, оның нәтийжелерин тиккелей аўыл хожалығы өнимлерин ислеп шығарыўшы субъектлерге жеткеретуғынлығы;
аймақлардың аграр тараўы тийкарғы қәнигелесиўинен келип шыққан ҳалда халықаралық тәжирийбелер және илимий жумыстың нәтийжелери коммерцияластырылатуғынлығы;
аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги тараўында барлық хызметлерди «бир айна» принципи тийкарында әмелге асыратуғыны;
аўыл хожалығы субъектлерине тиккелей ҳәм онлайн және «call -орай» арқалы хызмет көрсететуғыны белгиленсин.
8.Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-августтағы «Халықаралық тиклениў ҳәм раўажланыў банки және Халықаралық раўажланыў ассоциациясының қатнасыўында «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығын модернизациялаў» жойбарын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4803-санлы қарарына тийкарланып аўыл хожалығында мәмлекетлик басқарыў ҳәм илимий-изертлеў институтларын трансформациялаўға Жәҳән банкиниң 160 миллион АҚШ доллары муғдарындағы қаржылары қаратылып атырғанлығы мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
Бул қаржылар Миллий орай, оның системасындағы мәкемелер және агрохызметлер орайларының жумысын шөлкемлестириў, олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў қәнигелери, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилердиң билим ҳәм көнликпелери арттырыў, қайта таярлаў ҳәм жойбарда нәзерде тутылған басқа да илажларға қаратылатуғынлығы белгиленсин.
9.2021-жыл 1-марттан баслап, тәжирийбе түринде, Миллий орай системасындағы илимий-изертлеў мәкемелеринде исбилерменлик субъектлерин тартқан ҳалда киши илимий-инновациялық кәрханалар шөлкемлестириўге руқсат берилсин, онда:
а) илимий-изертлеў мәкемеси:
аймақлардың топырақ-климат шараятларынан келип шығып, аўыл хожалығы егинлериниң илимий тийкарланған ҳалда егилиўин шөлкемлестиреди;
аўыл хожалығы егинлериниң туқымгершилигин ҳәм селекциясын жолға қояды, жаңа сорт ҳәм шағылыстырылған туқымларды жаратады;
өсимликлерди зыянкеслерден қорғаў, топырақтың өнимдарлығын арттырыў бойынша илимий тийкарланған усыныслар ислеп шығады;
б) исбилерменлик субъектлери:
илимий-изертлеў мәкемесиниң жаңа сорт ҳәм шағылыстырылғанларды жаратыў бойынша жумысын қаржылай тәмийинлеўге жәрдем береди және оның нәтийжелерин коммерцияластырыў илажларын көреди;
ишки ҳәм сыртқы базар талапларынан келип шығып, экспортқа жарамлы аўыл хожалығы өнимин жетистириўди жолға қояды ҳәм оны ғалаба ен жайдырады;
жаңа ишки ҳәм сыртқы базарларды табыў, халықаралық стандартларға сәйкес келетуғын лабораториялар, туқымлықты сақлаў, таңлаў, кадақлаў ҳәм мийўе-овощты қайта ислеў үскенелерин сатып алыўға жәрдем береди;
аўыл хожалығы өнимлерин таңлаў, қадақлаў, миллий бренд тийкарында экспорт етиў илажларын көреди;
в) пайда салығы бойынша улыўма дәраматты анықлаўда исбилерменлик субъектлери – салық төлеўшилердиң илимий изертлеўлерге ҳәм (ямаса) тәжирийбе-конструкторлық қолланбаларға байланыслы қәрежетлери, амортизацияланатуғын активлерди алыўға байланыслы қәрежетлерден тысқары, тийисли илимий изертлеўлер ҳәм (ямаса) тәжирийбе конструкторлық қолланбалардың нәтийжесине қарамастан, Салық кодексинде нәзерде тутылған тәртипте бундай изертлеўлер ҳәм қолланбалар (хызметлердиң айрықша басқышлары) толық болған ҳәм (ямаса) қабыл етиў-тапсырыў актын тәреплер қол қойғаннан кейин шегирип тасланады.
