Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Соңғы жылларда мәмлекетимизде шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў, оның арын ҳәм қәдир-қымбатын ҳүрмет етиў, суд жумысларын жүргизиўдиң барлық басқышларында тәреплердиң тартысыў принципи қолланылыўын буннан былай да кеңейтиў және бул тараўда халықаралық стандартлар ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиўге қаратылған бир қатар нызам хүжжетлери қабыл етилди.

Соның менен бирге, суд-тергеў әмелиятын таллаў ҳәм пуқаралардың мүрәжатларын үйрениў нәтийжелери жынаят процесинде шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў кепилликлерин тәмийинлеў бойынша механизмлер толық иске қосылмағанлығынан, сондай-ақ, нызамшылықта жынаят ислерин тергеў бойынша ҳуқық қорғаў уйымларының ўәкилликлерин анық белгилеўге байланыслы бослықлардың бар екенлигинен дәрек бермекте.

Мәмлекетимизде жынаят ислерин тергеў жумысын халықаралық стандартлар ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесин инабатқа алған ҳалда, нызам үстинлигин ҳәм жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлиги принциплерин әмелге асырыў, жынаят-процессуал нызамшылығын және де жетилистириў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша  Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў мақсетинде:

  1. 1. Төмендегилер суд-тергеў жумысын және де жетилистириўдиң тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

шахстың ҳуқықлары менен  еркинликлерине сөзсиз әмел етилиўин тәмийинлеў, процессуал  ҳәрекетлердиң сапасын арттырыў, жынаят процессинде дәлиллерди  топлаў ҳәм беккемлеў, оларға баҳа бериў системасын алдынғы сырт ел тәжирийбесинде кең қолланылатуғын дәлиллеў стандартларын инабатқа алған ҳалда қайта көрип шығыў;

ҳуқық қорғаў уйымларының жынаятларды ашыў бағдарындағы жумысын жаңа басқышқа алып шығыў, жүз берилген ҳәр бир жынаят ушын жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлигин және шахс, жәмийет ҳәм мәмлекетке жеткерилген зыян толық қапланыўын тәмийинлеў;

шахсты қыйнаў ҳәм басқа да аяўсыз, адамгершиликке жат ямаса ар-намысын кемситетуғын қатнас жасаў ҳәм жаза түрлерин қолланыўға байланыслы қылмыслар жүз берилиўиниң алдын алыў бойынша нәтийжели механизмлерди енгизиў, сондай-ақ, ондай қылмыслар ушын жуўапкершиликти күшейтиў;

жынаят ислерин тергеў процесине заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў, сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў уйымларының материаллық-техникалық базасын және де беккемлеў ҳәм  кадрлардың потенциалын арттырыў:

жынаятшылықтың алдын алыў системасының нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, жынаятлардың келип шығыў себеплери ҳәм шараятларын өз ўақтында анықлаў ҳәм сапластырыў, пуқаралардың ҳуқықый мәдениятын жоқарылатыў ҳәм оларда нызамға әмел етиў руўхын қәлиплестириў механизмин енгизиў.

  1. 2. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Әдиллик министрлиги ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орайлардың жынаятларды ашыў жумысын және де жетилистириў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын усынысларына келисим берилсин:

оператив-излеў жумысын әмелге асыратуғын уйымлардың хызметкерлери тәрепинен гүман етилиўши, айыпкер ямаса судланыўшыдан арза, түсиник хат ямаса көрсетпелер алыўды усы жынаят иси жүргизетуғын сорастырыўшы, тергеўши, прокурор ямаса судьяның жазба рухсатына тийкарланып ҳәм тек қорғаўшы қатнасыўында әмелге асырыў (белгиленген тәртипте қорғаўшыдан ўаз кешилген жағдайлар буған кирмейди);

жынаятқа ислеўде гүманланып атырған шахсты услап турыў мүддеттин ол ҳақыйқатта усланған ўақыттан баслап есаплаў;

