USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ГЕЗЕКСИЗ БЕСИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

                                

Усы жыл 8-июнь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз бесинши сессиясы болып өтти.

Сессияға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм оның орынбасарлары, сондай-ақ, министрликлер менен мәкемелер, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары  ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияның жумысын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кирис сөз бенен ашты ҳәм басқарып барды.

Ең дәслеп, депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессия мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен коронавирус пандемиясы шараятында халқымыздың денсаўлығын қорғаў және экономика тармақлары менен байланыслы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың турмысымызда тутқан орны, ислеп шығылған бағдарламалар тийкарында  елимизге коронавирус инфекциясының кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў, пандемияның тәсирин жумсартыў, экономика тармақларының жумысларын тиклеў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бағдарында алып барылып атырған жумыслардың барысына  кең түрде тоқтап өтилди.

Сессия мәжилисинде «Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры туўралы» мәселе көрип шығылды.

Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры лаўазымында ислеп келген Х.Каримов басқа жумысқа өтиўине байланыслы оны ийелеп турған лаўазымынан босатыў мәселеси бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 70-статьясы, 10-бәнтине муўапық Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының келисими менен Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры лаўазымына усы күнге шекем Тақыятас районының ҳәкими лаўазымында ислеп келген Фархат  Алламбергеновтың кандидатурасы усыныс етилди ҳәм оның өмирбаяны менен таныстырылды.

Бул мәселе бойынша Өзбекстан Республикасының Бас прокуроры Н.Йўлдошев шығып сөйледи.

Усынылып отырған талабанды қоллап-қуўатлап «Келтеминар» сайлаў округинен депутат О.Аллабергенова, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Ахмедова, Кегейли районы ҳәкими М.Абдиров, «Кетенлер» сайлаў округинен депутат Ш.Уснатдиновлар шығып сөйледи.

Сессияда Ф.Алламбергенов Қарақалпақстан Республикасы Прокуроры лаўазымына тастыйықланды. Ол өз сөзинде билим ҳәм тәжирийбесин, күш-жигерин нызамшылықты беккемлеў, халқымыздың нызамлы ҳуқық ҳәм мәплерин тәмийинлеў, елимиздиң социаллық-экономикалық раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўға жумсайтуғынлығын атап өтти.

Бул мәселе бойынша депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда «Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёев тәрепинен коронавирус пандемиясына байланыслы қабыл етилген пәрман ҳәм қарарларда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳаққында аймақларды комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша сектор  ҳәм тараў басшыларының есабатлары туўралы» мәселе көрип шығылды.

Бул мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Ишки ислер министри А.Темирханов, Салық басқармасының баслығы Х.Бекчанов, Миллий гвардияның аймақлық басқармасы баслығы М.Юсупов, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары-Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министри А.Тажетдинов, Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы бас басқармасының баслығы Б.Алланиязовтың есабатлары тыңланды.

Бул мәселе бойынша да депутатлар тийисли қарар қабыл етти.

Сессияда «Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери комитети қурамына өзгерис киргизиў туўралы» мәселе көрип шығылып, тийисли қарар қабыл етилди.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз бесинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги