«Фахрий мураббий» орденин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Нызам Президент тәрепинен қол қойылды.
Нызам менен «Фахрий мураббий» ордени шөлкемлестирилди ҳәм орден ҳаққындағы реже тастыйықланды.
«Фахрий мураббий» ордени менен жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў, оларды жат идеялардан сақлаў, жас әўлад ўәкиллеринде белсене пуқаралық позициясы ҳәм идеялық иммунитетин, исбилерменлик, пидайылық ҳәм әдеп-икрамлылық пазыйлетлерин қәлиплестириўге үлес қосқан Өзбекстан пуқаралары сыйлықланды.
Бул орден менен сыйлықланған шахслар БЕАның 40 есеси (8 млн 920 мың сум) муғдарындағы бир мәртелик ақшалай сыйлық алады ҳәм нызам ҳүжжетлеринде белгиленген жеңилликлерден пайдаланады.
Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
ӨзА