Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Қәбилетли жасларды сайлап алыў системасын раўажландырыў, оларды қоллап-қуўатлаў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, өсип киятырған жас әўладтың илимге болған умтылысларын хошаметлеў, интелектуаллық ҳәм дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў бағдарындағы реформаларды системалы әмелге асырыў, сондай-ақ, академиялық лицейлердиң жумысын жетилистириў мақсетинде:
- 1. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң биринши орынбасары Ў.Р.Саломов және жанында академиялық лицейлер бар болған жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары (филиал директорлары) қәбилетли жасларды академиялық лицейлерге таңлап алыў системасын нәтийжели шөлкемлестириў, академиялық лицейлерде билимлендириўдиң сапасын турақлы арттырып барыў, оқыў процессине заманагөй педагогикалық ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў ушын жеке жуўапкер етип белгиленсин.
Жанында академиялық лицейлер бар болған жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары (филиал ректорлары):
тийисли академиялық лицейлердиң жумысын жетилистириў ушын алдыңғы сырт еллердиң маман экспертлерин тартсын;
академиялық лицей оқыўшыларының кеминде бир шет тилин пуқта өзлестирип шығыўы ушын оқыў шынығыўларына жоқары қәнигели педагоглар тартылыўы ҳәм зәрүр шараятлардың жаратылыўын тәмийинлесин;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң проректорлары (филиал директорының орынбасарлары)н өз бағдарлары бойынша академиялық лицейлердиң жумысына ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў ҳәм қадағалаў ушын жуўапкер етип белгиленсин;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары. соның ишинде, басшы хызметкерлери белгиленген тәртипте академиялық лицейлердиң оқыў шынығыўларына тартылыўын тәмийинлесин;
академиялық лицейлердиң билимлендириў инфраструктурасы турақлы түрде раўажландырып барылыўын шөлкемлестирсин.
- 2. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги және басқа да министрликлер ҳәм уйымлар (буннан Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия буған кирмейди) системасындағы жоқары билимлендириў мәкемелери, сондай-ақ, сырт ел жоқары билимлендириў мәкемелериниң жанындағы академиялық лицейлерде (қарар бойынша текстте- академиялық лицейлер) оқыўшы жасларға билим бериўде төмендегилерге айрықша итибар қаратылсын:
қәбилетли жасларды анықлаў, оларды академиялық лицейлерге сайлап алыў, тереңлестирилген билимлендириў бағдарламалары тийкарында оқытыў;
оқыўшы жасларда кең пикирлеў, интеллектуаллық потенциал, дөретиўшилик ҳәм аналитикалық пикирлеўди раўажландырыў, илимге қызығыўшылығын арттырыў, пән олимпиадаларындағы қатнасын кеңейтиў;
оқыўшыларды әмелге асырылып атырған реформалардың белсене қатнасыўшысына айландырыў, ўатансүйиўшилик, излениўшеңлик ҳәм дөретиўшилик руўхында тәрбиялаў;
академиялық лицейлерде билимлендириўдиң сапасын жақсылаў, заманагөй мәлимлеме-коммуникация ҳәм тәлим технологияларының беккем интеграциясын тәмийинлеў, оқыўшылардың мәлимлеме технологиялары бойынша саўатлылығын арттырыў, оларды «устаз-шәкирт» системасы тийкарында тийисли тараўда жоқары нәтийжелерге ерискен маман қәнигелерге бириктириў;
билимлендириў процессин мазмунлы ҳәм нәтийжели шөлкемлестириў ушын педагоглар маманлығын арттырыў, оларды материаллық ҳәм руўхый хошаметлеп барыў системасын реформалаў;
заманагөй билимлендириў инфраструкутрасының талапларынан келип шығып, академиялық лицейлердеги материаллық-техникалық базаны беккемлеп барыў, билимлерди еркин қәлиплестириў ушын шараят ҳәм имканиятларды кеңейтиў.
