Теннисчиларга ёрдам пули берилади

Профессионал теннисшилер ассоциациясы (ATP), Ҳаял-қызлар теннис ассоциациясы (WTA) ҳәм Халықаралық теннис федерациясы (ITF) пандемия себепли рейтинги төмен теннисшилерге финанслық жәрдем көрсетиў бойынша қарар қабыл етилди.

ATP  ҳәм WTA жеккеликлер арасында рейтинг 101-500, жуплықта болса 51-175-орынларды ийелеп турған теннисшилерге финанслық жәрдем береди. Оған муўапық, жекеликтеги еркек теннисшилерге 8650 АҚШ доллары, жуплықтағы ракетка усталарына 4330 АҚШ долларын ажыратады. Бирақ өткен жылы жәми  250 мың АҚШ долларынан көп ямаса соңғы төрт жыл ишинде  1 миллион АҚШ долларынан көп сыйлықлаў ақшаларын қолға киргизген ҳәм дисквалификацияланған теннисшилерге ақша берилмейди.

Ҳаял-қызлар арасында жеккеликтеги ракетка усталарына 10 мың 400 АҚШ долларынан ақша берилетуғын болды. Өткен жылы 350 мың АҚШ доллары, соңғы төрт жылда  1,4 миллион ҳәм пүткил ҳәрекети даўамында  3,5 миллионнан аслам ақша тапқан теннис маликаларына финанслық жәрдем берилмеўи атап өтилди. Жуплық бағдарындағы спортшыларға қанша ақша берилетуғыны жәрияланбады.

ITF болса рейтингниң 501-700-орнында турған теннисшилерге жәрдем көрсетеди. Оларға қаншадан ақша берилиўи 2 –июнь күни анықланады.

Бул қарарға муўапық, Денис Истомин, Хумоюн Султанов, Санжар Файзиев, Сабина Шарипова ҳәм Ақгүл Аманмурадова жәрдем пулын алыўы күтилмекте.

 

Жавоҳир ТОШХЎЖАЕВ,

ӨзА