Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Араб Әмирликлери Бас министриниң орынбасары, қорғаныў министри, Дубай Әмирлигиниң мийрасхоры Шейх Ҳамдам бин Муҳаммед Ол Мактум басшылығындағы делегация менен ушырасыўында көп тәреплемели шерикликти раўажландырыў, экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, қорғаныў тараўында әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў мәселелери көрип шығылды.

Ушырасыўда БАӘ делегациясы қурамында ҳүкимет ислери министри Муҳаммед бин Абдуллоҳ аль-Гергавий, энергетика ҳәм инфраструктура министри Сухайл бин Муҳаммед ал-Мазруий, экономика министри Абдуллоҳ бин Тук ал-Маррий, жасалма интеллект мәселелери ҳәм санлы экономика бойынша мәмлекет министри Умар бин Султан ал-Олама да қатнасты.

Сөйлесиў алдында Шейх Ҳамдам Ол Мактум мәмлекетимиз басшысына шын жүректан қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, БАӘ Президенти Шейх Муҳаммед Ол Наҳаян ҳәм мәмлекет Бас министри, Дубай Әмири Шейх Муҳаммед Ол Мактумның қызғын сәлемин жеткерди.

Ушырасыўда инвестициялар, инновациялық раўажланыў «жасыл» энергетика, инфраструктура, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, экология, санлы трансформация, туризм ҳәм басқа да әҳмийетли бағдарларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа узақ мүддетли күн тәртибин қәлиплестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Күнниң биринши ярымында өткерилген өз-ара пайдалы бирге ислесиў потенциалын жүзеге шығарыў бойынша биргеликтеги форум ҳәм еки тәреплеме ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық сөйлесиўлердиң нәтийжели жуўмақлары жоқары баҳаланды.

Стратегиялық тармақларда кең көлемли бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша «жол картасы»н қабыллаўға келисип алынды.

БАӘ Өзбекстанның Азия регионындағы тийкарғы бирге ислесиўшилеринен бири екенин атап өтиў керек.

Кейинги жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер өткен жылы декабрь айында Дубай қаласында болып өткен Глобал климат саммити шеңберинде өткерилген еди.

Товар алмасыў 2023-жылы 21 процентке өсип, 626 миллион долларды қурады. Мәмлекетимизде Әмирликлер капиталы қатнасыўында 320 дан аслам кәрхана жумыс алып бармақта. Әмелге асырылып атырған ҳәм перспективалы инвестиция жойбарлары портфели дерлик 20 миллиард долларды қурайды.

ӨзА