- 3. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (Ў.Р.Саломов) үш ай мүддетте алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйренген ҳалда, соның ишинде төмендегилерди нәзерде тутыўшы оқыў нормативлик ҳүжжетлерин ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын:
улыўма билимлендириў пәнлер саатының есабынан тереңлестирилген пәнлер саатын арттырыў және олардың үлесин кеминде 50 процентке жеткериў;
улыўма орта билимлендириўдиң мәмлекетлик тәлим стандартында 10-11-класс оқыўшылары улыўма билимлендириў таярлығына қойылған мәжбүрий талапларды қәлиплестириў менен бирге оларды қәбилетин ҳәр тәреплеме раўажландырыў имканиятын бериўши оқыў бағдарламалар тийкарында оқытыў тәртибин енгизиў;
билимлендириў басқышларының избе-излигин тәмийинлеў мақсетинде жоқары билимлендириў мәкемелериниң уқсас тәлим бағдарлараында тәкирар оқытылатуғын пәнлерди академиялық лицейлердиң оқыў бағдарламасында тийисли пәнлер менен унификациялаў.
- 4. Академиялық лицейлерде оқыў дәўиринде унификацияланған пәнлерди өзлестирген, жоқары билимлендириў мәкемелеринде студентликке қабыл етилген тәлим алыўшылар ушын усы пәнлерди өзлестириў еркин түрде болып есапланатуғын белгилеп қойылсын.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (Ў.Р. Саломов) унификацияланған пәнлер бойынша оқыў шынығыўлары тийисли жоқары мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары тәрепинен алып барылыўын тәмийинлесин.
- 5. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, системасында жоқары билимлендириў мәкемелери және академиялық лицейлер бар болған министрликлер ҳәм уйымлардың 2021/2022-оқыў жылынан баслап:
академиялық лицейлерге қәбилетли жасларды сайлап алыў механизмин 1-қосымшаға муўапы енгизиў;
тәжирийбе түринде, дизими 2-қосымшада келтирилген академиялық лицейлерге Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен арнаўлы аймақларда өткерилетуғын тест сынақлары менен биргеликте дәслепки жазба имтихан тийкарында қәбилетли жасларды таңлап алыўдың еки басқышлы системасын (кейинги орынларда – еки басқышлы система) әмелге киргизиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин. Онда, 1-қосымшада нәзерде тутылған пән олимпиадалары, таңлаў жеңимпазлары ҳәм пәнлерди өзлестириў сертификатына ийе болғанлар ушын жеңилликлер усы академиялық лицейлерге оқыўға қабыл етиўде де есапқа алынатуғыны белгиленсин.
- 6. Академиялық лицейлерге ҳүжжет тапсырыўшыларды дизимнен өткериў Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы және Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайты арқалы әмелге асырылатуғыны;
академиялық лицейдиң тийисли бағдарында оқыў ушын келип түскен арзалар санын белгиленген қабыллаў параметрине 2:1 салыстырмалы аз болған жағдайларда усы бағдар бойынша қабыллаў параметрлери тийисли оқыў жылы ушын арзалары санына салыстырғанда еки есеге қысқартылатуғыны, буннан усы бағдар ушын бир академиялық топар оқыўшыларының санына тең болған жағдайлар буған кирмейтуғыны;
еки басқышлы системада дәслепки жазба имтихан кириў тест сынақларынан алдын бойсыныў бойынша тийисли жоқары билимлендириў мәкемесиниң қадағалаўы астында академиялық лицей тәрепинен өткерилетуғыны және оның жуўмақлары бойынша оқыўшыларды кириў тест сынақларын тапсырыўшылардың дизимине киргизиў ҳаққында қарар қабыл етилетуғыны;
еки басқышлы системада дәслепки жазба имтиханды өткериў тәртиби және баҳалаў нормалары бойсыныўы бойынша тийисли жоқары билимлендириў мәкемесиниң ректоры (филиал директоры) тәрепинен тастыйықланатуғыны және 2020-жыл 1-февральға шекем Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң рәсмий веб-сайты ҳәм ғалаба хабар қуралларында жәрияланатуғыны белгилеп қойылсын.
- 7. Жоқары ҳәм орта арнаўлы министрлиги (Ў.Р.Саломов) Министрлер Кабинети жанындағы Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы (кейинги орынларда – Тәлим инспекциясы) (У.Н.Ташкенбаев), системасында жоқары билимлендириў мәкемелери және академиялық лицейлердеги министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте 2021-жыл 15-декабрьге шекем тәжирийбе нәтийжелеринен келип шығып барлық академиялық лицейлерге еки басқышлы система тийкарында халық қабыл етиў тәртиби ҳаққында тийкарландырылған усынысларды Өзбекстан Республикасы Президентиниң администрациясы ҳәм Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 8. Қабилетли жасларды таңлап алыў ҳәм академиялық лицейлердиң жумысын жетилистириў бойынша қосымша илажлар бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 9. Академиялық лицейлердиң жумысын жетилистириў бойынша комиссия 4-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
Төмендегилер академиялық лицейлердиң жумысын жетилистириў бойынша комиссияның (Ў.Р.Саломов) тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:
академиялық лицейлердиң жумысын жетилистириў тараўындағы бағдарламалардың ислеп шығылыўы және әмелге асырылыўын шөлкемлестириў;
орта арнаўлы билимлендириў тараўында қатнасыўшы министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм бирге ислесиўин тәмийинлеў;
жәмийетлик пикирди үйрениў, алдынғы сырт ел тәжирийбелерин таллаў, педагоглар ҳәм оқыўшылар арасында сораўлар өткериў тийкарында академиялық лицейлерде билимлендириў сапасын арттырыў ҳәм инфраструктурасын жақсылаў, билимлендириў процесине мәлимлеме технолологияларын енгизиўге байланыслы илажлардың ислеп шығылыўы ҳәм орынланыўын шөлкемлестириў;
академиялық лицейлерде билимлендириў жумысының шөлкемлестирилиўи, олардың жумысын басқарыў системасының нәтийжелилиги, жаратылған шараятлар, қолланылып атырған тәлим-тәрбия усылларының тәсиршеңлигин турақлы түрде үйренип барыў ҳәм баҳа бериў;
академиялық лицейлерде билимлендириў сапасына, соның ишинде, олардиң рейтингине байланыслы көрсеткишлерди сын көзқарастан таллаў және олар бойынша Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң коллегиясына аналитикалық ҳүжжетлер киргизиў;
орта арнаўлы ҳәм билимлендириў тараўындағы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў ҳәм жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша усыныслар таярлаў;
усы қарарда нәзерде тутылған илажлардың орынланыўын толық, сапалы ҳәм өз ўақтында шөлкемлестириў.
- 10. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (Ў.Р.Саломов) және жанында академиялық лицейлер бар болған жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары (филиал директорлары);
2021-жылдан баслап алдынғы сырт еллер, соның ишинде, Финляндияның маман экспертлерин тартқан ҳалда ҳәр жылы академиялық лицейлердиң жумысын раўажландырыўға қаратылған «Жол карта»сын ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын;
«Жол карта»сының орынланыўын сырт ел экспертлери қатнасыўында турақлы түрде мониторинг етип барсын және анықланған машқалаларды тез сапластырыў илажларын көрсин;
академиялық лицейлерде ҳәр айда кеминде бир мәрте тиккелей жоқары билимлендириў мәкемесиниң ректоры (филиал директоры) тәрепинен академиялық лицейдиң хызметкерлери ҳәм оқыўшылары қатнасыўында «ректор сааты» өткерип барылыўын шөлкемлестирсин;
системасында академиялық лицейлер бар болған министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте академиялық лицейлерге илимий-методикалық жәрдем көрсетиў, оқыў-тәрбия процесин сапалы шөлкемлестириў, билимлендириўдиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаў, алдынғы педагогикалық технологияларды енгизиў мақсетинде жоқары билимлендириў мәкемелериниң тийисли кафедраларын академиялық лицейлердиң тәлим бағдарларына бириктирсин;
бириктирилген кафедралардың профессор-оқытыўшылары тәрепинен унификацияланған пәнлер бойынша оқыў шынығыўларын алып барыў, алдынғы оқытыў усылларын академиялық лицейдиң билимлендириў процесине сәйкес түрде енгизиў және шеберлик сабақларын өткериў, лицей оқыўшылары ҳәм оқытыўшылары арасында таңлаўлар өткериў, оқыўшылардың илим, инновациялық ҳәм рационализаторлық қәбилетлерин раўажландырыў бойынша жумысларды шөлкемлестирсин.
