Европа комиссиясының Энергия ҳәм ресурслардан пайдаланыў бойынша бағдарлама (SPARE) муўапықластырыўшыларының 2008-жыл апрель айында Астана (Қазақстан)да болып өткен халықаралық әнжуманында 11-ноябрьди Халықаралық электр энергиясын үнемлеў күни сыпатында белгилеў усыныс етилген.

Бул күнди белгилеўден тийкарғы мақсет ҳүкиметлер ҳәм кең жәмийетшилик итибарын тәбийғый резервлерден ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм қайта тикленетуғын энергия ресурсларын раўажландырыўға қаратыў, сол арқалы қоршаған орталықтың тазалығын сақлаўға жәрдемлесиўден ибарат.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги