Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы
Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў дәўиринде халықты социаллық қорғаўды күшейтиў ҳәм экономика тармақларының жумыс ислеў турақлылығын тәмийинлеў, сондай-ақ, айырым хожалық жүргизиўши субъектлерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде:
- 2020-жыл 31-декабрьге шекем 1-қосымшаға муўапық товарларды алып кириўде бажыхана бажысы ҳәм акциз салығының нольлик ставкалары белгиленсин.
Тариф ҳәм тарифсиз тәртипке салыў кеңеси Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте еки ҳәпте мүддетте киши исбилерменлик субъектлери тәрепинен өним ислеп шығарыўда пайдаланыў ушын алып кирилетуғын шийки зат, материаллар, аксессуарлар ҳәм комплектлеўши бөлеклердиң баҳасын төменлетиўге айрықша итибар қаратқан ҳалда, сыртқы экономикалық жумысты буннан былай да жетилистириў бойынша усыныслар киргизсин.
- Быйылғы жылдын март-июнь айларында төлеў мүддети тамамланатуғын балалары болған шаңарақларға напақа, бала тәрбиясы бойынша напақа ҳәм материаллық жәрдемлер төлеў оларды төлеўди жаңа мүддетте даўам еттириў ҳаққындағы арза ҳәм басқа да ҳүжжетлерди талап етпеген ҳалда 6 ай мүддетке (бирақ бала тийислисинше 2 жасқа ҳәм 14 жасқа толғанынан көп болмаған мүддетте) тәнеписсиз даўам еттирилсин.
Социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдем төлеўди созыўға байланыслы қәрежетлер Кризиске қарсы гүресиў қоры есабынан қапланатуғыны белгиленсин.
- Басқалардың күтимине мүтәж болған жалғыз кекселер ҳәм майыпларды бийпул тәмийинлеў ушын тийкарғы азық-аўқат өнимлери ҳәм гигиена товарларының дизими карантин илажлары әмел етиўи дәўиринде бир мәртелик нықаплар, антисептикалық қураллар ҳәм бактерияға қарсы сабынлар топламы менен толықтырылсын.
- 2020-жыл 1-апрельден 31-декабрьге шекем төмендегилер:
а) туроператорлар, турагентлер ҳәм туризм тараўында мийманхана хызметлерин (жайластырыў хызметлери) көрсетиўши субъектлер, «Uzbekistan Airways», «Uzbekistan Airports», «Ўзаэронавигация маркази» МУК:
юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығын ҳәм юридикалық тәреплердиң мүлкине салынатуғын салықты төлеўден азат етилетуғыны;
социаллық салықты азайтылған ставкада 1 процент муғдарында төлейтуғыны;
б) товарларды (хызметлерди) реализациялаў айланысы айына 1 миллиард сумнан аспайтуғын ҳәм электрон есап-фактураларды қолланатуғын қосымша қун салығын төлеўшилер усы салықты ҳәр шереклик тийкарда есаплаў ҳәм төлеў ҳуқықына ийе екенлиги;
в) пайдаланылмай атырған өндирис орынлары, жасаў ушын мөлшерленбеген объектлерге, соның ишинде, 2020-жыл 1-апрельге шекем анықланғанларға байланыслы мүлк салығы ҳәм жер салығының арттырылған ставкаларын қолланыў, сондай-ақ, көрсетилген салықлар бойынша арттырылған ставкаларды қолланыў нәтийжесинде жүзеге келген қарыздарлыққа байланыслы пеня есаплаў ҳәм мәжбүрий өндириў илажларын көриў тәртиби тоқтатылатуғыны белгиленсин.
- Карантин илажлары дәўиринде өз жумысын тоқтатыўға мәжбүр болған жеке тәртиптеги исбилерменлер ушын физикалық тәреплерден алынатуғын дәрамат салығының қатаң белгиленген суммасын ҳәм социаллық салықты есаплаў тоқтатылсын, онда жумысты тоқтатқанлық ҳаққында салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы мәмлекетлик салық хызмети уйымлары хабардар етиледи ҳәм мәмлекетлик дизимнен өткергенлик ҳаққында гүўалықты тапсырыў талап етилмейди.
- Өзиниң жумысын тоқтатқан ҳәм (ямаса) товарлар (хызметлер) реализациясынан түсими быйылғы жылдың биринши шерегиндеги орташа айлық муғдарына салыстырғанда 50 проценттен көбирекке азайған микрофирма, киши кәрхана ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлерге салық уйымларын хабардар еткен ҳалда 2020-жыл 1-октябрьге шекем төмендеги салықларды процентсиз кешиктириў (бөлип-бөлип төлеў) ҳуқықы берилсин:
жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына арза берместен турып айланыстан алынатуғын салық, мүлк салығы, суў ресурсларынан пайдаланғанлық ушын салық бойынша-оларды кейин ала 12 ай даўамында теңдей үлеслерде төлеў шәрти менен;
социаллық салық бойынша-оны кейин ала 6 ай даўамында теңдей үлеслерде төлеў шәрти менен.
- Быйылғы жылдың ақырына шекем спирт, алкоголь өнимлери, соның ишинде, вино ҳәм пиво ушын акциз салығы, сондай-ақ, бензин, дизель жанар майы ҳәм газди жуўмақлаўшы тутыныўшыларға реализациялаўдағы акциз салығының әмелдеги ставкалары сақланып қалынсын.
- 2020-жыл 1-апрельден баслап юридикалық тәреплер тәрепинен газ ҳәм электр энергиясы бойынша алдын ала ҳақы төлеў ҳаққындағы мәжбүрий талап 30 процентке шекем төменлетилсин.
- Өзбекстан Республикасы Орайлық банки тәрепинен:
мәжбүрий резервлер бойынша талапларды жеңиллестириў есабынан коммерциялық банклерди 2,6 триллион сум көлемдеги қосымша ликвидлик ресурслары менен тәмийинлеў;
коммерциялық банклерге 3 жыл мүддетке шекем 2 триллион сумға шекемги муғдарда ликвидлик бериўдиң арнаўлы механизмин енгизиў бойынша көрилип атырған илажлар мақуллансын.
- Орайлық банктиң төмендегилер ҳаққындағы мәлимлемеси мағлыўмат ушын қабыл етилсин:
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 19-марттағы ПП- 5969-санлы Пәрманының орынланыўы шеңберинде юридикалық тәреплердиң кредитлери бойынша 7,9 триллион сум көлемдеги қарыздарлығы кешиктирилген;
Өзбекстанда ҳәм басқа мәмлекетлерде коронавирусқа қарсы гүресиў бойынша көрилип атырған илажлар ҳәм экономикалық белсендиликтиң кескин төменлеўи себепли финанслық қыйыншылықларға дус келген шөлкемлердиң кредитлери бойынша қосымша реструктуризацияланатуғын төлемлер көлеми қосымша түрде 7 триллион сумды қурамақта;
физикалық тәреплер ҳәм жеке тәртиптеги исбилерменлер тәрепинен 2020-жылдың гезектеги 6 айы даўамында сөндирилиўи зәрүр болған кредитлер бойынша мүддети созылатуғын төлемлер көлеми 4,7 триллион сумды қурамақта.
- Орайлық банк төмендегилер ушын шараятлар жаратыў ҳәм тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў илажларын көрсин:
коммерциялық банклер тәрепинен финанслық қыйыншылықларға дус келген юридикалық ҳәм физикалық тәреплер, жеке тәртиптеги исбилерменлердиң кредитлери бойынша төлемлерге 2020-жыл 1-октябрьге шекем кешиктириў усыныс етиў;
әмелге киргизилген карантин режими ҳәрекетине унамсыз тәсир көрсеткен қарыздарлардың мүддети өтип кеткен кредитлерине гиреў тәмийнаты бойынша жәрийма санкциялары ҳәм өндириў илажларын қолланбаў.
Коммерциялық банклер тәрепинен кредитлер бойынша есапланған ҳәм кешиктирилген процентлер суммасы кешиктириў усыныс етилген дәўирде пайда салығын есаплаўда жәми дәрамат қурамына киргизилмейтуғыны белгилеп қойылсын.
- 2020-жыл 1-октябрьге шекем Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры тәрепинен:
жойбарлар санына қарамастан, унамлы кредит тарийхына ийе болған исбилерменлик субъектлерине айланыс қаржыларын толықтырыў ушын берилетуғын кредитлер бойынша кредит суммасының 75 процентинен аспаған, бирақ 10 миллиард сумнан артық болмаған көлемде кепиллик;
исбилерменлик субъектлерине айланыс қаржыларын толықтырыў ушын Орайлық банктиң тийкарғы ставкасының 1,75 есесинен артпаған муғдардағы процент ставкасы менен миллий валютада берилген кредитлер бойынша процент қәрежетлерин қаплаў ушын компенсация, оның белгиленген муғдарларын сақлап қалған ҳалда, берилетуғыны белгиленсин.
Бир қарыз алыўшыға мәмлекетлик қор тәрепинен бир ўақытта ҳәм кепиллик, ҳәм компенсация бериўге қойылған шеклеў бийкар етилсин.
- Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры усы Пәрман шеңберинде төлем мүддети кешиктирилген кредитлерди қайта қаржыландырыў ушын коммерциялық банклерге ажыратылған ресурсларды сөндириў мүддетлерин созсын.
- Қаржы министрлиги мәпдар коммерциялық банклер менен биргеликте усы Пәрман шеңберинде мүддети созылған кредитлер бойынша берилген мәмлекет кепилликлерин қайта рәсмийлестирсин.
- Коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў ушын киргизилген шеклеў илажлары себепли финанслық қыйыншылықларға ушыраған кәрханаларға банкротлық тәртибин қолланыў ҳәм оларды банкрот деп жәриялаўға 2020-жыл 1-октябрьге шекемги мүддетте мораторий енгизилетуғыны;
мәжбүрий аудиторлық тексериўинен өткерилиўи керек болған хожалық жүргизиўши субъектлерди 2019-жылдың жуўмақлары бойынша аудиторлық тексериўден өткериў мүддети 2020-жыл 1-октябрьге шекем созылатуғынлығы;
акционерлердиң 2019-жылдың жуўмақлары бойынша жыллық улыўма мәжилислерин 2020-жыл 1-октябрьге шекемги мүддетте, сондай-ақ, видеоконференцбайланыс режиминде өткериўге руқсат берилетуғыны;
активлериниң баланс қуны базалық есаплаў муғдарының жүз мың есесинен аслам болған жуўапкершилиги шекленген ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийетлерди ҳәр жылы мәжбүрий аудиторлық тексериўден өткериў бойынша талап 2020-жылдың жуўмақлары бойынша киргизилетуғыны;
карантинге алынған шахсларға қолланылған ҳәкимшилик жәриймаларды (карантин қағыйдаларын бузғаны ушын жуўапкершилик буған кирмейди) төлеў мүддетлери карантин мүддети тамамланғанға шекем созылатуғынлығы;
2020-жыл 1-октябрьге шекем дәриханаларда таярланатуғын дәрилер, медициналық буйымлар ҳәм басқа да өнимлерди усақлап сатыўға руқсат берилетуғыны;
жыл ақырына шекем қарыз бериўшиге процент көринисинде дәрамат төлеў миннетлемесисиз қарыз (қайтып берилетуғын қаржылай жәрдем) берилгенде салық салыў мақсетинде қайта қаржыландырыў ставкасы (тийкарғы ставка) тийкарында анықланатуғын дәрамат айланыстан алынатуғын салық ҳәм пайда салығын есаплаўда жәми дәрамат қурамына киргизилмейтуғыны ҳәм өз гезегинде салыққа тартылмайтуғыны;
карантин илажлары ўақтында өз жумысын тоқтатыўға мәжбүр болған исбилерменлик субъектлери тәрепинен мәмлекетлик мүлктен пайдаланғаны ушын аренда төлемлерин есаплаў ҳәм өндириў тоқтатылатуғыны;
пайда салығын алдыңғы шерек жуўмақлары бойынша орнатылған талапларды бийкар еткен ҳалда, бул салықты төлеўшилер 2020-жылдың екинши шерегинен баслап, күтилип атырған көлемлерден келип шығып пайда салығы бойынша аванс төлемлер суммасы ҳаққында мағлыўматнаманы усыныў ҳуқықына ийе екенлиги. Салық төлеўшилер тәрепинен бул ҳуқықты өз пайдасы ушын пайдаланыў жағдайлары анықланғанда мәмлекетлик салық хызмети уйымларына пайда салығы бойынша аванс төлеўшилер ҳаққында усынылып атырған мағлыўматнамаларға өзгерислер киргизиў ўәкиллиги берилетуғыны;
2020-жыл 1-апрельден баслап салық төлеўшилер Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Министрлер Кабинетиниң қарарларында нәзерде тутылған қосымша қун салығы бойынша жеңилликлерди салық салыўдан босаған қаржыларды анық мақсетлерге қаратыў шәртлерисиз қолланатуғыны белгиленсин.
