ОНЛАЙН ӘНЖУМАН
Усы жыл 26-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Глобалласыў процесинде ғалаба хабар қуралларының роли» атамасында онлайн формата халықаралық илимий-әмелий онлайн конференция болып өтти.
Әнжуманды университет ректоры, профессор А.Реймов кирис сөз бенен ашты.
Онлайн форматта шөлкемлестирилген конференцияда Қазан федераль университети, Киев мәмлекетлик университети, Беларусь мәмлекетлик университети, Ал-Фарабий атындағы Қазақстан миллий университети, Ж.Баласағын атындағы Қырғызстан миллий университети, Ош мәмлекетлик университети, елимиздиң барлық аймақларынан тараў қәнигелери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, жас изертлеўшилер қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы, «Қарақалпақ әдебияты» газетасының Бас редакторы Г.Аннақиличева ҳәм басқа да баянатшылардың атап өткениндей, бүгин елимиздиң халықаралық майдандағы абырайын арттырыў, биринши гезекте, ғалаба хабар қуралларында көринеди. Сонлықтан да журналистлердиң артқаратуғын ўазыйпалары жүдә кең ҳәм жуўапкерли болып табылады. Ең дәслеп, олар ҳәмийше турмыслық ҳақыйқатлықты сәўлелендириўи лазымлығын ҳеш қашан умытпаслығы керек. Бул журналистиканың өзгермейтуғын шәртлеринен бири.
Бүгин жәҳән мәлимлеме майданы күн сайын кеңейип, глобалласыў дәўиринде журналистиканың алдына үлкен жуўапкерли ўазыйпалар қойылмақта. Дүнья жүзи көлеминдеги глобал машқалалардың дурыс шешимин табыўда журналистлерден айрықша белсендилик талап етиледи. Соның ушын да, миллий журналистиканың халықаралық медиа майданында өзиниң мүнәсип орнын ийелеўи бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып қалмақта.
Өткен жыллар даўамында елимизде журналистиканың еркинлигин тәмийинлейтуғын, демократиялық талап ҳәм стандартларға толық жуўап беретуғын беккем нызамшылық базасы жаратылды. Ғалаба хабар қуралларының саны барған сайын көбейип, олардың имканиятлары кеңеймекте. Бул процесс әлбетте, елимиз медиа базарының жедел раўажланып баратырғанлығынан дәрек береди. Сол себепли, бүгинги күни журналист қәнигелердиң жаңа әўладын, өз кәсибиниң жетик кадрларын таярлаў мәселеси айрықша әҳмийетке ийе.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы