Орайлық банк Басқарыўы тийкарғы ставканы жыллық 15 процент дәрежесинде өзгериссиз сақлап қалды. Бул ҳаққында Орайлық банктиң мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Бул қарар инфляциялық прогноздың турақлы төменлеў тренди қәлиплесип баратырғанлығы және экономиканың тиклениў шараятында макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм экономикалық жеделликти қоллап-қуўатлаў мақсетлери арасындағы теңсалмақлылықты сақлаў менен түсиндириледи.

 

Орайлық банк инфляциялық прогноздың төменлеўинен келип шыға отырып, кейинги жыйналысларда тийкарғы ставка дәрежесин түсириў мүмкиншилигин көрип шықпақта. Алдағы ўақытлары да Ҳүкимет пенен биргеликте 2023-жылға шекем инфляцияның 5 процентлик турақлы мақсетли көрсеткишине ерисиў ушын барлық илажлар көриледи.

 

Соның менен бирге, мәлим болыўынша, июль айының ақырларында тийкарғы ставканың түсирилиўи ушын шараят пайда болыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.