Өзбекстан Республикасы Президентиниң
пәрманы
Мәмлекетимизде 9-май улыўма халықлық байрамы – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни өткерилиўи, сондай-ақ, Екинши жер жүзилик урыста қайтыс болғанлардың естелигин мәңгилестириў, бүгин де қатарымызда турып, Ўатанның абырай-мәртебесин арттырыўға, жасларды руўхый-әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаўға үлес қосып атырған ветеранларды ҳүрметлеў ҳәм фашизм үстинен ерисилген жеңистиң 75 жыллығының белгилениўи мүнәсибети менен урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларын материаллық хошаметлеў мақсетинде:
- Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына 10000 000 (он миллион) сум муғдарында бир мәртелик ақшалай сыйлығы белгиленсин.
- Усы Пәрманды орынлаўға байланыслы болған қәрежетлер Өзбекстан Республикасы республикалық бюджети қаржылары есабынан әмелге асырылсын.
- Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, Ишки ислер министрлиги, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Қаржы министрлиги, Орайлық банк, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм майыпларына усы ақшалай сыйлықтың салтанатлы тапсырылыўын тәмийинлесин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.В.Махмудовқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 30-март