шахс әмелде усланған ямаса оны жынаят үстинде услаўға байланыслы оператив  илаж әмелде жуўмақланған ямаса гүман етилиўши деп тән алынғанлығы ҳаққындағы қарар оған билдирилген ўақыттан баслап оның менен байланыслы процессуал ҳәрекетлерди өткериўден алдын оның адвокат пенен жеке ушырасыўы тәмийинлениўи шәрт екенлигин белгилеў;

айыбын мойнына алыў бойынша келисим институтын енгизиў. Онда, айырым жынаятлар категориялары бойынша шахс айыбын мойнына алыў ҳаққында шағым еткен, шын кеўилден пушайман болған, жынаяттың ашылыўына белсене жәрдем берген ҳәм келтирилген зыянды сапластырған жағдайларда сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў уйымлары менен жазба келисим дүзилиўи және оған суд тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодекси Арнаўлы бөлиминиң тийисли статьясында нәзерде тутылған ең көп жазаның ярымынан көп болмаған муғдары ямаса мүддетине шекем жаза тайынлаў;

жынаят исин судқа шекем жүргизиў басқышында гүўа ҳәм жәбирлениўши аўыр кеселлиги ямаса узақ мүддетке шекем сырт мәмлекетке шығып кетиў зәрүрлиги себепли кешлеў сораў алыў имканияты болмаған жағдайда, олардың көрсетпелерин гүманланыўшы, айыпкер, жәбирлениўши, гүўа, прокурор ямаса адвокаттың өтинишине бола суд тәрепинен тәреплердиң қатнасыўында алдыннан беккемлеп қойыў (депонирование) тәртибин енгизиў;

оғада аўыр жынаят жүз бергенде гүман етилип ямаса айыпланып атырған шахсларға байланыслы ислер бойынша, сондай-ақ, шахсты қамаққа алыў ямаса үй қамағы түриндеги абайлылық илажын қолланыў мәселеси көрип шығылып атырғанда қорғаўшының қатнасыўы шәрт екенлигин белгилеў.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Ишки ислер министрлиги, мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Әдиллик министрлиги ҳәм Инсан ҳуқықлары  бойынша миллий орай менен биргеликте еки ай мүддетте усы бәнтте нәзерде тутылған мәселелер бойынша тийисли нызам жойбарын нызамшылық басламасы ҳуқықы  шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизсин.

  1. 3. Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды, Бас прокуратурасы, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Әдиллик министрлиги ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орайдың жынаят ислерин судта көриўди буннан былай да жетилистириў бойынша төмендегилерди нәзерде тутатуғын усынысларына келисим берилсин:

егер суд тергеў ўақтында судланыўшының оған алдын айып қойылмаған жынаятқа қол урмағанлығын көрсететуғын жағдайлар анықланса, судланыўшыны жаңа айып бойынша жынайый жуўапкершиликке тартыў тийкарларын анықлаў ҳаққындағы өтинишин судқа киргизиў ҳуқықын ис бойынша барлық тәреплерге бериў;

егер суд тергеўи ўақтында жуўапкершиликке тартылмаған шахс тәрепинен жынаят жүз берилгенлигин көрсететуғын жағдайлар анықланса, бул шахсты исте айыпкер тәризинде қатнасыўға тартыў ушын тийкарларды анықлаў ҳаққындағы өтинишин судқа киргизиў ҳуқықын ис бойынша барлық тәреплеге  бериў;

шахсларға қойылған айыплаў, жынаят иси судтың қайсы инстанциясында көрилип атырғанлығына қарамастан, жарасыў институты шеңберине түсетуғын Өзбекстан Республикасы Жынаят кодекси Арнаўлы бөлиминиң статьясы ямаса бөлимине өзлестирилген жағдайларда жарасыў институтын қолланыў тәртибин енгизиў;

судланыўшының жынаят жүз берилиўине қатнасы болмағанлығы тийкары менен ақлаў ҳүкими шығарылған жағдайларда жынаятты ҳақыйқатта ислеген шахсты анықлаў ҳәм айыпкер тәризинде иске тартыў ушын жынаят исин прокурорға жибериў тәртибин орнатыў.

