Қарақалпақстан Республикасы статистика басқармасы Инвестиция ҳәм қурылыс статистикасы бөлиминиң мағлыўматларына қарағанда, елимиздеги инвестиция сиясатын түп-тийкарынан жетилистириў, оны әмелге асырыўда заманагөй, сапалы қатнас жасаў ҳәм механизмлерин енгизиў, сондай-ақ, инвестиция процесин жеделлестириў  мақсетинде исбилерменлердиң шараятын жақсылаў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақда. Бул илажлар экономика тармақларын, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураларын жедел  рауажландырыў ҳәм модернизациялаўға хызмет етпекте.

Инвестиция орталығы жақсыланғаны, керекли шараятлар жаратылғаны нәтийжесинде усы жылдың январь-июнь айлары жуўмағы менен республикамыздың тийкарғы капиталын көбейтириўге 3576,7 млрд. сумнан аслам инвестиция киргизилип, соннан сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери 984,3 млрд. сумды ямаса 99,2 млн. АҚШ долларын қурады.

Қарақалпақстан Республикасына тийкарғы капиталға киргизилген инвестициялардың 311,7 млрд. сумы электр, газ, пар менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаўға, 690,6 млрд. сумы қайта ислеў санаатына, 725,3 млрд. сумы таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерде ислеўге, 667,5 млрд. сумы аўыл, тоғай ҳәм балық ҳожалығына, 84,2 млрд. сумы көтере ҳәм усақлап сатыўға, 204,6 млрд. сумы тасыў ҳәм сақлаўға 44,9 млрд. сумы мәлимлеме ҳәм байланыс хызмети түрлерине жумсалған.

Тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестициялардың улыўма көлеминиң
2539,1 млрд. сумы, яғный, 71,0 проценти өндирислик тараўға, 1037,6 млрд. сумы, яғный, 29,0 проценти өндирислик емес тараўға бағдарланды.

Өндирислик емес тараўға киргизилген инвестициялар көлеминен 236,2 млрд. сумы, яғный, 6,6 %ти турақ жай қурылысына өзлестирилген. 2020-жылдың январь-июнь айларында улыўма майданы 201,7 мың кв.м. болған 1169 турақ жай питкерип тапсырылып, соннан 123,6 мың кв.м. болған 671 турақ жай аўыллық жерлерде салынған.

Улыўма билим бериў мектеплерин қурыў, жаңадан реконструкциялаў жумысларына 3,0 млрд. сум әтирапында инвестициялар өзлестирилди.

Мәмлекетимизде халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, әмелдеги өндирислик кәрханаларды техникалық ҳәм технологиялық жақтан қайта үскенелеў,  стратегиялық әҳмийетке ийе болған тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў ҳәм ресурслардан дурыс пайдаланыў барысындағы жедел инвестиция сиясатын алып барыў илажлары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги