Халықаралық аўыр атлетика федерациясы – «IWF» атынан жумыс алып баратуғын Халықаралық тестлеў агентлиги – «ITA»ның мәлим етиўинше, қарақалпақстанлы аўыр атлетикашы Рустан Джангабаевдан 2018-жылдың май ҳәм декабрь айларында алынған еки допинг-сынағы ҳәр қыйлы адамларға тийисли екенлиги анықланды. Бул ҳаққында «Оламспорт» басылымы хабар берди.

 

Сонлықтан, спортшы допинг-сынағын алмастырғанда айыпланбақта.

 

Мағлыўмат ушын, Дүнья жүзилик антидопинг кодексине муўапық, сынақларды алмастырыў ең баслы антидопинг қағыйда бузыўшылықлар қатарынан орын алған болып, оның ушын 4 жыллық дисквалификация ҳәм белгили бир мүддетке қолға киргизген барлық спорт нәтийжелерин бийкар етиў сыяқлы максимал қатаң жаза белгиленеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.