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Бас прокуратура, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Әдиллик министрлиги ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша миллий  орайы менен биргеликте еки ай мүддетте усы статьяда нәзерде тутылған мәселелер бойынша тийисли нызам жойбарын нызамшылық басламасы ҳуқықы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық  палатасына  киргизсин.

  1. 4. Төмендегилер қадаған етилсин:

тергеўге шекем тексериў, сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў уйымларының хызметкерлери тәрепинен шахсты нызамға қайшы келетуғын ҳәрекетлерди ислеўге баслаў ҳәм бундай ҳәрекет ақыбетинде жүз берилген жынаят ушын оны айыплаў. Онда, оператив-излеў илажлары нәтийжелери тек олардың нызам талапларына тийкарланып алынған ҳәм шахста ҳуқық  қорғаў уйымларының хызметкерлери ямаса оператив илажда қатнасқан басқа шахслардың  ҳәрекетлерине байланыслы болмаған жағдайда жынаятқа қол урыў ушын қәлиплескен қасты бар болғанда ғана суд ҳүкиминде дәлил сыпатында  тән алыныўы мүмкин;

шахсты жынаят исинде гүманланыўшы ямаса айыпкер сыпатында тартыў ушын тийкарлар бар болған жағдайларда (экспертиза ямаса тексериў өткериў талап етилетуғын жағдайлар буған кирмейди), оны гүўа ретинде сораўға тартыў, сондай-ақ, оған гүманланыўшы ямаса айыпкердиң процессуал ҳуқықлары түсиндирилиўине шекем оннан бирде-бир жазба ямаса аўызеки көрсетпелер алыў;

усланған гүманланыўшы ямаса айыпкердиң жақын туўысқанларын процесс қатнасыўшысы сыпатында тартыў ушын тийкарлар болмаған жағдайларда  оларды ҳуқық қорғаў уйымларына шақырыў ҳәм сораўға тартыў;

сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў уйымларының хызметкерлери тәрепинен мазмунлы көрип шығыў ушын судқа жиберилген жынаят иси шеңберинде судланыўшы, жәбирлениўши, гүўа, пуқаралық даўагер, пуқаралық жуўапкер ҳәм басқа да суд процесиниң қатнасыўшыларын ҳуқық қорғаў уйымларына шақырыў ямаса сораўға тартыў (олар менен байланыслы болған айрықша ис жүргизиўге ажыратылған жынаят иси ямаса судтың жазба тапсырмасы бар болған жағдайлар буған кирмейди).

Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Әдиллик министрлиги ҳәм Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орайы менен биргеликте еки ай мүддетте усы статьяда нәзерде тутылған мәселелер бойынша тийисли нызам жойбарын нызамшылық басламасы ҳуқықы шеңберинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизсин.

  1. 5. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

тергеўге шекем тексериў ямаса тергеўде усланған шахсты ҳәм еркинен айырыў орынларында жазаны өтеп атырған жынаятшыны медициналық тексериўден өткериў, сондай-ақ, ўақтынша сақлаў ҳәм тергеў қамақханаларында сақланып атырған гүманланыўшы, айыпкер ҳәм судланыўшыны гүўаландырыў олардың ямаса адвокатының өтиниш хатына тийкарланып 24 саат ишинде ўақытша сақлаў ҳәм тергеў қамақханалары ямаса жазаны өтеў мәкемелери қарамағында болмаған медицина мәкемелери хызметкерлери тәрепинен әмелге асырылыўы шәрт, онда қәрежетлер өтиниш хатын киргизиўши тәреп есабынан қапланады;