- 11. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:
академиялық лицейлердиң жумысы жылына кеминде еки мәрте жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң коллегия мәжилиси және жоқары билимлендириў мәкемелериниң илимий кеңесинде кең додалаўдан өткериледи;
жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў жумыслары ушын жуўапкер проректоры (филиал директорының орынбасары) бир ўақыттың өзинде академиялық лицейдиң директоры болып есапланады. Онда, жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў ислери ушын жуўапкер проректор (филиал директорының орынбасары)ларына нормативлерге муўапық белгиленетуғын үстемелерге қосымша түрде жоқары билимлендириў мәкемесине бюджеттен тысқары қаржылары есабынан базалық лаўазым мийнет ҳақысына салыстырғанда ҳәр айлық 20 процент үстеме төленеди;
Министрлер Кабинети жанындағы Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен шет тилин билиў дәрежесин анықлаў ҳәм қәнигелик сертификатын бериў бойынша академиялық лицейлердиң екинши басқыш оқыўшылары ушын төртинши семестр даўамында бийпул тест сынағы шөлкемлестириледи;
жоқары билимлендириў мәкемесине оқыўға қабыл етилмеген және кәсип-өнер ийелеў тилегинде болған академиялық лицейдиң питкериўшилери бойсыныўы бойынша жоқары билимлендириў мәкемелериниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан кәсип-өнерге үйретиў курслары (орайлары)нда оқытылады. Онда, тийисли жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары (филиал директорлары) усы питкериўшилерге кәсип-өнер үйретиў жумысларын шөлкемлестириў ҳәм оларға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў ушын жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын.
- 12. Академиялық лицейлерге хызметкерлерди педагогикалық жумысқа тартыў ушын белгиленген кеминде 5 жыл үзликсиз педагогикалық жумыс стажына ийе болыў ҳаққындағы талап бийкар етилсин.
- 13. 2021/2022-оқыў жылынан баслап:
а) Тәлим инспекциясы (У.Н.Ташкенбаев) академиялық лицейлердиң, соның ишинде, төмендеги бағдарлардағы жумысын қамтып алыўшы рейтингин ислеп шықсын ҳәм оның ашық-айдын түрде жүргизилиўин тәмийинлесин:
академиялық лицейге оқыўға кириў ушын ҳүжжет тапсырған талабанлар санының усы лицей ушын белгиленген қабыллаў параметрине салыстырмасы (бәсеки көрсеткиши);
жоқары билимлендириў мәкемелерине қабыл етилген оқыўшылар үлеси;
рейтинг анықланған жылы абырайлы халықаралық ҳәм республикалық пән олимпиадалары, спорт жарысларында жеңимпаз болған (сыйлы орынларды ийелеген) академиялық лицей оқыўшыларының үлеси;
шет тили ҳәм пәнлерди билиў дәрежеси ҳаққындағы миллий ямаса халық аралық сертификатқа ийе болған оқыўшылардың үлеси;
илимий дәрежели, шет тили ҳәм пәнлерди билиў дәрежеси ҳаққындағы миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе болған тийкарғы штаттағы педагоглардың үлеси;
сырт ел педагоглары, сондай-ақ, халықаралық тән алынған шөлкемлер – Quacquarelli Symonds World University Rankings, Times Higher Education ямаса Academic Ranking of World Universities рейтинглеринде биринши 1 000 орынды ийелеген жоқары билимлендириў мәкемелериниң дипломларына ийе болған жергиликли педагоглардың үлеси;
б) рейтинг нәтийжелери бойынша үзликсиз 3 жыл даўамында билимлендириў сапасына байланыслы көрсеткишлеринде унамсыз динамика бақланған 5 орыннан бирин ийелеп келген академиялық лицейлер басқа да жоқары билимлендириў мәкемесиниң қарамағына өткериледи ямаса басқа түрдеги билимлендириў мәкемеси сыпатында қайта шөлкемлестириледи.
- 14. Қәбилетли жасларды жоқары билимлендириў мәкемелерине тартыў, олар ушын зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде жоқары билимлендириў мәкемелери жанында жаңадан шөлкемлестирилетуғын қәнигелестирилген мектеп ҳәм академиялық лицейлердиң дизими 5-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
Жоқары билимлендириў мәкемелери жанындағы қәнигелестирилген мектеп директорлары бойсыныўы бойынша тийисли министрлик ҳәм уйым менен келисилген ҳалда жоқары билимлендириў мәкемесиниң ректоры тәрепинен лаўазымға тайынланатуғыны ҳәм лаўазымынан азат етилетуғыны белгилеп қойылсын.
Төмендегилер жаңадан шөлкемлестирилип атырған қәнигелестирилген мектеп ҳәм академиялық лицейлердиң жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:
Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары;
хожалық ҳәм исбилерменлик жумысынан түсетуғын қаржылар;
юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;
халықаралық финанс шөлкемлериниң грантлары;
нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.
- 15. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Тәлим инспекциясы және Республикалық жоқары билимлендириў кеңесиниң төмендеги усынысларына келисим берилсин:
оқыў шынығыўларын, соның ишинде, республикалық ямаса сырт ел билимлендириў мәкемелериниң жоқары мағлыўматлы пелагогларының қатнасыўында онлайн түрде өткериў;
академиялық лицейлердиң базасында усы лицейлерге оқыўға таярлаў, компьютер саўатлылығын арттырыў, кәсип-өнер, соның ишинде, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағының жәрдеминде хызметлер көрсетиў (жумыслар орынлаў) арқалы өзин-өзи бәнт етиў (фрилансинг)ди үйретиў бойынша билимлендириў хызметлерин, жазғы ҳәм қысқы мектеплерди шөлкемлестириў;
төлемли билимлендириў хызметлерин көрсетиў ушын авторлық методикалар тийкарында ислеп шығылған, бойсыныўы бойынша тийисли жоқары билимлендириў мәкемелери кеңесиниң қарары менен басып шығарыўға руқсат етилетуғын таярлаў оқыў әдебиятларын жаратыў.
- 16. Академиялық лицейлерге бюджеттен тысқары, сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелериниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан:
қәбилетли педагоглардың сырт еллердиң билимлендириў мәкемелеринде өз қәнигелиги бойынша қысқа мүддетли қәнигелик арттырыў, соның ишинде, онлайн курсларда оқыўы менен байланыслы қәрежетлерди толық ямаса бир бөлегин қаплаў;
жоқары қәнигели, соның ишинде, сырт ел қәнигелерин оқыў процесине тартыў, айрықша жетискенликлерге ерискен педагог ҳәм хызметкерлерге үстемелер және материаллық хошаметлеўдиң басқа түрлериниң муғдарларын еркин белгилеў ҳәм төлеў;
қәбилетли, сондай-ақ, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларынан болған оқыўшыларды материаллық хошаметлеў ҳәм қоллап-қуўатлаў;
материаллық ҳәм техникалық базасын беккемлеў, канцелярия буйымлары, программалық өнимлер, заманагөй мәлимлеме-коммуникация қуралларын сатып алыў, таярлаў, оқыў әдебиятларын басып шығарыў, лицейлердиң веб-сайтларын жаратыў ҳәм тәмийинлеп барыў, аралықтан билимлендириў технологияларын енгизиў ҳәм раўажландырыў ҳуқықы берилсин.
Зәрүр жағдайларда, жоқары билимлендириў мәкемелерине бюджеттен тысқары қаржылар есабынан өз системасындағы академиялық лицейлерди усы бәнтте көрсетилген қәрежетлерди биргеликте қаржыландырыўға руқсат берилсин.
- 17. а) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджеттиң қаржылары есабынан 2021-жыл 1-январьдан баслап академиялық лицейдиң педагоглары ҳәм хызметкерлериниң мийнетин мүнәсип хошаметлеў мақсетинде:
академиялық лицей педагог ҳәм оқыў-жәрдемши хызметкерлериниң мийнетине ис ҳақы төлеўде Халық билимлендириў министрлиги системасындағы айырым пәнлерге қәнигелестирилген мектеплердиң тийисли хызметкерлери ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў шәртлериниң қолланылатуғыны;
академиялық лицей директорының оқыў-тәрбия процеси менен тиккелей байланыслы болған орынбасарларының базалық лаўазым мийнет ҳақыларына 20 процент муғдарында ҳәр айлық үстемелер төленетуғыны;
б) бойсыныўы бойынша тийисли жоқары билимлендириў мәкемесиниң қаржы имканиятынан келип шығып, бюджеттен тысқары, соның ишинде, төлемли-контракт қаржылары есабынан академиялық лицейлерде өрнек көрсеткен педагог ҳәм хызметкерлерге лаўазым мийнет ҳақыларының 100 процентке шекемги муғдарда ҳәр айлық үстемелер төленетуғыны;
в) академиялық лицейлердиң илим кандидаты ямаса философия докторы (PhD), сондай-ақ, пән докторы ямаса илим докторы (DSc) илимий дәрежелерине, профессор ямаса доцент илимий атақларына ийе болған педагог хызметкерлериниң мийнетине ис ҳақы төлеў шәртлерине бола жоқары билимлендириў мәкемесиниң үлкен оқытыўшысына теңлестирилетуғыны;
г) 2021-жыл 1-январьдан баслап орта арнаўлы ҳәм профессионал билимендириў мәкемелеринде билимлендириў мәкемеси басшысының базалық лаўазым мийнет ҳақысына салыстырмалы бас есапшының базалық лаўазым мийнет ҳақысы 80 процент муғдарында, есапшының базалық лаўазым мийнет ҳақысы 60 процент муғдарында белгиленетуғыны белгилеп қойылсын.