Кризиске қарсы гүресиў бойынша республикалық комиссия (А.Н.Арипов) өндирис жумысын даўам етттирип атырған шахслар өз жумысшыларына шараятлар жаратыў үстинен турақлы мониторинг алып барыў ушын оларға санитариялық-эпидемиология хызметлери ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң бириктирилиўин тәмийинлеген ҳалда, бул шахслардың жумыс ислеўи ушын зәрүрли шараятлар жаратыў, сондай-ақ, коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў ушын киргизилген шеклеў илажлары себепли орынланбаған инвестициялық миннетлемелериниң мүддетлерин созыў илажларын көрсин.
- Коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў бойынша медицина ҳәм карантин мәкемелериниң қурылысы ушын зәрүр болған қурылыс материаллары, сондай-ақ, олар жумыс ислеўи ушын керекли товарлар 2020-жыл 31-декабрьге шекемги мүддетке бажыхана төлемлеринен, соның ишинде, қосымша қун салығынан азат етилетуғыны;
коронавирус инфекциясын анықлаў бойынша экспресс-тестлерди алып кириўде олар ушын бажыхана рәсмийлестириўи төлеми өндирилмейтуғыны белгилеп қойылсын.
- Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 18-февральдағы «Жәмийетте социаллық-мәнаўий орталықты саламатландырыў, мәҳәлле институтын және де қоллап-қуўатлаў және шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар менен ислеў системасын жаңа дәрежеге алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5938-санлы Пәрманына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
- Хожалық жүргизиўши субъектлерге мүлк салығы, жер салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық төлеўди кешиктириў (бөлип-бөлип төлеў) имканиятын бериў жумыслары керекли дәрежеде шөлкемлестирилмегенлиги жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына көрсетип өтилсин.
Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги мүлк салығы, жер салығы ҳәм суў ресурсларынан пайдаланғаны ушын салық төлеўди кешиктириў (бөлип-бөлип төлеў) имканияты берилиўи мүнәсибети менен жергиликли бюджетлердиң алынбай қалынатуғын дәраматларының орны Кризиске қарсы гүресиў қорынан ҳәр айда қапланыўын тәмийинлесин.
- Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте социаллық напақаларды тайынлаў ҳәм төлеўдиң әмелдеги тәртибине шаңарақлардың социаллық напақа алыўға мүтәжлигин баҳалаў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыўға, сондай-ақ, төмендегилерге қаратылған өзгерислерди киргизсин:
социаллық напақа алыў ушын арза менен бирге усынылатуғын ҳүжжетлерди азайтыў;
мәмлекеттиң социаллық жәрдем илажлары есапланатуғын айрықша трансфертлерди шаңарақтың жәми дәраматларынан шығарып таслаў ҳәм басқалар.
Өзбекстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги және оның аймақлық бөлимлери социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдемлердиң мәнзилли болыўын тәмийинлеў мақсетинде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары менен жақыннан бирге ислессин, сондай-ақ, социаллық жәрдемге оғада мүтәж болған шаңарақларға жәрдем көрсетиў ушын тийисли жәрдемлерди тартыў бойынша жедел түрде илажларды әмелге асырсын.
- Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги еки ҳәпте мүддетте «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамы ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша усынысларды киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Орайлық банки баслығы М.Б.Нурмуратовларға жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 3-апрель.