аўыр ямаса оғада аўыр жынаятларды ислегени ушын судланғанлық жағдайы тамамланбаған ямаса судланыўы алып тасланбаған шахслар жарасылғанлығы мүнәсибети менен жынайый жуўапкершиликтен азат етилмеўине байланыслы қағыйда жас өспиримлер, биринши ҳәм екинши топар майыплары, ҳаяллар, алпыс жастан асқан ерлер ҳәм абайсызлықтан жынаятқа қол урған шахсларға қолланылмайды;

жас өсипиримлер, биринши ҳәм екинши топар майыплары және пенсия жасына жеткен шахсларға үш жылдан аслам болмаған мүддетте еркинен айырыў түриндеги жаза нәзерде тутылған қасттан исленген жынаятларға байланыслы, сондай-ақ, абайсызлық ақыбетинде жүз берилип, оның ушын бес жылдан аслам болмаған мүддетке еркинен айырыў түриндеги жаза нәзерде тутылған жынаятларға байланыслы ислер бойынша қамаққа алыў тәризиндеги абайлылық илажын қолланыўға жол қойылмайды.

  1. 6. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Ишки ислер министрлиги менен биргеликте бир ай мүддетте жынаят исиниң тергеўге тийислилиги институтын және де жетилистириў бойынша нызам жойбарын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасына киргизсин.

Онда, Өзбекстан Республикасы Жынаят-процессуал кодексинде нәзерде тутылған жағдайларда жынаят иси бир сорастырыў ямаса дәслепки тергеў уйымынан  басқасына өткерилиўи тек Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры ҳәм оның орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы прокурорлары ҳәм оларға теңлестирилген прокурорлар  тәрепинен әмелге асырылыўы мүмкин екенлигин нәзерде тутсын.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң баслығы, ишки ислер министри, Миллий гвардия сәркардасы ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитети баслығының айрықша итибары жынаят ислериниң тергеўге тийисли екенлиги ҳаққындағы жынаят-процессуал нызамшылығы нормаларына сөзсиз әмел етилиўи ушын жынаят ислерин тергеў ўәкиллигине ийе болған тийисли структуралардың басшылары жеке жуўапкер  есапланатуғынына қаратылсын.

Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры жынаят ислерин тергеўге тийислигине байланыслы қағыйдаларға сөзсиз әмел етилиўин тәмийинлеў бойынша  системалы илажлар көрип барсын.

  1. 7. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте;

«Электрон жынайый-ҳуқықый статистика» бирден-бир мәлимлеме системасында жаратылған  жынаятқа байланыслы арза, хабар ҳәм басқа да мағлыўматларды электрон дизимге алыў ҳәм оларды көрип шығыў нәтийжелериниң бирден-бир электрон есабын жүргизиў имканиятын беретуғын программалық модульди барлық тергеўге шекем тексериўди әмелге асырыўшы уйымларға жалғаныўын ҳәм 2021-жыл 1-январьдан баслап толық иске түсирилиўин;

үш ай мүддетте жынаятлар ҳаққындағы арза, хабар ҳәм басқа да мағлыўматларды қабыллаў ҳәм көрип шығыў, сондай-ақ, тергеўге шекем тексериў ҳәрекетлерин өткериў тәртибин белгилейтуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары ислеп шығылыўын тәмийинлесин.

  1. 8. Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Бас прокуратурасы, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Миллий гвардия ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитети Қаржы министрлиги менен биргеликте 2021-жыл 1-июньға шекем:

сорастырыўшы ҳәм тергеўшилерди видеокамераға алыў қураллары менен тәмийинлеў;

тергеў қамақханалары ҳәм жазаны орынлаў мәкемелериниң тергеў ҳәрекетлерин  видеоконференцбайланыс режиминде өткериўде пайдаланылатуғын техникалық қураллар ҳәм үскенелер менен толық үскенелеў ҳәм олардың үзликсиз ислеўин тәмийинлеў илажларын көрсин.

  1. 9. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы ҳәм Ишки ислер министрлиги:

2021-жыл 1-январьға шекем Ташкент қалалық прокуратурасы тергеў бөлимлери ҳәм Ишки ислер бас басқармасы тергеў басқармасының жумысын халықаралық стандартлар ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесине муўапық үлги тәризде шөлкемлестирсин. Онда, оларды заманагөй криминалистика үскенелери менен тәмийинленген автотранспорт қураллары, процессуал ҳәрекетлерди аудио ҳәм видеоға түсириў системалары және стенография  жүргизиў үскенелери менен тәмийинлеўге, сондай-ақ, хызмет имаратында арнаўлы тергеў және гүманланыўшы ҳәм айыпкердиң қорғаўшы менен жеке ушырасыў ханаларының бар екенлигине айрықша итибар қаратылсын.

2021-жылдың ақырына шекем тергеў бөлимлериниң үлги жумысын шөлкемлестириўдиң нәтийжелерин инабатқа алған ҳалда усындай тәжирийбени басқа барлық сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў структураларында енгизиў бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына усыныс киргизсин.

Усы Пәрманның 8 ҳәм 9-бәнтлеринде нәзерде тутылған илажларға байланыслы қәрежетлер тийисли мәмлекетлик уйымлардың бюджеттен тысқары қаржылары ҳәм халықаралық шериклердиң жәрдеми есабынан және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғынлығы белгилеп қойылсын.

  1. 10. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы:

бир ай мүддетте Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети, Ишки ислер министрлиги ҳәм басқа да мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте тергеў тараўында тәжирийбели кадрларды таярлаўға қәнигелестирилген  жоқары билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў бойынша усынысларды ислеп шығыў;

еки ай мүддетте прокуратура уйымларының белгиленген штат бирлиги шеңберинде  Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық прокуратуралары системасында прокурор-криминалист лаўазымын енгизиў;

үш ай мүддетте Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде прокуратура уйымлары ушын ажыратылған қаржылар шеңберинде ҳәм бюджеттен тысқары қаржылары есабынан прокурор-криминалистлерди заманагөй арнаўлы үскенелер  менен тәмийинлеў илажларын көрсин.

  1. 11. Усы Пәрманда белгиленген илажлардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде бир ай мүддетте:

Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры (Йўлдошев), Мәмлекетлик қәўипсизлик  хызметиниң баслығы (Азизов), Ишки  ислер министри (Бобожонов), Миллий гвардиясының сәркардасы (Джураев) ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң баслығы (Азимов) – республика ҳәм ўәлаятлар дәрежесиндеги коллегия мәжилислерин онлайн тәризде өткерип, онда сорастырыў ҳәм дәслепки тергеў структураларының басшылары ҳәм жуўапкер хызметкерлерге суд-тергеў жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў кепилликлерин тәмиийнлеў бойынша жаңа қабыл етилген илажлардың мазмун-мәниси жеткерилиўин ҳәм әмелиятқа дурыс енгизилиўин тәмийинлесин;

Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығы (Камилов) – Жоқарғы суд Пленумының гезексиз мәжилисинде  қабыл етилген Пәрман нормалары судларда дурыс енгизилиўи, сондай-ақ, суд-тергеў исинде шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў кепилликлерин тәмийинлеў үстинен суд қадағалаўын күшейтиў мәселелерин көрип шықсын;

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги директоры (Ходжаев) Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм «Дүнья» мәлимлеме агентлиги менен биргеликте – ғалаба хабар қураллары, жергиликли ҳәм сырт ел экспертлери және пуқаралық жәмийети институтларын тартқан ҳалда усы Пәрманда белгиленген илажларды халық ҳәм экспертлер жәмийетшилиги  арасында кеңнен сәўлелендириў илажларын көрсин.

  1. 12. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте усы Пәрманда нәзерде тутылған илажлардың орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясына ҳәр шеректе мәлимлеме берип барсын.
  2. 13. Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы, Жоқарғы суд, Әдиллик министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызым ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
  3. 14. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

 

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 10-август