- 18. Усы қарардың 17-бәнти Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардия системасындағы академиялық лицейлердиң («Темурбеклер мектеби» әскерий – академиялық лицейлери буған кирмейди) аттестацияланбаған ҳәкимшилик басқарыў, педагог ҳәм басқа да хызметкерлерине салыстырмалы түрде де қолланылатуғыны белгиленсин.
- 19. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2020/2021-оқыў жылынан баслап:
академиялық лицейлердиң бағдарлары ҳәм блокларына қарап бир педагог хызметкерге туўра келетуғын оқыўшылар санының шекленген нормативи 1:12 салыстырмасында белгиленеди. Онда, бағдарлар ҳәм блоклар бойынша бир педагог хызметкерге туўра келетуғын оқыўшылар санының нормативлери Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда тастыйықланады;
билимлендириў сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде тереңлестирип оқытылатуғын пәнлер бойынша ҳәр семестрде оқыўшыларды потенциалына бола теңдей топарларға бөлип оқытыўға руқсат етиледи.
- 20. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (Ў.А.Саломов) Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) менен биргеликте үш ай мүддетте әмелдеги академиялық лицей ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелериниң директор қорының қаржыларынан пайдаланыў тәртибин әпиўайыластырыў бойынша Министрлер Кабинетине нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын киргизсин.
- 21. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.Ж.Ортиқов) жоқары ҳәм орта арнаўлы (И.У.Маджидов) және басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте тийкарланған есап-санақларға бола академиялық лицейлердиң объект ҳәм имаратларын реконструкциялаў, капитал оңлаў және үскенелеў жумысларының 2022-жыл ҳәм келеси жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасының инвестициялық бағдарламаларына турақлы киргизип барылыўын тәмийинлесин.
- 22. Усы қарарады белгиленген илажлардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:
Қарақалпақстан республиксы Министрлер Кеңесиниң баслығы Қ.Р.Сариев, Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкими З.Т.Мирзаев, Самарқанд ўәлаятының ҳәкими Э.О.Турдимов, Сырдәрья ўәлаятының ҳәкими Ғ.Ғ.Мирзаев, Сурхандәрья ўәлаятының ҳәкими Т.А.Бобоев, Ташкент ўәлаяты Р.Қ.Холматов, Хорезм ўәлаяты ҳәкими Ф.У.Эрманов ҳәм Ташкент қаласы ҳәкими Ж.А.Артикходжаев аймақларда жоқары билимлендириў мәкемелери жанында жаңадан шөлкемлестирилетуғын қәнигелестирилген мектеп ҳәм академиялық лицейлердиң жумысын толық жолға қойыўда ҳәр тәреплеме жәрдемлессин.
Тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары усы қарардағы жүкленген ўазыйпалар және Бағдарламада нәзерде тутылған илажлардың орынланыўын өз ўақтында ҳәм сапалы шөлкемлестирсин.
- 23. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (И.У.Маджидов) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- 24. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң биринши орынбасары Ў.Р.Саломов белгиленсин.
Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша 2021-жыл 1-июнь ҳәм 2021-жыл 20-декабрьге шекем Өзбекстан Ресубликасы Президентине мәлимлеме берилсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.
Ташкент қаласы,
2020-жыл, 3-декабрь