Қазақстанның биринши президенти Нурсултан Назарбаевта «COVID-19» инфекциясы анықланды, деп хабар берди оның баспасөз хаткери Айдос Үкибай.

 

«Тилекке қарсы, Елбасының соңғы тапсырған тести онда коронавирус бар екенлигин көрсетти. Қәўетерлениўге орын жоқ. Нурсултан Назарбаев аралықтан жумыс алып бармақта», – деп жазды Үкибай «Twitter» тармағында.

 

Буннан алдын Қазақстан парламенти спикери Нурлан Нигматулин ҳәм Денсаўлықты сақлаў министри Елжан Биртановлардың да коронавирусқа шалынғаны ҳаққында хабар берилген еди. Буннан соң бирнеше министрлер және бас министр Асқар Мамын изоляциялық тәртипке өтиўге қарар етти.

 

Соңғы мағлыўматларға қарағанда, Қазақстанда «COVID-19» бенен наўқасланғанлар саны 15,8 мың адамнан көбейген, наўқасланғанлардан 100 адам қайтыс болған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.