Швейцарияның Женева қаласында болып өтип атырған Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Инсан ҳуқықлары кеңесиниң 44-сессиясы шеңберинде 13-июль күни БМШтың Судьялар ҳәм адвокатлардың еркинлиги мәселеси бойынша арнаўлы баянатшысы Диего Гарсия-Саянның 2019-жыл 19-25-сентябрь күнлери Өзбекстанға әмелге асырған рәсмий сапарының жуўмақларына байланыслы баянаты усынылды.

БМШқа ағза мәмлекетлер делегацияларының тиккелей қатнасыўысыз өткен Инсан ҳуқықлары кеңесиниң усы сессиясының жумысында мәмлекетимиз делегациясы қурамында Өзбекстан Республикасы Жоқары Суды, Инсан ҳуқықлары бойынша миллий орай, Адвокатлар палатасы ҳәм басқа да тийисли структуралардың басшылары да видеоконференцбайланыс режиминде қатнасты.

Сессияда БМШ Арнаўлы баянатшысының мәмлекетимизге сапарының жуўмақлары бойынша берилген усыныслар тийкарында мәмлекетте әмелге асырылып атырған реформалар ҳаққында Өзбекстан делегациясының шолыўы Өзбекстан Республикасының Женева қаласындағы БМШ бөлими ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердеги турақлы ўәкили Улуғбек Лапасов тәрепинен оқып еситтирилди.

photo_2020-07-13_21-56-09.jpg

БМШтың арнаўлы баянатшысы өз баянатында Өзбекстанда соңғы жылларда суд-ҳуқық системасында ерисилген унамлы нәтийжелерди айрықша атап өтти.

Халықаралық жәмийетшиликтиң итибары, бәринен бурын, Президенттиң басшылығында Өзбекстанда мәмлекетлик институтлар ҳәм сиясатты реформалаў ҳәм модернизациялаў бойынша кең көлемли бағдарламаның ислеп шығалғанына қаратылды. Ҳәзирги дәўирде әдил судлаў системасында әмелге асырылып атырған реформа мине усы бағдарламаның структуралық бөлимлеринен бири есапланады.

Диего Гарсия-Саян Шавкат Мирзиёев өз лаўазымын орынлаўға кирискен ўақыттан баслап әмелге асырылған әҳмийетли жумыслардың қатарында, соның ишинде, суд ҳәкимияты еркинлигин беккемлеў ҳәм ҳуқықтаныўшылардың өз кәсиплик жумысын буннан былай да еркин орынлаўын тәмийинлеўге қаратылған реформалардың белгили әмелий нәтийжелерин санап өтти.

photo_2020-07-13_21-56-00.jpg

Атап айтқанда, Өзбекстанда суд ҳәкимияты ҳәм судлар хызметин сыртқы сиясий басымлардан қорғаў бағдарында кең ўәкилликлерге ийе болған конституциялық уйым сыпатында Судьялар жоқары кеңеси шөлкемлестирилген.

Ҳәкимшилиқ ислер бойынша судлардың жаңа системасы жаратылған. Әдиллик министрлиги мойнындағы судлардың жумысына байланыслы айырым ҳәкимшилик ҳәм техникалық функциялар Жоқары судтың жанында жаңадан шөлкемлестирилген Судлардың жумысын тәмийинлеў департаментиниң ықтыярына берилген.

Мәмлекетте прокурорларға болған мүнәсибетте судьялар еркинлигиниң өзине тән көрсеткиши сыпатында, жынаят ислери бойынша ақлаў ҳүкимлериниң муғдары артып бармақта. Судьялық лаўазымларына талабанларды таңлап алыў ҳәм тайынлаўдың жаңа тәртип-принциплери енгизилген. Судьялардың алмастырылмаўы кепилликлерин беккемлеў бойынша әмелий илажлар көрилген.

photo_2020-07-13_21-56-42.jpg

Судьяларды дәслепки ҳәм үзликсиз таярлаў системасын беккемлеўге қаратылған бир қатар жумыслар әмелге асырылған. Соның ишинде, Судьялар жоқары кеңеси жанында Судьялар жоқары мектеби ашылған. Судлар шығарған қарарлар Жоқары судтың веб-сайтында турақлы түрде жәрияланып барылмақта. Әдил судлаўдан пайдаланыў имканиятларын аңсатластырыў ҳәм бул бағдардағы ашық-айдынлықты арттырыўға қаратылған электрон тәртип-принциплер басқышпа-басқыш әмелиятқа енгизилмекте.

Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша сиясат тараўында бир қатар әҳмийетли реформалар әмелге асырылған. Атап айтқанда, Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққындағы нызам қабыл етилген, тийисли илажларды әмелге асырыў ушын тәсиршең механизмлер жаратылған.

БМШ Арнаўлы баянатшысының пикиринше, усы әмелий илажларды шын мәнисинде еркин ҳәм әдил судлаў системасын қурыў жолындағы дәслепки қәдемлер, деп есаплаў керек. Суд ҳәкимияты мәмлекетлик ҳәкимияттың басқа да тармақларынан ҳақыйқатында да еркин болыўына ерисиў ҳәм судьялар, прокурорлар және адвокатлар өзиниң кәсиплик жумысын ҳеш қандай тийкарсыз араласыўлар ҳәм басымларсыз  әмелге асырыўын тәмийинлеў ушын еле көп жумыслар ислеў керек болады.

photo_2020-07-13_21-56-51.jpg

Диего Гарсия-Саян баянаты жуўмағында Өзбекстанда судьялар ҳәм прокурорлардың еркинлигин буннан былай да беккемлеў ҳәм ҳуқықтаныўшылардың өз кәсиплик жумысын еркин әмелге асырыўын тәмийинлеўге қаратылған бир қатар усыныслар да берди. Атап айтқанда, баянаттан мәмлекетимиздиң суд-ҳуқық системасын жетилистириў перспективаларына тийисли суд-ҳуқық системасындағы реформаларды халықаралық стандартларға сәйкес түрде әмелге асырыўды даўам еттириў, соның ишинде, халықаралық ҳуқық нормаларының миллий ҳуқық нормаларынан үстинлигин конституциялық тийкарда беккемлеп қойыў, судлардың жумысына басқа ҳеш қандай уйымлардың араласпаўына ерисиў, яғный суд ҳәкимиятының шын мәнисиндеги еркинлигин тәмийинлеў, Судьялар жоқары кеңесиниң еркинлигин беккемлеў ҳәм ўәкилликлерин кеңейтиў, кеңести қәлиплестириў тәртибин және де оптималластырыў, судьялық лаўазымына талабанларды таңлап алыў тәртип-принциплерин жетилистириў, судьялардың ўәкиллик мүддетлерин қайта көрип шығыў,  суд системасында гендер теңликти, яғный ҳаял судьялар да тең түрде ислеўин тәмийинлеў, прокуратура уйымларының ўәкилликлерин шеклеў, адвокатлардың статусы ҳәм еркинлигин беккемлеў, әдил судлаў имканиятлары ҳәм профессионал юридикалық жәрдемнен ҳәммениң, соның ишинде, майыплардың да еркин пайдаланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў сыяқлы усыныслар орын алған.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Арнаўлы баянатшысының баянатында атап өтилген усыныслардың көпшилиги мәмлекетимиз тәрепинен өткен қысқа дәўирде орынланған. Ҳәзирги ўақытта усы усыныслардың қалған бөлеги избе-излик пенен әмелге асырылмақта.

Итибарлы тәрепи сонда, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев быйыл 30-июнь күни әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы ўазыйпаларды додалаўға бағышлап өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз суд-ҳуқық системасының гезектеги басқышы ушын белгилеп берген жаңа ўазыйпалардың мазмун-мәнисин Арнаўлы баянатшының бул бағдардағы пикирлери, улыўма етип айтқанда, БМШ Инсан ҳуқықлары кеңесиниң 44-сессиясында билдирилген усыныслар менен үнлес ҳәм үйлесикли болып есапланады.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы