USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

БАЛА ҲУҚЫҚЛАРЫН ҚОРҒАЎ СИСТЕМАСЫН ЖЕТИЛИСТИРИЎ БОЙЫНША ҚОСЫМША ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Бала ҳуқықларын, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў системасын буннан былай да жетилистириў, бала ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеў ҳәм усы тараўдағы халықаралық миннетлемелерди орынлаўдың тәсиршең системасын жаратыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 22-апрельдеги «Бала ҳуқықлары кепилликлерин буннан былай да күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4296-санлы қарары менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) орынбасары – Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилликли лаўазым енгизилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
  2. Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилдиң тийкарғы ўазыйпалары ҳәм жумыс бағдарлары етип төмендегилер белгиленсин:

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бала ҳуқықлары ҳаққындағы конвенциясын орынлаў стратегиясын ҳәм бала ҳуқықлары мәселелери бойынша басқа ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўда қатнасыў;

балалар ҳәм олардың нызамлы ўәкиллери арасында бала ҳуқықларын, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин түсиндириў, бала ҳуқықлары ҳәм Бала ҳуқықлары бойынша ўәкилликли жумыс ҳаққындағы халықаралық ҳәм миллий нормалардың қағыйдаларын үгит-нәсиятлаў;

халық арасында бала ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери мәселелери бойынша ҳуқықый сана ҳәм ҳуқықый мәдениятты арттырыўға жәрдемлесиў;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплер, соның ишинде, балалар және олардың нызамлы ўәкиллериниң бала ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплериниң бузылыўы ҳаққындағы мүрәжатларын көрип шығыў арқалы баланың ҳуқықларын, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў кепилликлерин тәмийинлеў;

бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери нормалары ҳәм талапларының орынланыўын үйрениў;

өз ўәкиллиги шеңберинде бала ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң халықаралық стандартларын нызам ҳүжжетлерине енгизиўди ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлердиң жумысында бала ҳуқықларына әмел етилиўин мониторинг етиў;

баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине әмел етиў және оларды қорғаў жағдайынан жәмийетшиликти хабардар етиў;

имканияты шекленген балалар, сондай-ақ, жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балалар тәрбия мәкемелерин тамамлағаннан кейин олардың социаллық бейимлесиўине жәрдемлесиў;

тәрбия мәкемелерин тамамлаған турақ жайға мүтәж жетим балалар ҳәм ата-ана карамағынан айырылған балалардың мақсетли коммуналлық турақ жай фондындағы белгиленген санитариялық ҳәм техникалық нормаларға ҳәм нызам ҳүжжетлериниң басқа да талапларына жуўап беретуғын турақ жай менен тәмийинлениўине жәрдемлесиў;

баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплери ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин жетилистириўге жәрдемлесиў, онда баланың ең тийкарғы мәплерин тәмийинлеўге қаратылған нормаларды қабыл етиў, соның ишинде, бала ҳуқықлары ҳәм еркинликлери мәселелери бойынша халықаралық ҳүжжетлерди ратификациялаў ҳаққында усыныслар киргизиў;

мәсләҳәт, усыныс ҳәм шешимлер бериў арқалы мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын бала ҳуқықларын, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў ҳәм қорғаў тараўындағы жумысын жетилистириўге жәрдемлесиў;

бала ҳуқықларын, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў.

  1. Бала ҳуқықлары бойынша ўәкил (кейинги орынларда – Ўәкил) өз ўәкилликлерин бийғәрез ҳәм мәмлекетлик уйымлар және олардың лаўазымлы шахсларына бағынышлы болмаған тәризде орынлайтуғыны;

Ўәкил қол қатылмаслық ҳуқықынан пайдаланатуғыны ҳәм ол Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының келисимисиз жынайый жуўапкершиликке тартылыўы, услап турылыўы, қамаққа алыныўы ямаса суд тәртибинде берилетуғын ҳәкимшилик жазаға тартылыўы мүмкин емес екенлиги;

Ўәкилге жынаят иси тек ғана Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры тәрепинен қозғалыўы мүмкин екенлиги;

Ўәкилди мәжбүрий келтириўге, услап турыўға, сондай-ақ, оның жеке буйымлары, жүк, автотранспорт, турақ жай ҳәм хызмет ханасын көзден өткериўге жол қойылмайтуғыны;

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) Ўәкилдиң жумысын муўапықластырып баратуғыны;

Ўәкил ҳәр жылы, есап бериў жылынан кейинги жылдың 15-февралынан кешиктирмей, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына баланың ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен әмел етиў жағдайы ҳаққында баянат усынатуғыны;

бала ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаўдың айырым тәреплерине итибарды күшейтиў зәрүр болғанда Ўәкил Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары ҳәм Министрлер Кабинетине ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик, социаллық-экономикалық ҳәм басқа да илажлар көриўге қаратылған арнаўлы баянатлар усыныўы мүмкин екенлиги;

Ўәкил Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында өзиниң жәмийетлик тийкарда жумыс алып баратуғын регионаллық ўәкиллерине ийе болатуғыны;

бала ҳуқықларын, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў мәселелери бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарлары мәжбүрий тәртипте Ўәкил менен келисилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Ўәкилге өзине жүкленген ўазыйпалар ҳәм функцияларды әмелге асырыў ушын төмендеги ҳуқықлар берилсин:

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден өз ўәкиллигине киретуғын мәселелер бойынша статистикалық, аналитикалық ҳәм басқа мәлимлеме ҳәм материаллар сорап алыў;

мәмлекетлик уйымлардың мағлыўматлар базаларынан белгиленген тәртипте пайдаланыў;

бала ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм мәплери бузылған жағдайлар ҳаққындағы хабарларды ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар, лаўазымлы шахслар ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң ўәкиллери менен биргеликте тексериў;

Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды көрип шығыўы ушын нызамға муўапық мәселелер киргизиў;

Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының мәжилислеринде қатнасыў ҳәм суд тәрепинен көрип шығылып атырған барлық мәселелер бойынша өз көзқарасын билдириў;

бала ҳуқықлары тараўындағы жағдайды мониторинг етиў ҳәм мүрәжатларды көрип шығыў шеңберинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң басшыларына бала ҳуқықлары тараўындағы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўы, оларды келтирип шығарыўшы себеп ҳәм шараятларды сапластырыў бойынша көрип шығыў мәжбүрий болған усыныс хатлар киргизиў;

ҳәрекетлеринде бала ҳуқықлары ҳәм еркинликлериниң бузылғаны анықланған шахсларды жуўапкершиликке тартыў ҳаққында өтиниш уйымларға илтимас хаты менен кириў;

нызамда нәзерде тутылған жағдайларда баланың бузылған ҳуқықларын, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ҳаққындағы арзалар ҳәм шағымлар менен судларға мүрәжат етиў;

баланың бузылған ҳуқықларын, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм тиклеў мақсетинде суд процесслеринде нызамда белгиленген жағдайлар ҳәм түрлерде өзи ямаса өз ўәкили арқалы қатнасыў;

халық арасында бала ҳуқықларына байланыслы мәселелер бойынша сораўнамалар өткериў, сондай-ақ, бала ҳуқықларының әмелге асырылыўы ҳаққында статистикалық мағлыўматлар жыйнаў ҳәм мағлыўматлар базасын қәлиплестириў;

бала ҳуқықлары мәселелери бойынша оқыў бағдарламаларын таярлаўда қатнасыў, оның ҳуқықлары ҳәм мәплерин қорғаўдың әҳмийетли тәреплери бойынша оқыў-семинарлар ҳәм тренинглер шөлкемлестириў;

бала ҳуқықларын қорғаўға байланыслы эксперт ҳәм илимий-аналитикалық жумысларды әмелге асырыў ушын илимий ҳәм басқа да шөлкемлерди, сондай-ақ, илимпазлар ҳәм қәнигелерди белгиленген тәртипте, соның ишинде, шәртнама тийкарында тартыў;

балаларға ғамхорлық етиў ҳәм оларды қорғаў ушын жуўапкер болған мәкемелер, хызметлер, уйымларға, соның ишинде, билимлендириў, медицина мәкемелери, қамақта сақлаў орынлары ҳәм жазаны орынлаў мәкемелерине турақлы түрде ҳәм қарама-қарсылықларсыз кириў;

Өзбекстан пуқарасы есапланған ҳәм сырт мәмлекет аймағында болған  баланың ҳуқықларын қорғаў ушын өз-ара ҳуқықый жәрдем ҳаққындағы келисимлерге ҳәм басқа да шртнамаларға муўапық басқа мәмлекетлердиң ҳуқық-қорғаў, суд уйымларына ҳәм омбудсманларына сораўнамалар жибериў;

өз ўакилликлери шеңберинде халықаралық шөлкемлер менен бирге байланыслар орнатыў, олардың ағзалығына кириў, сондай-ақ, басқа мәмлекетлердиң омбудсманлары менен бирге ислесиў;

инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен өз-ара түсинисиў ҳәм бирге ислесиў ҳаққында меморандум, келисимлер дүзиў, қоспа бағдарламалар ҳәм жойбарларды әмелге асырыў, сондай-ақ, бала ҳуқықлары мәселелери бойынша халықаралық форумларда турақлы түрде қатнасыў.

  1. Бала ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерине әмел етилиўин мониторинг етиў мақсетинде Ўәкил жанында Бала ҳуқықларын қорғаў бойынша жәмийетлик кеңес (кейинги орынларда – Қеңес) шөлкемлестирилсин.

Төмендегилер Кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

бала ҳуқықларын, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларын әмелге асырыў бойынша нәтийжели механизмлерди ислеп шығыў ҳәм енгизиўге жәрдемлесиў;

бала ҳуқықларын, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў ҳәм қорғаў тараўында мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары менен өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў;

бала ҳуқықларын, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў системасындағы мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм мониторингин алып барыў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

бала ҳуқықларын, еркинликлерин ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў тараўындағы нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығыў;

бала ҳуқықларын, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмиийнлеў жағдайы ҳәм Ўәкилдиң жумысы бойынша жәмийетшиликти хабардар етиў.

Кеңестиң қурамына абырайлы пуқаралар, илимпазлар, экспертлер, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары ўәкиллериниң киргизилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети менен биргеликте үш ай мүддетте бала ҳуқықларын, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўды буннан былай да күшейтиў бойынша комплексли илажлар бағдарламасын ислеп шығыў усыныс етилсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкилине (омбудсманға) мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте үш ай муддетте:

халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) ҳаққында»ғы Нызамға усы қарардан келип шығатуғын өзгерислерди киргизиўди нәзерде тутатуғын  нызам жойбарын ислеп шығыў ҳәм белгиленген тәртипте киргизилиўин тәмийинлеў;

«Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) ҳәм Ўәкилди мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилетуғын физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қатаң дизимине қосыў бойынша өзгерислер киргизиўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын белгиленген тәртипте киргизиў усыныс етилсин.

  1. Ўәкил 2020-жыл 1-ноябрьге шекем бала ҳуқықларын, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў тараўындағы жағдайды сын көзқарастан үйрениў тийкарында бар машқалаларды шешиў ҳәм тараўды жетилистириў бойынша усынысларды киргизсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) Секретариатын зәрүр шараятларына ийе болған өз алдына имарат (ханалар) пенен тәмийинлеў илажларын көрсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман) Секретариаты Өзбекстан Республикасы нызамлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қарарлары, Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарарлары ҳәм бийликлери, министрликлер ҳәм уйымлардың нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлери ҳәм статистикалық топламлары, соның ишинде, олардың электрон түрлери мәжбүрий түрде жиберилетуғын шөлкемлердиң дизимине киргизилсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 29-май