Қазақстан Республикасында коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша мәкемелер аралық комиссия тәрепинен мәмлекетлик шегараны кесип өтиў тәртибин өзгертиў ҳаққында қарар қабыл етилди. Бул ҳаққында мәмлекет Бас министриниң баспасөз хызмети хабар берди.

 

Қарарға муўапық, төмендеги адамлар ушын мәмлекетлик шегараны кесип өтиў тәртибине өзгерислер киргизилди:

 

– Қазақстан Республикасында турақлы жасаў ушын рухсатнама алған сырт еллилер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары;

 

– Қазақстан Республикасы пуқараларының шаңарақ ағзалары болған сырт еллилер.

 

Усы категориядағы адамлар Қазақстан Республикасы мәмлекетлик шегарасын 90 күн ишинде бир мәртеден артық кесип өтиўи мүмкин емес (алдын бул 30 күн еди).

 

Сондай-ақ, 57 мәмлекет пуқаралары ушын визасыз режимди тоқтатыў 2021-жылдың 1-майына шекем узайтылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.