10.2021-жыл 1-февральдан баслап Миллий орай, усы пәрманға 4-қосымшада көрсетилген илимий-изертлеў институтлары және олардың системасына киретуғын илимий-тәжирийбе станциялары ҳәм участкаларының (кейинги орынларда – илимий-изертлеў мәкемелери) имарат ҳәм комплекслерин сақлаў, сондай-ақ, олардың хызметкерлери (илимий хызметкерлерден тысқары) мийнетине ҳақы төлеў бойынша қәрежетлерди қаржыландырыў Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылады, онда:
Миллий орайдың басқарыў аппаратының хызметкерлерине Аўыл хожалығы министрлиги орайлық аппараты және агрохызметлер орайлары хызметкерлерине министрликтиң аймақлық бөлимлери ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлери сәйкес түрде қолланылады;
Илимий-изертлеў мәкемелери хызметкерлериниң мийнетине ҳақы төлеў шәртлери бюджет қаржылары есабынан фундаменталь, әмелий изертлеўлер ҳәм инновациялық жумыслардың илимий-техникалық бағдарламаларын әмелге асырыўда қатнасатуғын илимий-изертлеў мәкемелери илимий ҳәм басшы хызметкерлердиң базалық лаўазым мийнет ҳақыларына теңлестириледи;
Миллий орай, илимий-изертлеў мәкемелериниң басқа қәрежетлерин қаржыландырыў олардың илимий, өндирислик, илимий изертлеў жумысларының нәтийжелерин коммерцияластырыў ҳәм хызмет көрсетиў жумысынан түсетуғын қаржылар, сырт ел ҳәм халықаралық шөлкемлердиң грантлары, қәўендерлик қайырқомлықлары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылады.
11.Миллий орай ҳәм илимий-изертлеў мәкемелерине бюджеттен тысқары дәреклер есабынан қәлиплесетуғын қаржыларды еркин жумсаў ҳуқықы берилсин, бунда бул шөлкемлер:
бюджеттен тысқары қаржыларды басқарыў ушын коммерциялық банклерде есап бет ашыўы ҳәм ондағы қаржылардан еркин пайдаланыў мүмкин (бюджет шөлкемлериниң ғазна есап бетлеринен пайдаланыўға байланыслы талаплар бул қаржылардан пайдаланыўға енгизилмейди);
жоқары маманлықтағы қәнигелерди шәртнама тийкарында тартады, хызметкерлерге үстемелер ҳәм материаллық хошаметлеўдиң басқа да түрлериниң муғдарларын еркин белгилейди;
сақлаў қәрежетлери, ўазыйпа ҳәм миннетлемелерин орынлаў, хызметкерлерди қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў, материаллық-техникалық базаны беккемлеў, бағдарламалық тәмийнатлар, заманагөй мәлимлеме-коммуникация қураллары, илимий лабораториялар ушын қаржыларды еркин жумсайды.
12.Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниев:
бир ҳәпте мүддетте усы пәрманда нәзерде тутылған ўазыйпаларды орынлаўшылар ҳәм аймақлар кесиминде тастыйықласын және орынлаўға қаратсын;
еки ҳәпте мүддетте аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар системасын 2021-2025-жылларда тийкарғы раўажландырыў концепциясын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы»н ислеп шықсын және тастыйықласын.
13.Аўыл хожалығы министрлиги (Ж.А.Ходжаев) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
14.Әдиллик министрлиги усы пәрманның орынлаўшыларға жеткерилиўин, оның мазмун-мәнисиниң тийислилиги бойынша мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларына, олардың аймақлық бөлимлерине, халыққа түсиндирилиўин және орынлаўға қаратылыўын тәмийинлесин.
15.Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 6-сентябрьдеги «Профессионал билимлендириў системасын және де жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-5812-санлы пәрманына 5-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
16.Усы пәрманның орынланыўын шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары Ш.М.Ғаниев, аўыл хожалығы министри Ж.А.Ходжаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери етип белгиленсин.
Пәрманның орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа және Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2021-жыл 1-июль ҳәм 30-декабрьге шекем Өзбекстан Республикасы Президентине мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2021-жыл 3-февраль