Камалов Мурат Каллибекович 1955-жылы 24-июньда Нөкис қаласында туўылған. Мағлыўматы – жоқары. 1977-жылы Мәмлекетлик қәўипсизлик комитети Жоқарғы мектебин питкерген.
Камалов Мурат Каллибекович мийнет жолын 1977-жылы Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик қәўипсизлик комитетиниң қәнигеси лаўазымынан баслаған. 1987-1990-жыллары Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының Философия ҳәм ҳуқық институтының киши илимий хызметкери, 1990-1991-жыллары Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң дипломатиялық ўәкилханаларына хызмет көрсететуғын «Консул» сыртқы саўда шөлкеминиң бас инженери, 1991-1996-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы «Қарақалпақ Инторг» сырт ел мәмлекетлери менен бирге ислесиў бирлеспесиниң Ташкент қаласындағы ўәкилханасы директоры, 1996-2010-жыллары Ташкент қаласындағы «Stellor» сыңар кәрханасының директоры, 2010-2018-жыллары Ташкент қаласындағы «Ҳуқықый бизнес ҳәм консальтинг агентлиги» адвокатлық бюросының мәсләҳәтшиси, 2018-2020-жыллары Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан Республикалық басқармасы баслығы лаўазымында ислеген.
Камалов Мурат Каллибекович ҳәзирги күнге шекем Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайының директоры лаўазымында жумыс ислеп келди.
63-санлы «Қаракөл» сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты болып сайланған.
Бүгин, 2-октябрь күни болып өтип атырған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сегизинши сессиясында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы лаўазымына сайланды.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.